Өзбекистан Республикасы Президентиниң

қарары

Республикамыздың жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесслерин жетилистириў, жасларға заманагөй талаплар тийкарында билим бериў бүгинги күнниң тийкарғы мәселелеринен бири есапланады. Бул бағдарда жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларын әдалатлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өткериў арқалы тыянақлы билимли жаслардың оқыўға қабыл етилиўин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Лекин бүгинги күнде тест сынақлары арқалы жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатына студентлерди қабыл етиўде бир қатар кемшиликлер бар. Соның ишинде, кейинги жылларда тест сынақларын өткериўдиң тәртип-қағыйдалары, тест сынақларының нәтийжелерин жәриялаў ҳәм оны жетилистириў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар бүгинги күн талапларына толық жуўап бере алмай атыр. Бул жағдай мәпдар жәмийетшиликтиң, әсиресе, ата-аналардың тест сынақларын өткериў процесслерине орынлы түрде наразылықларын келтирип шығармақта ҳәм ҳәр жылы олардың бул мәселе бойынша дерлик 4 мыңнан аслам тийкарғы мүрәжатлары келип түспекте.

Атап өтиў керек, кириў тест сынақлары тапсырмалары ҳәм оны өткериў талаплары қәбилетли жасларды жоқары билимлендириўге қабыл етиў өлшемлерине толық жуўап бермейди. Әсиресе, дөретиўшилик ҳәм индивидуаллық  шеберликти талап ететуғын мәденият, көркем өнер, дизайн, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, көркем өнер таныўшылық, музыкалық тәлим, спорт ҳәм дене тәрбиясы тараўындағы тәлим бағдарларына қәбилетли жаслардың орнына, бул тараўларда жетерли уқыпқа ийе болмаған жаслар тест сынақлары арқалы оқыўға қабыл етилмекте.

Республикалық жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест сынақларын өткериўдиң материаллық-техникалық тәмийнаты менен байланыслы мәселелерди де пүткиллей қайта көрип шығыў талап етилмекте. Өйткени, бүгинги күнде тест сынақларының нәтийжелери 2000-жылы сатып алынған 4 оптикалық сканер арқалы шығарылыўы, тест материалларын басып шығарыўға мөлшерленген офис техникасы (принтер ҳәм компьютерлер) руўхый ҳәм моральлық жақтан гөнерип кеткени себепли тест сынақларының нәтийжелери дерлик 15-20 күнге созылып жәрияланыўы бүгинги күн талапларына жуўап бермейди.

Елимизде кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, экономикалық ҳәм социаллық сала тармақларын жоқары маманлықтағы қәнигелер менен тәмийинлеў ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына қабыл етиў бойынша өткерилетуғын кириў тест сынақларын жетилистириў, оның әдалатлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өткерилиўин шөлкемлестириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы (кейинги орынларда Мәмлекетлик тест орайы деп қоланылады)ның жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатына оқыўға қабыл етиў (кейинги орынларда жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў деп қолланылады) бойынша кириў тест сынақларын өткериў системасын жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:

2018/2019-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша кириў тест сынақларын 1-августтан 15-августқа шекемги дәўирде өткериў;

кириў тест сынақларының нәтийжелерин тест өткерилген күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәриялаў;

абитуриенттен айрықша қәбилетти талап ететуғын мәденият, көркем өнер, дизайн, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, көркем өнер таныўшылық, музыкалық тәлим, спорт ҳәм дене тәрбиясы тараўындағы тәлим бағдарларына қабыл етиўди кириў тест сынақларысыз, дөретиўшилик имтиханлар арқалы әмелге асырыў.

  1. Мәмлекетлик тест орайы, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және қараўында жоқары оқыў орынлары болған министрликлер менен ведомстволар 2018/2019-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша кириў тест сынақлары Ташкент қаласында «Өзэкспоорай» Миллий көргизбелер комплекси павильонлары және оның аймағында орнатылатуғын қосымша жыйма павильонларда, сондай-ақ, үлкен сыйымлылықтағы басқа да имаратларда, ўәлаят орайларындағы Олимпия резервлери колледжлеринде ямаса басқа да шөлкемлердиң үлкен сыйымлылықтағы имаратларында өткерилиўин, тест процесиниң максимал дәрежеде жәриялылығын ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеп, видеобақлаўлар арқалы жәмийетшиликтиң, соның ишинде, абитуриентлер ата-аналарының кириў тест сынақларын онлайн режиминде бақлап барыўына мүмкиншилик жаратылыўын тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

тест сынақлары өткерилетуғын имаратлар менен павильонлардың зәрүр мебельлер (стол, стул, доска ҳәм басқа да зәрүр қураллар) менен үскенелениўин;

Мәмлекетлик тест орайының аймақлық ўәкиллери ушын зәрүр  материаллық-техникалық қураллар менен толық тәмиийинленген бөлек хана ажыратылыўын;

Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үлкен сыйымлылықтағы имаратларды тест сынағы процесин видеобақлаўлар арқалы онлайн системасында көрсетип өткериў ушын зәрүр материаллық-техникалық қураллар менен толық үскенелениўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

тест материалларын таярлаў ҳәм тест сынақлары нәтийжелерин өз ўақтында жәриялаўды тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайына заманагөй материаллық-техникалық қураллар ҳәм үскенелер сатып алыў ушын 2018-жылдан баслап Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын;

Мәмлекетлик тест орайының бюджеттен тысқары қаржылары және жоқары билимлендириў мәкемелериниң көбейтилген төлем-контракт түсимлери (5 процентке шекемги муғдары) есабынан бир ай мүддетте Мәмлекетлик тест орайы жанында Мәмлекетлик тест орайының жумысын раўажландырыў қорын шөлкемлестирсин. Бунда Қордың қаржыларынан төмендеги мақсетлер ушын пайдаланыўы белгилеп қойылсын:

Мәмлекетлик тест орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Шет еллердиң оқыў ҳәм илимий мәкемелеринде Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў;

Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлерин материаллық хошаметлеў.

  1. Мәмлекетлик тест орайы Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик тест орайы жанындағы Мәмлекетлик тест орайының жумысын раўажландырыў қоры ҳаққындағы Режени бир ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм оның Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги республикада әмелге асырылыўы режелестирилип атырған «Қәўипсиз қала» системасын жаратыў бағдарламасы шеңберинде тест сынақлары процесин сәўлелендириў мақсетинде шахсты идентификациялаў қураллары, видеофиксация қурылмалары, металлодетекторлар, мониторлар ҳәм жыйналмалы павильонларды сатып алсын және оларды мәмлекетлик мүлк сыпатында Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги системасына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлесин.
  3. Мәмлекетлик тест орайы Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги және Әдиллик министрлиги менен биргеликте тест сынақларын өткериў процеси қатнасыўшыларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў ҳәм олардың жуўапкершилигин белгилеў бойынша нызамшылыққа тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша бир ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Минисрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети усы қарарда белгиленген ўазыйпалардан келип шыға отырып, Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлердиң шекленген саны 150 болған жаңаланған структурасын тастыйықлаў ҳәм оның жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарын бир ай мүддетте қабыл етсин.
  5. Мәмлекетлик тест орайы мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының директоры М.М.Кәримовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

             Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 16-ноябрь

Ҳ Ҳ Ҳ

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Соңғы жылларда жоқары оқыў орынларына кириў тилегинде болған абитуриентлердиң саны кескин артып бармақта. Жылдан-жылға өсиў орташа 10 процентти қурап, атап айтқанда, 2016-жылы 663 мың, 2017-жылы 729 мыңнан аслам абитуриент жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған. Талқылаўларға бола,  2018-жылы жоқары оқыў орынларына 810 мыңнан зыят абитуриенттиң ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.

Абитуриентлер санының кескин өсиўи сәйкес түрде аудитория қадағалаўшылары санының ҳәм тест материаллары көлеминиң артып барыўына және тест сынақларын өткериўге унамсыз тәсир етип, бир қатар машқалаларды жүзеге келтирген. Соның ишинде, аудитория бақлаўшыларының тест сынақларын өткериў бойынша жетерли әмелий көнликпелерге ийе емес екени ҳәм олардың жуўапкершилик дәрежесиниң анық белгиленбегени, тест сынақлары ушын таңланған имаратлар менен аудиториялардың үскенелениўи бар талапларға жуўап бермейтуғыны, имаратлардың жоқары оқыў орынларының бас штабынан узақ аралықта ҳәм тарқалып жайласқаны, имаратлардың шахсты анықлайтуғын фото ҳәм видео қурылмалары, тест сынақларында пайдаланыў қадаған етилген қуралларды анықлайтуғын заманагөй техникалық үскенелер менен тәмийинленгенлиги, аудиторияларда видеобақлаў камераларының жоқлығы тест сынақларын өткериў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм оны қадағалаў сапасының түсип кетиўине алып келген.

Буннан тысқары, тест сынақларын өткериўдиң әмелде болған тәртиби тест нәтийжелерин қысқа мүддетте есаплап шығарыў имканиятын бермеген.

Жоқарыда атап өтилген машқалалар менен кемшиликлер жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша өткерилген тест сынақларының әдалатлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өткерилиўин жетерли дәрежеде тәмийинлеў имканиятын бермеген ҳәм ақыбетинде абитуриентлердиң ҳәм олардың ата-аналарының наразылығына себеп болған.

Өзбекистан Республикасының жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў бойынша өткерилетуғын тест сынақларын жетилистириў, оның әдалатлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өтиўин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларын өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы қарарының қабыл етилиўи жоқарыда атап өтилген машқалалардың өз шешимин табыўы ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Усы қарарға бола, 2018/2019 оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыл етиў бойынша тест сынақлары 1-августтен 15-августке шекемги болған дәўирде өткерилиўи ҳәм тест сынақларының нәтийжелери тест өткерилген күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланыўы белгиленди.

Сондай-ақ, усы ҳүжжетте абитуриенттен айрықша талант талап етилетуғын мәденият, көркем өнер, дизайн, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнери, көркем өнертаныў, музыкалық тәлим, спорт ҳәм дене тәрбиясы саласындағы билимлендириў бағдарларына қабыл етиў тест сынақларысыз, дөретиўшилик имтиханлар арқалы әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Қарардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, 2017/2018 оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыл етиў бойынша кириў тест сынақлары Ташкент қаласында «Өзэкспоорай» Миллий көргизбелер комплексиниң павильонларында және оның аймағында қосымша жыйналмалы  павильонлар орнатылып, олардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, сондай-ақ, үлкен сыйымлықтағы басқа да имаратларда, ўәлаят орайларында болса, Олимпия ререзвлери колледжлери яки орынлардағы басқа да мәкемелердиң үлкен сыйымлықтағы имаратларында, тест процесиниң жәриялылығын ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеген ҳалда, видеобақлаўлар арқалы онлайн системада жәмийетшиликке, соның ишинде, абитуриентлердиң ата-аналарына көрсетип өткерилиўи белгилеп қойылды.

Тест сынақларын қәўипсиз өткериў ҳәм тест сынақлары процесинде ушырайтуғын унамсыз жағдайлардың алдын алыў, тест сынақлары процесин онлайн сәўлелендириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен шахсты идентификациялаў қураллары, видеофиксация қурылмалары, металлодетекторлар, мониторлар ҳәм жыйналмалы павильонларды республикада әмелге асырып атырған «Қәўипсиз қала» системасы шеңберинде сатып алыныўын ҳәм оны Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң системасына  оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленди.

Соның менен бир қатарда, қарарда Мәмлекетлик тест орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Әдиллик министрликлерине бир ай мүдетте тест сынақларын өткериў процеси қатнасыўшыларының жуўапкершилигин және де арттырыў ҳәм олардың жуўапкершилигин белгилеў бойынша нызамшылыққа тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Тест сынақлары процесслерин турақлы раўажландырып барыў, тест тапсырмаларының сапасын арттырыў, тестология пәни бойынша шет мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм оларды әмелде енгизиў мақсетинде алдынғы шет ел оқыў ҳәм илимий мәкемелеринде қәнигелердиң маманлығын турақлы арттырып барыў да қарарда өз сәўлелениўин тапқан.

Қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында сапалы орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайының бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм жоқары оқыў орынларының арттырылған төлемли-контракт түсимлери (5 процентке шекемги муғдарда) есабынан Мәмлекетлик тест орайының жанында «Мәмлекетлик тест орайының жумысын раўажландырыў қоры»ның шөлкемлестирилиўи де белгилеп қойылған.

Усы қор қаржыларынан төмендеги мақсетлер ушын пайдаланыўы нәзерде тутылған:

Мәмлекетлик тест орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

шет мәмлекетлердиң оқыў ҳәм илимий мәкемелеринде Мәмлекетлик тест орайы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў;

Мәмлекетлик тест орайының хызметкерлерин материаллық жақтан хошаметлеў.

Бир сөз бенен айтқанда, усы қарарда белгилеп берилген мақсет ҳәм ўазыйпалар жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларының әдалатлы, қалыс ҳәм ашық-айдын өтиўин тәмийинлеўге хызмет етеди ҳәм жоқары оқыў орынларына оқыў ушын билимли, талантлы ҳәм мүнәсип талабанларды таңлап алыўға имканият жаратады.