Пайтахтымызда темиржолшылардың кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Темиржолшылар мәденият сарайында шөлкемлестирилген илажға тараў ўәкиллери, алдынғы хызметкерлер, мийнет ветеранлары, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери мирәт етилди.

Өзбекстан темир жолларын модернизациялаўға салмақлы дыққат қаратылып, системада избе-из реформалар, үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, транспорт министри О.Раматов, Ташкент қаласы ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев, «Өзбекстан темир жоллары» мәмлекетлик акционерлик жәмийети басқармасының баслығы Ҳ.Ҳосилов ҳәм басқалар тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

photo5341372121768635233.jpg

«Өзбекстан темир жоллары» АЖ мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, ҳәзирги күнде елимизде темир жоллардың улыўма узынлығы дерлик 7000 километрден асламды қурайды. Өткен ўақыт даўамында дерлик 4,5 мың километр темир жол толық электрлестирилди. 2018-жылы жәми 94,8 миллион тонна жүк, сондай-ақ, 22,6 миллион жолаўшы тасылды. 2019-жыл 1-январь ҳалатына бола, жүк тасыў 22,9 миллиард километрди, жолаўшы тасыў айланысы болса 4329 километрди қурады.

Жолаўшылар ушын халықаралық талаплар дәрежесинде хызмет көрсетиўди жолға қойыў, көплеген қолайлықлар жаратыў бағдарында да мақтаўға ылайық жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, өткен жыллар даўамында заман талаплары дәрежесиндеги 18 вокзал жаңадан қурылып пайдаланыўға тапсырылды. 20 вокзал болса жәҳән стандартларына сәйкес капитал оңланды.

photo5343670826920160106.jpg

Мәмлекетте бирден-бир темир жол системасын қурыў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин арттырыўға қаратылған көплеген ири жойбарлар «Наўайы – Үшқудық – Султанўәйистаў – Нөкис», «Тошғузор – Бойсун – Қумқўрғон», «Ҳайратон – Мозори Шариф», «Ангрен – Поп», «Бухара – Мискин» бағдарында турмысқа избе-из енгизилмекте.

Ҳәзирги күнде «AFROSIYOB» жоқары тезликте ҳәрекетлениўши заманагөй поезды арқалы «Ташкент – Самарқанд», «Ташкент – Қарши», «Ташкент – Бухара» ҳәм «Ташкент – Шаҳрисабз» жөнелислеринде қатнаўлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге «Поп – Наманган» – Әндижан» темир жол линиясында электрлестириў, «Әндижан – Савай – Ханабат» жөнелисинде модернизация жумыслары даўам етпекте. Сондай-ақ, Аҳангаран ҳәм Мақтумқулы көшелери кесилиспесинде усы күнге шекем еле елимизде қолланылмаған 3 басқышлы жол өткергиш, «Ташкент – Шығыс аэродром» базасы тийкарында заманагөй пуқаралық авиациясы аэропорт комплексин қурыў жойбарларында да жумыс қызғын алып барылып атыр.

photo5343670826920160108.jpg

Акционерлик жәмийети заводларында бир неше түрдеги жаңа жолаўшы ҳәм жүк вагонларын ислеп шығарыў жолға қойылып атыр. Әсиресе, «Әндижан механика заводы» сыңар кәрханасы, «Ташкент механика заводы» акционерлик жәмийети, «Ўзтемирйўлмаштаъмир» унитар кәрханасы, «Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводы» акционерлик жәмийети, «Қуйыў механика заводы» сыңар кәрханалары онда белсене үлес қоспақта. Жолаўшы поездларымыз қурамы тармақтағы «Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводы» акционерлик жәмийетинде ислеп шығарылып атырған заманагөй маркадағы вагонлар менен толықтырылып барылмақта.

Ҳәзирги күнде де тармақта бундай қурылыс дөретиўшилик жумыслары жедел даўам етип атыр. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 29-ноябрьдеги тийисли қарарына муўапық узынлығы 7,1 километр болған Ташкент метрополитениниң Сергели линиясының қурылыс жойбарын әмелге асырыў бойынша дөретиўшилик жумыслары қызғын алып барылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 170,1 миллион АҚШ долларын қурайды. Усы қарарға бола жаңа линияны 2020-жылға шекем қурып пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған.

Қәнигелердиң пикиринше, Сергели метро линиясы бүгинги күнге шекем Орайлық Азияда қолланылмаған пүткиллей жаңаша эстакада усылында қурылмақта. Яғный усы жол көпир тәризинде қурылады, поездлар жер үстинде ҳәрекетленеди. «Ташкент метрополитени Юнусабад жөнелисиниң екинши басқышының қурылысы» жойбарының болса улыўма баҳасы – 124,8 миллион АҚШ долларын қурайды. Қурылып атырған жаңа жолдың улыўма узынлығы 2,93 километрден ибарат.

photo5343670826920160110.jpg

Сондай-ақ, Президентимиздиң басламасы менен пайтахтымызда және бир ири жойбар – Жер үсти айланба метро линиясының қурылыўсы әмелге асырылмақта. Улыўма узынлығы 52,1 километрден ибарат бул метро жөнелисиниң 50,5 километри бийиклиги 6 метрлик эстакадалар арқалы өткериледи. Жойбар бес басқышта әмелге асырылады. Дәслеп Ташкент метрополитениниң «Дослық» бәндиргисинен Қойлық базарына шекем болған бөлеги қурылады. 11 километрлик аралықта 8 бәндирги қурыў мөлшерленген.

Екинши басқышта Қойлық базары менен «Алмазар» бәндиргиси байланысады. Кейин ала бул жерден «Беруний» бәндиргисине шекем болған аралықта қатнаўлар жолға қойылады. Кейинги басқышта «Беруний»ден «Бодомзор» бәндиргисине шекем қурылыс жумыслары алып барылып, соңғы басқышта «Дослық» бәндиргисине жалғанады. Итибарлы тәрепи сонда, бул жердеги бәндиргилердиң ҳәр бири  өзине тән архитектуралық шешимлер тийкарында қурылады ҳәм безеледи. Жолаўшылар ушын да, жумысшы-хыметкерлер ушын да халықаралық талаплар дәрежесинде шараятлар жаратылады.

Елимизде көмир санаатын раўажландырыў, көмир қазып алыўшы кәрханалардың материаллық-техникалық базасын буннан былай да жетилистириў, финанслық қоллап-қуўатлаў, инвесторларды кеңнен тартыў бағдарында мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Атап айтқанда, 2017-жылдың 8-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбеккөмир» акционерлик жәмийети ҳәм «Шарғункөмир» акционерлик жәмийетин «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң қурамына өткериў ҳәм көмир санааты кәрханаларын финанслық жақтан жақсылаў бағдарындағы шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

«Өзбекстан темир жоллары» АЖ сыртқы экономикалық байланысларды жақсы жолға қойған. Қытай, Япония, ҒМДА ҳәм Европа мәмлекетлери менен бирге ислесиў алып барылмақта. Бизге белгили мәмлекетимиздиң темир жолы Азияны Европа менен байланыстырыўда әҳмийетли стратегиялық коридор есапланады. Сол себепли тармақта алып барылып атырған қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларды дүнья тән алмақта.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң жәмәәтлери бүгин елимизде әмелге асырылып атырған «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламаларында да белсене қатнаспақта. Темиржолшылар тәрепинен көплеген саўлатлы турақ жайлар, социаллық тараў объектлери, мәденият ҳәм дем алыў орынлары қурылып атыр. Пайтахтымызды және де абат ҳәм сулыў болыўы, өзгеше шырай ашыўында да тараў хызметкерлери өзлериниң мүнәсип үлесин қосып атырғанын айрықша атап өтиў керек.

– Бул тараўда 35 жылдан берли ислеймен, – дейди Қоқанд регионаллық темир жол узели статистикалық-есап бөлиминиң баслығы Қодирбек Султонов. – Өткен дәўир даўамында усы тараў бирден-бир системаға айландырылмақта. Темир жол узелимизде жүк тасыў сапасын арттырыў – жүклерди өз ўақтында әмелге асырыў, инновациялық технологияларды енгизиўге итибар қаратылмақта.

Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм дөретиўши жаслардың қатнасыўында концерт бағдарламасы көрсетилди.

Назокат УСМОНОВА

ӨзАның хабаршысы