Бүгин мәмлекетлик әҳмийетке ийе мәселелер тиккелей халқымыз бенен додаланып, ҳәр бир мәселеде ўатанласларымыздың пикирин үйрениў күнделикли турмысымыз, жумысымыздың өлшемине айланып үлгерди. Мәмлекетлик сиясат дәрежесине айланып атырған бул процесстиң жоқары әҳмийети сонда, халқымыз өз ўәкиллери, яғный депутатлар арқалы елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўын тиккелей бақлап, қадағалап бармақта. Мәмлекет турмысындағы ҳәр қандай мәселеге шериклик сезими менен жасамақта.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасында енгизилген жаңа механизм – парламенттиң әҳмийетли қарарларын қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысын күшейтиў менен биргеликте Бас министр ҳәм Ҳүкимет ағзаларының Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Олий Мажлис палаталары алдында ҳәр шеректе есап берип барыў әмелияты барған сайын жетилистирилип барылмақта. Жәмийетимиздиң турмысына байланыслы жаңалықлардан халықты хабардар етиў, соңғы нәтийжеде Ҳүкиметтиң жумысына халықтың өзи сайлап қойған депутатлары арқалы баҳа бериў әмелияты жәмийетлик-сиясий турмысымызда реал шынлыққа айланбақта.
2019-жыл 1-август күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында усындай әҳмийетли илажлардан бири болып өтти. Онда Министрлер Кабинетиниң 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жылдың биринши ярымында орынланыўы барысы ҳаққындағы есабы тыңланды.
Есабатты Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдуҳакимов усынды.
Депутатлардың атап өткениндей, есабатта барлық әҳмийетли мәселелер кең көлемде сәўлелендирилген. Соның ишинде, Министрлер Кабинетине ҳәм оның структурасына киретуғын министрликлер ҳәм уйымларға жиберилген парламентлик ҳәм депутатлық сораўларға берилген жуўаплар да терең талланған. Гезектеги есабаттың алдынғыларынан және бир айрықша тәрепи сонда, орынланған жумыслар менен бирге Ҳүкимет келешектеги ярым жыллықта орынланыўы белгиленген режелерди анық объектлер, санлар арқалы мәлим еткен. Есабатта мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының тийкарғы көрсеткишлери, макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық және социаллық тараўды избе-из раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар толық баян етилген. Әсиресе, сырт ел инвестицияларын тартыў, тартымлы инвестициялық орталықты жаратыў, республикада аймақлардың социаллық раўажланыў дәрежесин көтериў бойынша жумыслар терең талланған.
Оған бола, 2019-жылдың I ярым жыллығында жалпы ишки өним (ЖИО) өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 5,8 процентке өскен. Атап айтқанда, санаат тармақлары 6,9 процент, жәми хызметлер – 12,7 процент, усақлап сатыў айланысы – 6,4 процент ҳәм аўыл, тоғай және балық хожалығы 2,1 процентке артыўы экономикалық өсиўдиң тийкарғы факторы сыпатында хызмет етти. Мәмлекетте жаратылған қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың көлеми 1,6 есеге, қурылыс жумысларының көлеми болса 20,0 процентке өсти.
Мәмлекетлик бюджеттиң 2019-жыл январь-июнь айларындағы дәраматлары 50,7 триллион сумды (өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге көп), қәрежетлери болса, 55,3 триллион сумды қурады. Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң қурамында ең жоқары үлес (54,4 процент) социаллық қәрежетлерге туўра келеди. Жергиликли ҳәкимият уйымларының жергиликли бюджет дәраматларын қәлиплестириўдеги еркинлиги сезилерли дәрежеде арттырылды.
Депутатлар бүгинги экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли буўынларынан есапланған туризм тараўын раўажландырыў бағдарындағы жумысларға итибар қаратып, өткен дәўирде 47 мәмлекет пуқаралары ушын 30 күн мүддетке визасыз режим енгизилип, визасыз режим енгизилетуғын мәмлекетлердиң саны 65 ке жеткени, және 77 мәмлекет пуқаралары электрон кириў визасын алыў имканиятына ийе болғанына жоқары баҳа берди. Есабат дәўиринде 247 жаңа туроператор шөлкемлестирилип, 1,7 мың хана сыйымына ийе 107 мийманхана иске қосылғаны, туристлердиң ағымы 31 процентке артып, 3 миллион адамды қурағаны атап өтилди.
«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде жәми 1 166 миллиард сумлық жумыс көлемлери орынланды. Усы қаржылар есабынан 47,6 мың жеке тәртиптеги турақ жай, 232 көп квартиралы турақ жай оңланып, абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. 637 километр ишимлик суў тармақлары жақсыланды. 2 128 километр электр, 215 километр газ тармақлары жаңадан қурылды, реконструкцияланып, капитал оңлаўдан шығарылды. Сондай-ақ, 53 социаллық тараў, 78 базар инфраструктуралық объекти пайдаланыўға тапсырылды.
Исбилерменликке байланыслы социаллық бағдарламалар шеңберинде 5,1 триллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Бул жеңиллетилген кредитлердиң 4,5 триллион сумы «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде 249 мыңнан аслам шаңараққа ажыратылды. Бул қаржылар мыңлаған шаңарақлардың өз бизнесин жолға қойыўы, жаңа жумыс орынларын жаратыўында жоқары әҳмийетке ийе.
Есабат дәўиринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, оларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин сиңдириў, ҳаял-қызлардың мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған 5 әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Улыўма билим бериў мектеплеринде спорт дөгереклериниң саны 38 мың 554 ке жеткерилди. Жаслардың заманагөй мәлимлеме технологиялары тараўында билим ҳәм көнликпесин арттырыў мақсетинде республиканың 9 ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында жәми 12 цифрлы технологиялар оқыў орайы шөлкемлестирилди. Мектеплердиң китапхана фонды 16,3 миллоннан 18,6 миллионға шекем китапқа байытылды. 2019-жылдың ақырына шекем республика бойынша 75 тигиў-трикотаж кәрханасы иске түсирилиўи режелестирилген болып, 22,5 мың ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Улыўмаластырып айтқанда, Ҳүкимет усынған есабатты, онда келтирилген ҳәр бир сан ҳәм дәлийл депутатлар тәрепинен терең талланды. Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли социаллық-экономикалық, социаллық ўазыйпалар, илажлардың орынланыўы қызғын додалаўлар орайында болды. Парламент ўәкиллери орынларда сайлаўшылар менен ушырасыўларда халық тәрепинен көтерилип атырған, тиккелей Мәмлекетлик бағдарламаға байланыслы бир қатар мәселелерге Ҳүкимет ағзаларының итибарын қаратты.
Ҳүкимет есабаты бойынша ҳәр бир сиясий партияның фракциясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының ўәкиллери өзлериниң көзқарасын билдирди. Соның ишинде, халық ўәкиллери Мәмлекетлик бағдарламадағы жәми 139 бәнттен 23 ниң (16,5 проценти) орынланыўы толық тәмийинленбегенине тийкарланып сынға алды. Атап айтқанда, нызам ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм қабыл етиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, экономикалық жумыстағы мәмлекеттиң қатнасыўының анық шегараларын белгилеў, 2030-жылға шекем урбанизацияны раўажландырыў концепциясын ислеп шығыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бүгинги күнге шекем қабыл етилмеген. Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған бир қатар нызам жойбарлары үстинде алып барылып атырған жумысларды таллаў соны көрсетеди, оларды өз ўақтында ҳәм пуқта ислеп шығыў, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен келисиў, парламенттиң төменги палатасына көрип шығыў ушын киргизиў бағдарындағы жумыслар жетерли дәрежеде жолға қойылмаған. Нәтийжеде «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы, «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы, «Дипломатиялық хызмет ҳаққында»ғы, Салық кодексиниң жаңа редакциясын тастыйықлаў сыяқлы нызам жойбарларын белгиленген мүддетлерде таярлаўда бир қатар машқалалар жүзеге келмекте.
Бағдарламаның 155-бәнтинде белгиленген мәмлекетлик медициналық мәкемелерди қаржыландырыў системасын жетилистириў, атап айтқанда, 16 райондағы медициналық мәкемелерди «ҳәр бир емленген жағдай» ушын клиникалық-қәрежет топарлары ҳәм адам басына қаржыландырыў механизмлерин енгизиў бойынша нәтийжели илажлар көрилмей атыр. Халыққа көрсетилип атырған онкологиялық медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм профилактикалық илажлардың көлемин кеңейтиўге бағдарланған Мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги әмелий илажлар да елеге шекем жуўмағына жеткерилмеген.
Ишки автомобиль жолларының ҳәзирги жағдайы, оларды оңлаў ҳәм сақлаў жумысларының талап дәрежесинде емес екенлиги сынға алынды. Мәмлекетлик бағдарламаның 178-бәнтине муўапық қала көшелери ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң ишки жолларын капитал ҳәм ағымдағы оңлаўға қаратылған әмелий илажларды ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Бүгинги күнде Мәмлекетлик бағдарламаның 256-бәнтинде нәзерде тутылған сыртқы транспорт, логистика системасын раўажландырыў, логистика орайларын жетилистириў, жүк ағымын басқарыўға заманагөй усылларды ҳәм техникалық қуралларды енгизиўге жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атыр. Сондай-ақ, айырым министрликлер тәрепинен пахта, ғәлле, мийўе-овощ ҳәм басқа да бағдарлардағы кластерлердиң жумысын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, 2019-2024-жылларда мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў миллий бағдарламасын ислеп шығыў, аймақларда «инвестициялық хаб»ларды шөлкемлестириў бағдарындағы жумыслар жуўмағына жеткерилмеген.
Депутатлар ҳәр бир бәнт, белгиленген ўазыйпаның мәнис-мазмунында халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў, адамлардың мәмлекеттен разы болып жасаўына ерисиўдей әҳмийетли мақсетлер турғаны, сол себепли, олардың орынланыўын кешиктирместен, өз ўақтында орынлаў шешиўши әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти. Усы мәнисте, усынылған есабат материалларында Мәмлекетлик бағдарламада орынлаў мүддети «жыл даўамында» деп белгиленген «Материаллық мәдений мийрас объектлериниң мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеў» (188-бәнт), «Тарийхый шахслар ҳәм миллий образлар сәўлеленген анимациялық фильмлер жаратыў» (192-бәнт) ҳәм басқа да бир қатар бәнтлердиң орынланыўы бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, усы мәселелерге де қатаң итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.
Өз гезегинде, Ҳүкимет ўәкили бүгинги күнде жәмийетимизде әҳмийетли болып турған, социаллық тармақларда жәмийетшилигимиз тәрепинен қызғын додаланып киятырған бир қатар әҳмийетли мәселелер, атап айтқанда, транспорт қуралларының арқа ҳәм қапталындағы айналарының реңин өзгертиў, күндизги күни автомобильлердиң шырағын жағып жүриўге байланыслы машқалаларды шешиў мәселеси бир неше ай алдын депутатлар тәрепинен көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтип, көшпес мүлк ҳәм турақ жайларды бузыўға байланыслы машқалаларға да тоқтап өтти. Әсиресе, көшпес мүлклерди бузыў бойынша Президенттиң тийисли пәрманы, Министрлер Кабинетиниң қарарының талаплары орынларда жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен жетерли дәрежеде орынланбай атырғаны атап өтилген. Ҳүкимет ўәкили усы мәселелер Министрлер Кабинетинде ҳәр-тәреплеме үйренилип, унамлы шешилгени, айырым мәселелер, соның ишинде, «тонировка» мәселеси бүгин-ертең толық шешилиўи бойынша әмелий илажлар ислеп шығылғанын мәлим етти. Бас министрдиң орынбасары А.Абдуҳакимов бундай әҳмийетли мәселелерди шешиўде Парламент ағзаларын тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыўға шақырды.
Илажда депутатлар тәрепинен усы жылдың III шерегинде Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы үстинен системалы түрде мониторинг орнатыў, парламентлик қадағалаўдың барлық түрлеринен үнемли пайдаланыў керек екенлиги атап өтилди. Елимиздиң халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша структуралық индикаторлардағы орнын жақсылаў және миллий экономикаға сырт ел инвестицияларын тартыў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, аймақларымызды социаллық раўажландырыў нәтийжесинде халықтың абаданлығын буннан былай да жақсылаў бағдарындағы илажлардың нәтийжели әмелге асырылыўы, бул бағдарда парламент ўәкиллери менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў керек екенлиги атап өтилди. Усы мәселелер бойынша депутатлардың Ҳүкиметке пикир-усыныслары билдирилди.
Бир сөз бенен айтқанда, қызғын ҳәм әмелий, аналитикалық руўхта өткен сораў-жуўаплардан кеийн депутатлар Ҳүкимет есабын мақуллады.
Илаж жуўмағында парламенттиң төменги палатасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабатын көрип шығыў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мүрәжатынан келип шығатуғын, тийисли жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў бойынша ҳүкимет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усынысларды өз ишине алған қарары қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Баспасөз хызмети