Мәмлекетлик тест орайының mandat.dtm.uz сайтында барлық тест тапсырған абитуриентлердиң баллары ашық түрде объектив тәризде жәрияланбақта. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев жазбақта.

Яғный, абитуриент өз бағдарын сайлап, өзи менен бирге тапсырған басқа абитуриентлердиң де неше балл топлағанын, өзиниң қайсы орында турғанын, кириў ушын имканиятларының қандай екенлигин мандаты күтип отырмастан билип алыўы мүмкин болады.

Сайтта барлық абитуриентлердиң аты, фамилиясы, тест тапсырған күни және баллары көрсетилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.