Усы жыл 30-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, ишки ислер министрлиги, прокуратура ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Халықаралық «Адам саўдасына қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен мийнет ярмаркасы өткерилди.

Ярмаркаға Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Тақыятас районларында жайласқан  128 мәкеме ҳәм кәрхана, жәми 476 бос жумыс орны менен қатнасты.

Ярмаркаға қатнасқан 283 пуқараның  79ы жаслар, 31и колледж питкериўшилери, 93и ҳаял-қызлар болды. Олардан 72 пуқараға тийисли мәкеме ҳәм кәрханаларға жоллама берилди.

– Мен Хожели районындағы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйынында жасайман. Аўылымызда жумыс табыўға қыйналып жүр едим. Жаслар аўқамы тәрепинен өткерилген усы ярмаркаға қатнасып, райондағы 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине жумысқа кириў ушын жоллама алдым. Буннан оғада қуўанышлыман,-дейди Г.Атабекова.

Ярмаркада қәнигелер тәрепинен нызамлы жол менен шәртнама тийкарында сырт елге жумысқа шығыў туўралы түсиниклер берилип, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Адам саўдасы – дәўир машқаласы» сүрени астында үгит-нәсият акциясы өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.