Абаданластырыў жумысларына итибардың күшейгени қолайлы экологиялық орталықтың жаратылыўына себеп болмақта. Себеби, бул процессте декоратив ландшафт дизайнине итибар күшейтилди.

Барлық тараўларда болғаны сыяқлы абаданластырыў системасының да нызамлы тийкарлары бар. Тараўда нызам талапларына қалай әмел етилип атырғаны Әдиллик министрлиги тәрепинен үйренилгенде абаданластырыў жумысларының жоқары нәтийжелилигине ерисиўде тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенлиги анықланды.

Мысалы, абаданластырыў жумыслары жергиликли бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар, басқаша етип айтқанда, салық төлеўшилердиң қаржылары  есабынан әмелге асырылады. Бунда жер ийелери ҳәм жерден пайдаланыўшылар тутас аймақларды абаданлыстырыўда ҳеш қандай миннетлемеге ийе емес еди.

Шет еллер тәжирийбесинде болса жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар  ҳәм ижарашыларға олардың көшпес мүлклерине тутас аймақларды абаданластырыў миннетлемесин жүклеў әмелияты бар. Атап айтқанда, Нью-Йоркта (АҚШ) юридикалық шахслар өзлериниң көшпес мүлклерине тутас болған майданларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыўға мәжбүр. Қубла Кореяда болса, қурылыс компанияларына имаратларды қурыўға тийисли аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў шәрти менен руқсат бериледи.

Пайтахтымыздағы «Ата жолы»ның, Қарақалпақстан ҳәм Қ.Реджепов көшелериниң (Республикалық туўыў үйиниң жанындағы), Ерназар Алакөз бенен Мәтеке Жуманазаров көшелериниң (бурынғы Айдынжол базары жанында), Аллаяр Досназаров ҳәм Мәтеке Жуманазаров көшелериниң (Республикалық емлеўхананың жанында), Беруний ҳәм Аллаяр Досназаров көшелериниң, Өзбекстан (Төрткүл) гүзары менен Беруний көшелериниң бойында салынған көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабаты саўда шақапшалары ушын ажыратылған. Усы юридикалық шахслар тәрепинен өзлериниң көшпес мүлклерине тутас болған майданларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары исленсе, абаданластырыў хызметкерлери ушын анағурлым жәрдем болар еди.

Елимизде абаданластырыў тараўында қаржыландырыў дәреклериниң шекленгенлиги тәжирийбели қәнигелерди тартыўда тосқынлық ететуғын еди. Абаданластырылатуғын аймақлардың анық майданы белгиленбегени де тараўдағы машқалалардан бири. Бул бағдардағы паспортлардың жағдайы қанаатландырарсыз жағдайда. Тексериўлер ҳақыйқый абаданластырылатуғын майданлардың көлеми паспортта көрсетилген майданлардан бир неше есе үлкен екенлигин көрсеткен.

Айырым майданлар, соның ишинде, елатлы пунктлердиң орайлары есапланған дем алыў орынлары, парклер, орайлық көшелердиң бир бөлеги абаданластырыў басқармалары, мәмлекетлик уйымлар, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен абаданластырылып атырған болса, аймақлардың қалған бөлеги қараўсыз жағдайда.

Районлар ҳәм қалалардың елатлы пунктлеринде, сондай-ақ, жәмийетлик орынларда шығынды таслаў қутыларының жетиспеўшилиги машқала болып келмекте. Шығынды таслаў қутылары ушын талаплар, оларды ислеп  шығарыў, басқышпа-басқыш жайластырыў графиклери енгизилмеген. Пуқараларды тазалықты тәмийинлеўге шақыратуғын үндеў-дағазалар жоқ. Сондай-ақ, суў объектлери ҳәм оның жағалықлары да қанаатландырарлы емес.

Абаданластырыў басқармаларының жумыс көлеми бар имканиятлардан 3-4 есе көп екенлиги жумыстың сапасына кери тәсир көрсетпекте.

Абаданластырыў басқармаларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм хызметкерлердиң материаллық тәмийинлениўин арттырыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмаған. Олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылатуғын қаржыларды жәмлеў имканиятын беретуғын бюджеттен тысқары қорлар жоқ.

Инновациялық раўажланыў дәўиринде заманагөй техника жәрдеминде пайдалы жумыс коэффициенти сезилерли дәрежеде арттырылып, ресурсларды үнемлеўге итибар қаратылып атырған бир ўақытта, абаданластырыў жумысларының көпшилиги елеге шекем қол мийнети жәрдеминде әмелге асырылып келинбекте.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик элементлериниң жоқлығы қосымша нәтийжели ресурсларды тартыў имканиятын шеклейди. Бул шерикликти айрықша талаплар тийкарында енгизиў жеке сектордың материаллық-техникалық ҳәм мийнет ресурсларын тартыўға имканият жаратады. Бунда исбилерменлик субъектлери менен бирге ислесиўди орнатыў жумыс сапасының артыўына жәрдем беретуғыны анық.

Бул бағдарда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары жеке секторға тапсырылған Қубла Корея тәжирийбеси дыққатқа ылайық. Бул мәмлекетте тәбиятты ҳәм бағшылықты қорғаўға қәнигелестирилген исбилерменлик субъектлери таңлаў тийкарында қала ландшафты бойынша жумысларды жергиликли бюджет қаржыларынан тәмийинленген ҳалда әмелге асырыў ҳуқықын қолға киргизеди.

Тараўда халықтың тазалық ҳәм тәртип-интизамын тәмийинлеўде қызығыўшылықты арттыратуғын нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыў әҳмийетли. Реал ўақыт режиминде халық пенен белсене өз-ара бирге ислесиўге имканият жарататуғын электрон майданша жаратылыўы бүгинги күнниң талапларынан бири есапланады.

Усылардың барлығы есапқа алынған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Елатлы пунктлерди абаданластырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарар абаданластырыў тараўында ушырасып атырған кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыўда зәрүрли ҳуқықый тийкар болмақта. Системада жумыслардың нәтийжелилигиниң артыўы болса, халқымыз турмысының абаданлығына хызмет етеди.

Н.АВЕЗОВ,

Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы директорының орынбасары,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.