Рухсатнама алыў ушын пуқаралар турақлы жасаў орны бойынша Миллий гвардия уйымына төмендегилерди усыныўы шәрт:

– арза;

– шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт);

– қуралдан қәўипсиз пайдаланыў қағыйдалары бойынша билими тексериўден өткерилгени ҳаққындағы ҳүжжетлер;

– қуралға ийелик етиўге қарсы көрсетпелер жоқ екенлиги ҳаққындағы медициналық шешим;

– төлем төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет;

– аңшылар жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен берилген аңшылық гүўалығы (аңшылық қуралын алыў ушын);

– аңшылар жәмийетлик бирлеспесиниң усыныснамасы (мылтық стволлы оқ атар қуралды, сондай-ақ, аўыз бөлегиндеги қуўатлылық 65 джоулдан жоқары ҳәм калибри 9 миллиметрден артық болған пневматикалық аңшылық қуралын алыў ушын);

– атыў спорты тараўындағы хызмет пенен шуғылланатуғын юридикалық шахс тәрепинен берилген спортшы гүўалығы (спорт қуралын алыў ушын).

 

Еслетип өтемиз, 2019-жыл 29-июль күни Өзбекстан Республикасының Қурал ҳаққындағы Нызамына қол қойылды. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 айдан соң күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.