Өзбекстан Республикасының Қурал ҳаққындағы Нызамына қол қойылды, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

 

Нызамға муўапық қураллар төмендеги түрлерге ажыратылады:

– пуқаралық қурал;

– хызмет қуралы;

– жаўынгерлик қурал.

 

Пуқаралық қурал түрлерине аңшылық, спорт ҳәм өзин-өзи қорғаў қураллары киреди.

Өзин-өзи қорғаў қуралларына төмендегилер киреди:

– газли қурал – көзден жас ағызатуғын ямаса ашытатуғын элементлер менен толтырылған киши газли баллонлар, механикалық пүркеўишлер, аэрозоллы қурылмалар ҳәм басқа қурылмалар;

– электрошок қурылмалары, ушқын шығарғышлар ҳәм зыян жеткериў тәсири электр энергиясынан пайдаланыўға тийкарланған басқа қурылмалар.

Жәмийетлик орынларда, қала, қала әтирапына қатнайтуғын, қалалар аралық ҳәм халықаралық транспортта қуралды ашық тәризде (арнаўлы сыртқы қапларсыз) алып жүриў қадаған етиледи.

18 жасқа толған пуқаралар пуқаралық спорт қуралын ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралын, 21 жасқа толған пуқаралар пуқаралық аңшылық қуралын алыў ҳуқықына ийе.

Миллий гвардия уйымлары тәрепинен берилетуғын 3 айлық рухсатнамалар тийкарында пуқаралық ҳәм хызмет қуралы алыныўы мүмкин.

Пуқаралық ҳәм хызмет қуралын алыў бойынша рухсатнама қуралды және оның оқ-дәрилерин алып жүриў ҳәм қоллаў ҳуқықын бермейди.

Қуралды алыў бойынша рухсатнама қуралды және оның оқ-дәрилерин алып жүриў ҳәм қоллаў ҳуқықын бермейди.

Нызам рәсмий тәризде жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен соң күшке киреди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.