Самарқанд ўәлаятының туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Самарқанд районындағы ескек есиў каналының жағасында туристлик орайдың  қурылыўы режелестирилмекте.

Президент Шавкат Мирзиёев 26-июль күни сол жерге барып, усы бағдардағы жойбардың усынысы менен танысты. Комплекс ушын 360 гектар жер ажыратылыўы, оның 80 гектарында конференциялар орайы, мийманханалар ҳәм басқа да объектлердиң қурылыўы мөлшерленген. Мийманлар 5, 4 ҳәм 3 жулдызлы болып, барлық категориядағы туристлерди қамтып алады. Дем алыў, жүзиў орынлары, жасалма атаўлар, ресторанлар шөлкемлестириледи.

– Самарқандлылар ҳәм бул жерге келген ўатанласларымыз дем алыў ушын қай жерге барады? Ҳәзирги ўақытта айтарлықтай бундай жер жоқ. Сырт ел туристлери де тийкарынан тарийхый естеликлерди көриў ҳәм зыяратлаў ушын келеди. Сол себепли дем алыў туризми ушын да шараят жаратыў керек. Бул жер зыярат туризми менен үнлес болыўы, халқымыз, туристлер бос ўақтында  бул жерге келип дем алыўы керек. Бул Самарқанд экономикасы ушын және бир өсиў имканияты болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Самарқандқа келген туристлердиң саны быйылғы жылы өткен жылға салытырғанда еки есеге өскен. Келеси еки жылда бул жерге сырт елли туристлердиң сапар етиўин 2, мәмлекетимиз бойынша болса 10 миллионға жеткериў мөлшерленген.

ӨзА