Қәдирли дослар!
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев 2019-жыл 18-июль күни ўәлаятымызға сапары даўамында пахта атызларында болып, ғаўашаның раўажланыўы менен жақыннан танысты.
Мәмлекетимиз басшысы биз – фермерлер менен болған ушырасыўда быйылғы мәўсимди пахташылықта да табыслы жуўмақлаў бойынша алдымызда турған ўазыйпаларды айрықша атап өтип, оларды шешиўдиң жол-жобаларын анық көрсетип берди.
Президентимиздиң: «Шөл қуяшы ҳәм өмир сынақларында пискен, истиң көзин билетуғын сырдәрьялы фермерлер пахта тәрбиясы бойынша ылғаллы 40 күнлик жәриялап, усы ўақыт даўамында өзлерин аямастан, шын кеўилден мийнет етип, ўәлаятта ғәлле жетистириў бойынша ерисилген табыслар тосыннан емес екенлигин дәлиллейди, деп исенемен. Бул жердиң мәрт дийқанлары аўыл хожалығынан мол өним ҳәм көп дәрамат алып, абадан ҳәм жақсы жасаўға толық ҳақылы. Бүгин атыздағы ғаўашаның раўажланғанын дәўирин көрип, буған ҳәр тәреплеме исеним пайда еттим», деген пикирлери бизлерди және де руўхландырып жиберди. Бул сөзлер бизлер ушын, әлбетте, алдағы мақсетлеримиз ушын баслы бағдарлама болып хызмет етеди.
Ҳақыйқатында да, быйылғы мәўсим пахташылықта мол өним жетистириў ушын оғада қолайлы келди. Бул бойынша аўыл хожалығы хызметкерлериниң материаллық мәпдарлығын арттырыў, пахта тәрбиялаўда агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы етип өткериў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў ушын мәмлекетимиз тәрепинен барлық шараятлар жаратып берилип атырғаны биз – дийқан ҳәм фермерлердиң күшимизге күш, ғайратымызға ғайрат қоспақта.
Әсиресе, пахтаның сатып алыў баҳасы өткен жылға салыстырғанда дерлик 1,3 есеге көбейтилип, оның 1 тоннасы ушын 4 миллион сум баҳа белгиленгени, жеңилликли кредитлер, минерал төгинлер, жанармай-майлаў өнимлериниң өз ўақтында орынларға жеткерилип берилип атырғаны бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Сондай-ақ, быйылғы ҳаўа райы шараятында зыянлы жәнликлердиң көп болғанын есапқа алып, оларға қарсы гүресиў ушын республикамыз бюджетинен дотация сыпатында 120 миллиард сум, соның ишинде, Сырдәрья ўәлаяты фермерлерине 10,5 миллиард сум қаржы ажыратылғанын атап өтиў зәрүр.
Быйыл пахташылыққа тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизген фермерлерге мәмлекетлик бюджет есабынан ҳәр бир гектар жер ушын 8 миллион сумнан субсидия қаржысы ажыратылып атырғаны да әҳмийетли хошаметлеўши фактор болып хызмет етпекте.
Тараўдың раўажланыўына қаратылған және бир әмелий итибарды айрықша атап өтиў керек. Еки жылдан берли фермер хожалықлары ҳәм суўдан пайдаланыўшылар бирлеспелерине қараслы насос агрегатлары тәрепинен сарыпланып атырған электр энергиясының баҳасы мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын субсидиялар есабынан қапланбақта.
Соңғы жыллары қосымша қунға ийе бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўға тийкарланған пахта-тоқымашылық кластерлери шөлкемлестирилип атырғаны пахташылық тармағындағы ең әҳмийетли жаңалықлардың бири болды.
Быйығы жылы ўәлаятымызда 38 мың гектарлық жерде ямаса улыўма пахта майданының 52 процентинде 5 заманагөй кластер кәрханасы жумыс алып бармақта. Олар тәрепинен 350 ден аслам жаңа аўыл хожалығы техникалары сатып алынғаны шигит егиўди 10-12 жумыс күнинде жуўмақлаў имканиятын берди.
Бул реформалардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, кластерлердиң тәжирийбели қәнигелери атызға шигит егилгенинен берли бизлер менен биргеликте пахта тәрбиясына байланыслы барлық агротехникалық илажларды өз ўақтында өткериўге жақыннан жәрдем бермекте.
Мәмлекетимиз басшысының биз – фермер ҳәм дийқанларға қаратып атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлығы, азғана мийнетлеримизге берип киятырған жоқары баҳасы кеўлимизге қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлап, өз күшимизге болған исенимимизди еле де арттырады, соның менен бирге, өзимизге үлкен жуўапкершилик те жүклейди.
Бул жуўапкершилик бизлерден еле де нәтийжели мийнет етиўди, аўыл хожалығының басқа тармақлары сыяқлы пахташылық бойынша шәртнамалық миннетлемемизди де мақтаныш пенен орынлаўымызды талап ететуғынлығын, әлбетте, бәршемиз жақсы билемиз.
Әсиресе, өнимниң тәғдиринде шешиўши мапаз басланып атырған усы күнлерде бул ҳақыйқатлықты терең сезбектемиз.
Ҳақыйқатында да, аўыр мийнет ҳәм көп қаржы есабынан жетистирилип атырған өнимди тек ғана толық сақлап қалыў емес, ал оны еле де көбейтиў мақсетинде аўыл хожалығы хызметкерлери ҳәм жуўапкерлери, суўшы ҳәм механизаторлар, аграр тараўы қәнигелери менен биргеликте барлық фермер ҳәм дийқанлардың жуўапкершиликти еки есеге көбейтип, күни-түни атызда болыўымыз, бир жағадан бас шығарып ислеўимиз және быйыл ғәлле сыяқлы пахтадан да мол өним ҳәм жоқары дәрамат алыўымыз шәрт.
Көпти көрген тәжирийбели фермер ҳәм дийқанларымыз июль-август айлары пахта саррас раўажланатуғын, дийқанның тили менен айтқанда, егин күни-түни күшке киретуғын, өним топлайтуғын ең әҳмийетли мапаз екенлигин, бул дәўирде қандай агротехникалқ жумыслар әмелге асырылыўы зәрүрлигин оғада жақсы биледи.
Буны дурыс түсинетуғын ўәлаятымыз фермерлери 2019-жылғы пахта өними ушын дүзилген контрактациялық шәртнамаларын қайта көрип шықты. Нәтийжеде пахта жетилистиретуғын 1 мың 474 фермер хожалығының 282 си жобадағы 26,7 центнер орнына гектарына 40 центнерден, 897 си 35 центнерден ҳәм 295 и 30 центнерден жоқары өним алыў ушын жаңадан шәртнамалар дүзип, пахта таярлаў бойынша шәртнама жобасын ўәлаят бойынша артығы менен орынлаўға қарар етти.
Ҳүрметли зәбердес фермер ҳәм дийқанлар!
Биз – сырдәрьялы фермер ҳәм дийқанлар, пахташылық кластерлериниң жумысшы ҳәм хызметкерлери ғаўашаның тәәрбиясында оғада айрықша әҳмийетке ийе болған ҳәзирги күнлердиң ҳәр бир минутын ғәниймет билип, 20-июльден 30-августқа шекем болған мүддетти «Ғаўашадан кепилликли өним жаратыўдың 40 күнлик ылғаллы айлығы» деп жәриялаўды усыныс етемиз.
Әне сол ылғаллы дәўир даўамында төмендеги илажларды әмелге асырыўға қатаң итибар қаратыўымыз зәрүр, деп есаплаймыз.
Бириншиден, шөлкемлестириўшилик жумысларды және бир мәрте, бүгинги күн талабынан келип шыққан ҳалда, пуқта режелестирип алайық.
Екиншиден, дийқанларымыздың топлаған көп жыллық бай тәжирийбесине сүйенип, заманагөй илим ҳәм билимниң табыслары, инновациялық агротехникаларды қолланыўға айрықша итибар қаратайық.
Сыр емес, кейинги жылларда глобал ықлым өзгерислериниң унамсыз ақыбетлери мәмлекетимизде де сезилмекте. Быйыл 11-июльден берли республикамыздың барлық аймақларында қурғақ ҳәм ыссы ҳаўа сақланып қалмақта Температура өткен жыллардың усы дәўириндеги орташа нормасынан 5-7 дәреже жоқары болмақта.
Бундай жағдай бәршемизден және де исбилерменлик пенен ислеўди талап етеди. Биз тәбият қыйыншылықларын өз билим, тәжирийбе ҳәм көнликпелеримизге сүйенип мәртлик пенен жеңип өтиўимиз, өткен жыллардағы нәтийжелер менен шекленип қалмай, және де жоқары шеклерди гөзлеп жумыс ислеўимиз керек.
Усы күнлерде суўшылардың санын еки есеге көбейтип, олар ушын зәрүрли шараятларды жаратып, күни-түни ғаўашаны сапалы суўғарыўды тәмийинлейик.
«Зер қәдирин зергер, суў қәдирин суўшы биледи», дейди халқымыз. Усы ҳикметли сөзге әмел етип, суўдың бир тамшысын да заяламай, ғаўашаны тек ғана түнде, белгиленген система тийкарында, шербет усылында суўғарып, ғаўашаның түбинде ҳәмме ўақытта ызғар сақланыўына итибар берейик.
Үшиншиден, бар культиваторларды атыздан шығармастан, олардың «Отряд» ҳәм «наряд» системасында ислеўин шөлкемлесирип, суўғарылған жерлердың тапқа келиўи менен избе-из «жумсақ» культивациялайық.
Төртиншиден, ғаўашаны чеханкалаўды 25-июльге шекем толық жуўмақлап, зыянкеслерге қарсы комплексли қатнас жасаў тийкарында гүресиўди даўам еттирип, ғаўашаны арнаўлы препаратлар менен қайта ислеўге ҳәм усы илажларды күнниң салқын ўақытларында әмелге асырыўға итибар берейик.
Жуўмақлап айтқанда, тәбият өзбек дийқанларының неге уқыплы екенин, олардың сабыр-тақаты, билим ҳәм тәжирийбесин және бир мәрте сынақтан өткерип атырған усы күнлерде ҳәммемиз бир жағадан бас шығарып, аҳмийетли агротехникалық илажларды өз ўақтында және сапалы әмелге асырып, барлық ҳәрекетлеримизди пахтадан жоқары өним жетистириўге бағдарлайық.
Әзиз ўатанласлар, қәдирли фермерлер!
Бүгин халқымыз бизлерди «ырысқы несийбемиздиң дөретиўшилери» деп улығлап, күш-жигеримиз, ғайрат ҳәм төзимимизге көз тигип турғанын бир дем болса да, ядымыздан шығармаўымыз керек.
Дастурханымыз молшылықта, базарларымыз өнимлерге толы ҳәм арзан, турмысымыз абадан болыўы бизлердиң машақатлы мийнетимизге байланыслы. Өйткени, бүгинги күнде пахташылықтың тек ғана мәмлекетимиз санаатының раўажланыўында емес, ал халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўдеги орны да шексиз болып, оны ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды. Атап айтқанда, базарларымызды гөш, сүт, мәйек сыяқлы әҳмийетли азық-аўқат өнимлери менен толықтырыўда усы тармақтын роли қаншелли үлкен екенлигин умытпайық.
Бизлер ҳүрметли Журтбасшымыздың жоқары дәрежедеги исенимин ақлап, елимиздиң раўажланыўына ҳәм халқымыздың абаданлығына мүнәсип үлес қосыў ушын ҳәммеңизди шын кеўилден ҳадал ҳәм пидайы мийнет етиўге шақырамыз!
Ҳәммеңизге беккем денсаўлық, ийгиликли ҳәм жоқары инсаныйлық жумысларыңызға берекет ҳәм табыслар тилеймиз. Быйылғы мәўсимде үлкен қырман жыйнап, халқымыз алдында жүзимиздиң жарқын болыўы ҳәммемизге несип етсин.
Сырдәрьялы фермер ҳәм дийқанлар
ӨзА