Түнги ўақытта жумыс алып баратуғын улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлерде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди (624-санлы 24.07.2019ж.)
Қарарға муўапық, 2019-жыл 15-октябрьден баслап улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлер төмендеги талаплар орынланғанда ғана күни-түни жумыс алып барыўы мүмкин:
көрсетилген объектлердиң ишки бөлимине, соның ишинде, хызмет көрсетиў бөлмелери, кириў ҳәм шығыў орынларына көринисти кеминде отыз күн даўамында сақлаў имканияты болған видеобақлаў системасын орнатыў;
имаратлардың әтирапын, автостоянка ҳәм басқа да тийисли аймақты жетерли дәрежеде (кеминде 10 метр аралықта) жақтыландырыў;
имаратта шаўқым нормаларына қойылған талапларға әмел етиў ямаса түнги ўақытта музыка ҳәм даўысты күшейтетуғын әсбаплардан пайдаланбаў;
өрт өшириў қураллары ҳәм медициналық жәрдем қутышалары менен тәмийинлеў;
ҳәмме ушын көринетуғын жерлерге эвакуация сызылмасы және оператив ҳәм қутқарыў хызметлериниң телефон номерлери ҳаққында мағлыўматлар орнатыў.
Көрсетилген объектлердиң басшысы усы талаплардың орынланғаны ҳаққында аймақлық ишки ислер уйымларына мағлыўмат усынады.
Талапларға әмел етпеген ҳалда түнги ўақытта жумыс алып барыў қадаған етиледи ҳәм тийисли тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
Талаплар шеңберинде түнде ислейтуғын усы объектлердиң жумысына ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен араласыў қадаған етиледи.
Усы объектлер тәрепинен қарардың талаплары бузылса ямаса жәмийетшилик тәрепинен турақлы шағымлар түссе тийисли ҳәкимликлер тәрепинен олардың түнги ўақытта жумыс алып барыў ҳуқықы бийкар етилиўи мүмкин.
Түнги ўақытта жумыс алып баратуғын бундай объектлер жайласқан жөнелислерде патруль топарлары тәрепинен турақлы қадағалаў орнатылады.
Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен кейин күшке киреди, деп жазады Ҳуқықый мәлимлеме каналы.
ӨзА