Олий Мажлис Сенаты Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усы жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылыўы белгиленген мақсетли ўазыйпаларының орынланыўы бойынша есабы тыңланды.
Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыў, сырт ел мәмлекетлери менен қатнасықларда, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерде Өзбекстанның мәмлекетлик мәплерин ҳәм оның пуқараларының ҳуқықларын қорғаў бағдарында избе-из жумыс алып барылмақта. Бунда министрликлер, уйымлар. мәкемелердиң халықаралық байланысларды раўажландырыў бойынша жумысын муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, 2019-жылда Сыртқы ислер министрлигиниң жуўапкершилигине 24 мақсетли ўазыйпа жүкленген болып, олардың 21 ин орынлаў мүддети 2019-жылдың январь-июнь айлары етип белгиленген еди. Бул бағдарда министрлик тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылған. Соның ишинде, жыл басынан берли сырт елге 6 жоқары дәрежедеги рәсмий сапар, Өзбекстанға болса сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық структуралар басшыларының 4 сапары шөлкемлестирилди.
Усы жылдың басында Самарқанд қаласында Аўғанстанның қатнасыўындағы «Ҳиндстан – Орайлық Азия» форматындағы сыртқы ислер министрлери дәрежесиндеги биринши ушырасыўдың өткерилгени ҳәм илаждың жуўмағы бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилгени республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысында айрықша әҳмийетке ийе болды. 5-10-апрель күнлери Термиз қаласында Мәденият министрлиги тәрепинен Халықаралық бақсышылық өнери фестивалының табыслы өткерилиўинде Сыртқы ислер министрлигиниң де салмақлы үлеси бар.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен тийкар салынған БМШ қәўендерлигиндеги Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фондына сырт елли бирге ислесиўшилердиң қаржыларын тартыў бойынша мақсетли жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, комитет тәрепинен өткерилген үйрениўлер даўамында Сыртқы ислер министрлигиниң жумысында белгили кемшиликлерге жол қойылғаны да анықланды.
Атап айтқанда, экономикалық дипломатияны күшейтиў бойынша ўазыйпа шеңберинде белгиленген Өзбекстанның миллий өнимлери ҳәм хызметлерин дүнья базарларына алып шығыў және мәмлекетке туристлердиң келиўин арттырыўда керекли дәрежедеги нәтийжелиликке еле ерисилмеген.
Буннан тысқары. министрликтиң халықаралық шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўин жеделлестириў, атап айтқанда, илим ҳәм билимлендириў тараўларында ЮНЕСКО, ҒМДА, ШБШ сыяқлы структуралар менен өткерилетуғын илажлардың көлемин кеңейтиў керек екенлиги атап өтилди.
* * *
Усы күни Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети тәрепинен Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң ярым жыллық жумысы ҳәм келешектеги режелери бойынша есабы да тыңланды.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен сырт ел инвестициясын тартыў бойынша жумысларды муўапықластырыў, халықаралық экономикалық ҳәм финанс институтлары, сырт елли финанс шөлкемлери менен еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме форматта өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди алып барыў сыяқлы бағдарларда белгили жумыслар әмелге асырылмақта.
Бунда мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер, Өзбекстанның халықаралық ҳәм сырт ел финанс, экономикалық институтларындағы турақлы ўәкиллериниң жумысын муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Мәжилисте атап өтилгениндей, Инвестициалар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳалықаралық исбилерменлик топарларында перспективалы инвестициялық жойбарлардың презентацияларын турақлы түрде өткермекте. Атап айтқанда, усы жылдың январь-июнь айларында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде экономика ҳәм социаллық тараўдың ең талап көп бағдарларында 5,3 миллиард доллар муғдарында инвестициялар өзлестирилди.
2019-жылы министрликке 41 мақсетли ўазыйпа жүкленген болып, соннан 9 тапсырманы орынлаў мүддети 2019-жылдың биринши ярым жыллығына белгиленген.
2019-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында тийкарғы баҳалаў нормаларындағы орынланыўы керек болған 9 тапсырманың 4 ўи орынланбаған. Соның ишинде, министрлик тәрепинен 140 ири өндирис объектин иске түсириў бойынша инвестициялық жойбарлардың «Жол карталарын» ислеп шығыў белгиленген болса да, ҳәзирги күнде тек ғана 40 жойбардың иске түсирилгени анықланды.
Сондай-ақ, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине ағза мәмлекетлер кредит тәўекелшилигин классификациялаўда Өзбекстанның позициясын үгит-нәсиятлаў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў, мәмлекетимиздиң усы абырайлы халықаралық структура рейтингиндеги орнын арттырыў бойынша илажлардың режесин таярлаў ҳәм оны Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныў бағдарындағы жумыслардың арқайнлық дәрежеде екенлиги бақланбақта.
Сенаторлар тәрепинен усыныслар билдирилди ҳәм мәжилис жуўмағында комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.
Нурилло Насриев
ӨзАның хабаршысы