Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министр Мансур бин Зоид Ол Наҳаён менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары Шавкат Мирзиёевты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған мәмлекетте тарийхый жаңаланыўлар бөлып атырған бүгинги әҳмийетли дәўирде бахыт-ығбал ҳәм тасқын табыслар, көп миллетли Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер додаланды.

Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамлық қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Кейинги жылларда биргеликтеги ийгиликли ҳәрекетлер себепли еки тәреплеме байланыслар анық мазмун менен байығаны атап өтилди.

Товар алмасыў көлеми избе-из артып, Россияның жетекши компания ҳәм банклериниң қатнасыўында мәмлекетимиз экономикасының түрли тармақларында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Аймақларының тиккелей бирге ислесиўи жеделлести. Билимлендириў, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўлар бойынша бирге ислесиў мисли көрилмеген дәрежеге көтерилди.

Мәмлекет басшылары еллеримиз халықларының абаданлығы жолында, пүткил Орайлық Азияның турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов  пенен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларының перспективалы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық сиясатқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.

Мәмлекет басшылары туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик избе-из беккемленип,  көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда кеңейип атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сондай-ақ, Президентимиз Түркменстан басшысына быйыл август айының басында «Аваза» миллий туризм зонасында болып өтетуғын биринши Каспий экономикалық форумын өткериўде табыслар тиледи.

Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаевқа көп қырлы Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўиниң раўажланыўы ҳәм беккемлениўин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Кейинги жылларда еки мәмлекет арасында саўда көлеми бир неше есеге өсти, әҳмийетли бағдарларда перспективалы кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, транспорт ҳәм транзит коммуникациялары тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте. Исбилерменлик байланыслары ҳәм аймақлараралық алмасыўлар жеделлести.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Қазақстан Бас министрлериниң басшылығындағы қоспа Ҳүкимкетлераралық комиссияның жумысы шеңберинде әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен сөйлесиўде өз-ара үнлес сиясий ерк-ықрар ҳәм жедел ҳәрекетлер еки тәреплеме дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге хызмет еткени айрықша атап өтилди.

Бүгинги күнде еки тәреплеме пайдалы Өзбекстан – Тәжикстан бирге ислесиўи жоқары дәрежеге көтерилип, барлық тараў ҳәм бағдарларды қамтып алған.

Мәмлекет басшылары өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперацияны кеңейтиў, жедел гуманитарлық алмасыўларды, соның ишинде, шегаралас аймақлар арасындағы байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.

Усы мүнәсибет пенен өткен ҳәптеде еки мәмлекеттиң ҳүкиметлик делегацияларының қатнасыўында «Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы» автомобиль жолының ашылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларды табыслы өткериўге айрықша итибар қаратылды.

 

 Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Қырғызстан стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги байланыслар жеделлескени, товар алмасыў көлеми артып атырғаны, гуманитарлық алмасыўлар жеделлескени айрықша атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди, соның ишинде, ҳүкиметлераралық комиссиялар шеңберинде даўам еттириўге келисип алынды.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған  мәмлекетимиз басшысының еллеримиз арасындағы көп қырлы қатнасықларды бүгинги жоқары дәрежеге көтериўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Ҳүкиметлераралық комиссияның күни кеше Анкара қаласында болып өткен гезектеги мәжилиси және Өзбекстан-Түркия бизнес-форумының нәтийжели болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қыйлы бағдарларда, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда ерисилген және қол қойылған келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў бойынша тәреплердиң умтылысы исенимли екени атап өтилди.

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министр Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён БАӘ Президенти Шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаён, Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры, БАӘ Қураллы күшлери Жоқары бас сәркардасының орынбасары Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён ҳәм БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлигиниң ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактумниң қызғын қутлықлаўын ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиўде быйыл март айында БАӘға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапардың жуўмақлары айрықша баҳаланды.

Қаржы ҳәм инновациялар тараўларында, энергетика, нефть-газ ҳәм химия санаатында, транспорт, туризм ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын модернизациялаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да бағдарларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы БАӘ жетекши компаниялары менен шөлкемлериниң алдынғы тәжирийбеси ҳәм билимлеринен пайдаланған ҳалда өз-ара пайдалы бирге ислесиўге байланыслы қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды жақсы алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.

*   *   *

Туўылған күн мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан қутлықлаў хатлары келмекте.

Қутлықлаўларда миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышында халықтың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў, халықаралық майданда елимиздиң абырайын беккемлеўге қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетимиз басшысының бийбаҳа роли атап өтилген, көп миллетли Өзбекстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўымды қабыл еткейсиз.

Сиз ўатанласларыныз арасында ҳәм сырт елде Өзбекстанның экономикалық және социаллық раўажланыўы ушын үлкен жумысларды әмелге асырып атырған тәжирийбели ҳәм узақты көре алатуғын мәмлекетлик ғайраткер сыпатында ҳақылы түрде жоқары ҳүрметке мүнәсипсиз. Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды беккемлеўге Сизиң жеке қосқан үлесиңиз шексиз.

Конструктивлик сөйлесиўимиз ҳәм жақын бирге ислесиўдеги жумысымызды даўам еттириў маған үлкен қуўаныш бағышлайды. Сизиң Россияға келешектеги сапарыңыз туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында барлық тараўларда еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

Сизге, ҳүрметли Шакат Миромонович, шын кеўилден беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Соңғы жылларда Қытай менен Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында унамлы өсиў тенденциясы көзге тасланбақта – сиясий өз-ара исеним турақлы бекленбекте, «Бир мәкан, бир жол»ды биргеликте қурыў бойынша ис-ҳәрекетлер кеңеймекте, мәмлекетлеримиз арасындағы гуманитарлық байланыслар ҳәм регионаллық және халықаралық мәселелердеги өз-ара бирге ислесиў жеделлеспекте.

Быйыл апрель айында Пекин қаласында «Бир мәкан, бир жол» екинши халықаралық форумы шеңберинде болып өткен нәтийжели ушырасыўымыз еки тәреплеме қатнасықларға жаңа пәт бағышлады. Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға жоқары итибар қаратаман, арамыздағы беккем дослықты жүдә қәдирлеймен, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында көп тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа шеклерине ерисиў ушын Сиз бенен биргеликте бар ис-ҳәрекетти иске қосыўға таярман.

Сизге беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетлик лаўазымдағы жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасының Баслығы

Сондай-ақ, төмендегилер өзлериниң қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев;

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков;

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов;

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко;

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев;

Молдова Республикасы Президенти Игорь Додон;

Армения Республикасы Президенти Армен Саркисян;

Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин;

Индонезия Республикасы Президенти Жоко Видодо;

Иран Ислам Республикасы Президенти Ҳасан Руҳоний;

Россия Федерациясы Федераллық Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентине Матвиенко;

Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Дмитрий Медведев;

Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян;

ҒМДА Атқарыў комитетиниң Баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

ӨзА