«Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў және биргеликте раўажландырыў» жойбары шеңберинде халқымыз, әсиресе жаслар арасында суў ҳәм экология машқалалары кең түрде үгитнәсиятланып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Европа аўқамының Орайлық Азия регионындағы Экология орайы ҳәм оның елимиздеги филиалы, «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен әмелге асырылып киятырған жойбар шеңберинде өткерилип атырған гезектеги илажлар республикамыздағы балалар дем алыў орайларында ҳәм Жаслар орайында өткерилди.

Атап айтқанда, Нөкис қаласы аймағындағы «Жас әўлад» балалар саўалландырыў орайында болып өткен ушырасыўда қәнигелер суўдың инсан өмириндеги әҳмийети, елимизде суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Соның ишинде, дәрьялар, каналлар, суў сақлағышлар туўралы сөз етилетуғын «Өзбекстандағы суў бассейнлери» темасындағы ведеоролик балаларда айрықша тәсир қалдырды.

Буннан кейин балалар арасында «Ең мазалы ҳәм пайдалы ишимлик» темасында таңлаў өткерилди. Онда қатнасыўшыларға 10 түрдеги суўдың арасынан ең мазалы ҳәм пайдалысын анықлаў ўазыйпасы қойылды.  Беллесиў жуўмағында қудықтың суўын «Ең мазалы ҳәм пайдалы ишимлик» деп тапқан топар ағзалары жеңимпаз деп табылды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Суўдың жер жүзиндеги бөлистирилиўи, бүгинги күни суў там-тарыслығынан қыйналып атырған халықлар, суўды ысырап етиўдиң ақыбетине бағышланған «Суў ҳәм экология» темасындағы қәнигелердиң шығып сөйлеўлери балаларда айрықша қызығыўшылық оятты. Соның ишинде, Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық машқалаларды сапластырыў, аймақ халқының турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

Жыйналғанларға «Тоғайзарлыққа айланып атырған Арал теңизи» видеоролиги қойып берилди.  Балалардың илаж барысында алған билим және көнликпелерин билиў мақсетинде «Суў өмирдиң өзи» темасында таңлаў өткерилип, жеңимпазларға саўғалар тапсырылды.

Жаслар орайында болып өткен илажда болса, елимизде турмыслық ҳәм санаат шығындылары, оларды топлаў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў бойынша алып барылып атырған илажлар, жетискенликлер менен бир қатарда орын алып атырған айырым машқалалар бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.  Буннан кейин қатнасыўшылар тәрепинен «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң елимиз халқына Мүрәжаты додаланды ҳәм оны кең жәмийетшиликке жеткериў мәселеси сөз етилди.

-Жойбар шеңберинде өткерилип атырған ҳәр қандай илажларға жасларымызды ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин көбирек тартыўды мақсет еткенбиз,-дейди «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң жетекши қәнигеси Алимардан Хожақулов.-Мақсетимиз усы арқалы халқымыздың суў ҳәм экологиялық саўатлылығын арттырыў, олар арасында суўдан үнимли пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў болып табылады.

«Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў және биргеликте раўажландырыў» жойбары шеңберинде гезектеги илажды республикамыздың ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен өткериў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.