Усы жылдың 21-июль күни Қанлыкөл районында жасайтуғын 27 жаслы С.Т. ишки ислер бөлимине мүрәжат етип, усы жылдың 17-июль күни намәлим адам оның үйине нызамсыз түрде бастырып кирип, өмирлик жолдасы 23 жаслы Л.К.ның бетине қолы менен урып, күш ислетип қорқытып, үйинен 3 миллион сум ақшасын алып кеткенлигин билдирген.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылған еди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Қанлыкөл районында жасайтуғын 25 жаслы Т.Д. әмелге асырғаны анықланып, усланған.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте, деп хабар берди ӨзР ИИМ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.