Қанлыкөл районында усы жылдың 24-июль күни саат 11:40 ларда Әмиўдәрья районында жасайтуғын 33 жаслы И.Д. басқарыўындағы «ВАЗ-2107» маркалы автомашинасын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолында басқарып баратырып, басқарыўды еплей алмастан жолдың шетиндеги бетон бағанаға урылып, соқлығысқан.

Ақыбетинде автомашинадағы еки жолаўшы жарақат алып, ўақыя жүз берген орында қайтыс болған. Транспорт басқарыўшысы И.Д. ҳәм 19 жаслы және бир жолаўшы А.А. жарақатланып, емлеўханаға жатқарылған.

Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта, деп жазады ӨзР ИИМ.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.