24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўден алдын Түркия жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы қатнасықларда бүгинги жоқары дәрежеге ерисиўине қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Күни кеше Анкара қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси және Өзбекстан-Түркия бизнес форумының нәтийжелери табыслы болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қыйлы бағдарларда, дәслеп, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда ерисилген және қол қойылған келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў бойынша тәреплердиң умтылысы исенимли екени атап өтилди.

Мәмлекетлер басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты, сондай-ақ, келешектеги еки тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.

ӨзА