Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков телефон арқалы сөйлести.

Сооронбай Жээнбеков Қырғызстан халқы ҳәм жеке өзиниң атынан мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм табыслар тиледи.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Қырғызстан стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги байланыслар жеделлескени, товар алмасыў артып атырғаны, гуманитарлық алмасыўлар жеделлескени айрықша атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў мақсетинде биргеликтеги ҳәрекетлерди, соның ишинде, ҳүкиметлераралық комиссиялар шеңберинде даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА