Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиўден алдын Гурбангули Бердимуҳамедов мәмлекет басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, көп миллетли Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.
Мәмлекет басшылары туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықлары избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Еки тәреплеме қатнасықлар, халықаралық ҳәм регионаллық сиясатқа байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.
Президентимиз Түркменстан басшысына қызғын қутлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирип, быйыл август айының басында «Аваза» миллий туризм зонасында болып өтетуғын биринши Каспий экономикалық форумын өткериўде табыслар тиледи.
ӨзА