Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оның туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги үлкен үлесин айрықша атап өтти.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме товар алмасыўды буннан былай да арттырыў, санаат кооперациясын күшейтиў, транзит потенциалы ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўдеги кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен өткен ҳәпте даўамында еки мәмлекеттиң ҳүкиметлик делегацияларының қатнасыўында «Бейнеў-Ақжигит-Өзбекстан шегарасы» автомобиль жолының ашылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларды табыслы өткериўге айрықша итибар қаратылды.

ӨзА