Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында Владимир Путин мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, абаданлық ҳәм табыслар тиледи.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамлық қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Кейинги жылларда биргеликтеги ийгиликли ҳәрекетлер себепли еки тәреплеме байланыслар анық мазмум менен байығаны атап өтилди.
Ҳүкиметлераралық институтлар нәтийжели жумыс алып бармақта, товар алмасыў көлеми избе-из артып, Россияның жетекши компания ҳәм банклериниң қатнасыўында мәмлекетимиз экономикасының түрли тармақларында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Россия аймақларының әмелий бирге ислесиўи жеделлести. Билимлендириў, мәдений-гуманитарлық тараўларда алмасыўлар бағдарындағы бирге ислесиў мисли көрилмеген дәрежеге көтерилди.
Сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалады және алдағы илажлардың режесин көрип шықты.
Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери мәмлекетлеримиз халықларының раўажланыўы жолында пүткил Орайлық Азияның турақлылығын ҳәм раўажланыўын тәмийнлеў мақсетинде кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы умтылысы исенимли екенлигин тастыйықлады.
ӨзА