Тарийх тулғалар хызметинен қуралады демекши, республика, мәмлекетимиз тарийхы да жеке адамлар, районлар тарийхынан пайда болады.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев өзиниң 2017-жыл августтағы Өзбекстан дөретиўши-зиялылар ўәкиллери менен ушырасыўында шығып сөйлеўинде:
«Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар. Мен исенемен, несип етсе, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз, уллы әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримиз де, әлбетте, болады.» Сондай-ақ, бул бағдардағы пикирин даўам еттирип, Ҳүрметли Президентимиз және : «Дөретиўшилеримиз тарийхый темаға қол урып, көлемди кеңирек алыўға, шекти жоқары қойыўға айрықша итибар бериўин қәлер едик. Шет еллерде Спартак, Ганнибал, Александр Македонский, Наполеон, Леонардо да Винчи, Бетховен, Лев Толстой сыяқлы уллы шахслар туўралы тарийхый ҳәм көркемлик жақтан толық қандай жетик шығармалар жаратылған!
Неге дегенде, бизиң уллы бабаларымыз да олардан артық болса артық-дә, бирақ ҳасла кем емес,» дегенде қаншелли ҳақ еди дейсиз.
Жақында белгили жазыўшы ҳәм журналист, илимпаз Алланазар Әбдиев ҳәм журналист Аллашбай Реймовлардың авторлығында «Тахтакөпир тәрийпи» атлы тарийхый-әдебий ҳәм өмирбаянлық бағдардағы үлкен көлемли китабы басылып шықты.
Китапта нешше әсирлер бойы халқымыз жасап, өнип-өсип киятырған Тахтакөпир районы ҳаққында, оның өткени, бүгини сөз етиледи.
Тахтакөпир аймағының өтмиши, қорған қалалары тарийхы, елат-мәканлары, дәрья-көллериниң тарийхы, ең баслысы, халық тынышлығы ушын жанын пидә етип, ерлик көрсеткен ҳәм парахат турмыста қаҳарманлық мийнет ислеген тулғалары, халықтың абадан жасаўына үлес қосып атырған ел азаматлары ҳаққындағы мақала-мағлыўматлар жәмленген.
Китап
«Бөрши таўдан күн күлимлеп жадырар,
Шығыс жақтан түссе таңның шуғласы,
Қубласында «Шоқтораңғыл» булдырар,
Еки орталық Тахтакөпир даласы»
деген ҳәммениң қулағына жағымлы нама менен жетип барып, кеўиллеринен жыллы орын ийелеген, бир ўақлары бир жағы Бөрши, бир жағы бүгинги Кегейлиниң «Шоқтораңғыл»ына шекемги кең пайтахт жерди ийелеген Тахтакөпир районын тәрийплеген көтериңки руўхтағы қосық пенен ашылады.
Кирисиў бөлиминде «Ғәрезсиз Өзбекстан, қуяшлы Қарақалпақстан, гүлленген Тахтакөпир»диң бүгинги келбетине тоқталады.
Район ҳаққында ҳәр тәреплеме қысқа мағлыўматлар берилип, район аймағындағы қала-қорған, жер-суў, көл-таў, атақлы азаматлары исмлери аталып, мақтаныш етиледи. Сондай-ақ, барлық тараўда хызмет етип, мийнети сиңген көп азаматлардың өмир жоллары сәўлелендирилген.
Үлкен еки баптан ибарат китаптың 1-бабында райондағы тарийхый естеликлер, қала-қорған, жер-суў атамалары, тарийхый тулғалары олар туўралы әпсана, рәўиятлар келтириледи.
Район аймағына халықтың қонысласыў тарийхы, елаттың «Тахтакөпир» аталыўы, районның дүзилиўи, оның кешеги ҳәм бүгинги экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажланыў тарийхлары фактлерге тийкарланып сөз етиледи.
Екинши үлкен бап «Тахта азаматлары» деп аталып, бөлимлерге ажыратылады. Бул район Жийен жыраў, Өтеш, Аббаз, Аллаяр Досназаров, Наўрыз Жапақов, Өтенияз Бекимбетов, Қәллибек Камалов, Самбай Қошмуратов, Қаршыға Кенжебаев, Тимур Камалов, Үббинияз Әширбеков, Ғайратдин Хожаниязов, Сәрсенбай Сейтназаров, Палўанияз Абдуллаев, Өтамбет Арзымбетов, Сабыр Камалов, Уснатдин Өтемуратов, Шамурат Өтемуратов, Абдисайт Пахратдинов, Жақсылық Палўанов, Қуўатбай Әбдиреймов, Нажиматдин Мухамметдинов, Тамара Дошумова, Гүлхатийша Айымбетова, Өмирбай Қосымбетов ҳ.т.б көплеген жәмийетлик, сиясий ғайраткерлер, Мийнет ҳәм Өзбекстан Қаҳарманлары, атақлы шайыр, жазыўшы, көркем өнер ийелери, илимпазлардың киндик қаны тамған қутлы үлке, мәкан.
Бүгинги Қараөзек аймағы да бир дәўирлерде Тахтакөпир аталған. Сонлықтан Тахтакөпирге мийнети сиңген бүгинги бираз қараөзеклилер де китаптан орын алғанлығы дыққатқа ылайық.
«Ҳақыйқый қаҳарманлық мийнети, мәртлиги менен тарийхқа жазылған исмди ҳеш ким, ҳәттеки дәўирлер де өшире алмайды» деген эпиграф пенен басланатуғын «Район басшылары» бөлиминде районға басшылық еткенлер мақтаныш тутылады. Тахта мийнеткешлерине, уллы инсанларына арналған И.Юсупов, Т.Жумамуратовлардан тартып Т.Қабулов, Ә.Әжиниязов, А.Реймов, Ж.Өтениязовлардың қосықларын да орынлы жеринде пайдаланғаны китаптың еле де оқылыўшаңлығын арттырып, мазмунын байытқан.
Бүгинги күни де тахтакөпиршилер районы, республикамыздың гүллеп-жаснаўы жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Авторлар елаттың елат, гүлленген үлке болыўында кимниң мийнети сиңсе, барлығын да китапқа қамтыўға ҳәрекет еткени байқалады. Солай етип, топламда Тахтакөпир елатының еки әсирден аслам тарийхынан сыр шертиледи.
Китап соңында усы мәканнан шыққан жазыўшы, шайыр, лаққылардың дөретпелеринен үлгилер берилген. Пайдаланылған әдебиятлар көрсетилген.
Топламға ел ақсақаллары ҳәм илимпазлардан: Қәллибек Камалов, Үббинияз Әширбеков, Ғайратдин Хожаниязов, Бахыт Қощанов ҳ.б.лар жыллы пикирлерин билдирген.
70 х 100 1/16 форматындағы, яғный қәдимги китаплар форматынан үлкен бул топлам, соның өзинде көлеми 820 беттен турады. Солай етип улыўма баспа табағы 64 ке жеткен. Усыған қосымша бир баспа табақ көлеминде районның тәрийпин ашып беретуғын сүўретлер реңли түрде берилгени жүдә мақсетке муўапық болған. Сондай-ақ китап офсет усылында ҳәм сапалы басылған, оқыўшылардың қыйналмай оқыўы ушын үлкен шрифтта берилген.
Ташкент қаласындағы «Туран-Иқбол» баспасының маркасында «Азмир Нашр Принт» баспаханасында бир мың данада жоқары полиграфиялық сапада, шырайлы дизайнда басылып шыққан.
Топлам авторлардың төрт ярым жыллық дөретиўшилигиниң жемиси.
Китаптың шығыўына авторлардың бири Алланазар Әбдиевтиң өзи қәўендерлик еткен.
Тахтакөпир районына ҳәр тәреплеме тәрийп берилген тарийхый ҳәм көркем әдебий бул мийнет ҳәр бир тахтакөпиршиниң шаңарағында турыўға арзырлық китап болыўы менен бирге тек тахтакөпиршилер емес, барлық тарийхшы алымлар, үлке тарийхына қызығыўшылар, халқымыз ушын баҳалы саўға болған десек асыра айтқан болмаймыз.
Қарақалпақстан Хабар агентлиги