Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында Тәжикстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлады.
Президентимиздиң Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдеги орны ҳәм жедел хәрекетлерин айрықша атап өтти.
Сөйлесиўде мәмлекет басшылары еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалады.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм экономиканың түрли тармақларында кооперацияны кеңейтиў, жедел гуманитарлық алмасыўларды, соның ишинде, шегаралас аймақлар арасындағы байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА