Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик экономиканы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўда әҳмийетли фактор болып табылады. Усы тараў ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде соңғы еки ярым жылда Президенттиң елиўден аслам пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Атап айтқанда, исбилерменлик жумысын дизимнен өткериў, түрли рухсатнамалар алыў ҳәм басқа да көплеген хызметлердиң тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды. Бул бағдарда қолайлық жаратыў ушын Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оның орынлардағы орайлары шөлкемлестирилди. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Бизнсе-омбудсман) лаўазымы енгизилди.

Барлық аймақларда исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыл етип, шешиўге жәрдемлесетуғын Бас министрдиң қабыллаўханалары шөлкемлестирилди. Министрлер Кабинети жанында Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының жумысы жолға қойылып, оған 200 миллиард сумм ҳәм 50 миллион доллар қаржы ажыратылды. Коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлерге ажыратылып атырған кредитлердиң көлеми артты.

Бундай әмелий илажлар өз нәтийжесин бермекте. Киши бизнес елимиздиң жалпы ишки өниминиң дерлик 60 процентин, санаат өнимлери көлеминиң үштен бирин, аўыл хожалығы өниминиң 98 процентин, инвестициялардың ярымын тәмийинлемекте. Көпшилик ўәлаятларда экспорттың 70-90 проценти әне усы киши бизнеске туўра келеди. Усы жылдың 6 айында исбилерменлик субъектлериниң саны 60 мыңға артқан.

Мәжилисте бул көрсеткишлер реформалардың дәслепки нәтийжелери екени атап өтилип, тийкарғы итибар елеге шекем ушырасып атырған машқалаларды шешиўге қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят, район, қала ҳәкимлери ҳәм олардың биринши орынбасарлары пүкиллей жаңаша ислеп, 70 процент ўақтын аймақта исбилерменликти раўажландырыўға жумсаўы кереклигин атап өтти.

Барлық дәрежедеги ҳәкимлер ҳәм олардың биринши орынбасарларының жумысына жаңадан шөлкемлестирилген ямаса жумысы қайта тикленген киши кәрханалар ҳәм оларда жаратылған жумыс орынлары санынан келип шыққан ҳалда баҳа берип, хошаметлеў бойынша жаңа система енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Баҳа бериўде кәрханалардың турақлы ислеў көрсеткиши тийкарғы өлшемлерден бири болыўы кереклиги белгиленди. Жаңа, шөлкемлестирилип атырған кәрханалардың кеминде 50 проценти кейинги 3 жыл даўамында ислесе, ҳәким ҳәм оның исбилерменлик бойынша биринши орынбасары, Саўда-санаат палатасының аймақлық бөлимлери басшыларын қосымша материаллық хошаметлеў нәзерде тутылмақта.

Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигине усы жаңа системаны енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Президенттиң Сырдәрья ўәлаятына өткен ҳәптедеги сапары шеңберинде Ховос районын «Исбилерменлик аймағы»на айландырыў бойынша усыныс етилген басламасын әмелге асырыў мәселеси де көрип шығылды.

Экономика ҳәм санаат министри басшылығындағы Республикалық жумысшы топары ҳәр бир районның имканиятынан келип шығып, киши бизнести раўажландырыў бағдарлары бойынша усыныслар ислеп шығыўы зәрүрлиги атап өтилди. Усы усыныслар тийкарында исбилерменлерге оларды әмелге асырыў, кредит, жер ҳәм имарат ажыратыў, инфраструктураға жалғаў сыяқлы барлық мәселелерде жәрдем бериледи.

Видеоселектор мәжилисинде санаат тараўындағы киши бизнес субъектлери ҳәм ири кәрханалар арасында кооперацияны кеңнен жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәселен, автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысы тармақлары үйренилгенде исбилерменлик субъектлери ҳәм ири санаат кәрханалары арасында кооперация дерлик жоқ екенлиги, ақыбетинде елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлер және комплектлеўши бөлеклер импорт етилип атырғаны белгили болған. Ашынарлысы, айырым санаат кәрханалары киши өндириўшилер былай турсын, қарыйдарлардың талабы менен ислесиўди де билмейди.

Сонлықтан Экономика ҳәм санаат министрлигине он ири санаат тармағы, соның ишинде, аўыл хожалағы машина қурылысы, электротехника, қурылыс материаллары, химия, автосанаат кәрханалары менен киши бизнсе арасында санаат кооперациясын жолға қойыў ўазыйпасы жүкленди.

Сондай-ақ, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте кооперация ярмаркаларын өткериў, өнимлер ҳәм хызметлер өз ийесин табыўы ушын «Бирден-бир электрон кооперация биржа порталын» шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған және бир машқала-жойбарларды жайластырыў ушын жер ажыратыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Бул система елеге шекем ашық-айдын ислемей атырғаны көрсетип өтилди. Мысал ушын, 3 мың 500 гектар майдан «Жер электрон» мәлимлеме системасына усынылған болса да, соннан 1 мың 300 гектары ямаса 37 проценти ғана саўдаға қойылған.

Сол себепли, жуўапкерлерге жер ажыратыў мәселесине уйымлар менен келисиў, имаратты дизимнен өткериў процесслерин түп-тийкарынан әпиўайыластырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Банклердиң исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиўин жақсылаў ҳәм ажыратылып атырған кредитлердиң нәтийжелилигин арттырыў мәселесине де итибар қаратылды.

Ҳәзирги күнде кредит алыў тилегиндеги исбилерменниң мүрәжаты 3 басқышта, яғный район-ўәлаят-республика дәрежесинде көрип шығылады. Банктиң орайлық уйымы келисим бермесе, исбилермен кредит ала алмайды. Ақыбетинде бул процесс айырым жағдайларда айлап созылып кетпекте.

Сонлықтан, банклерде кредит ажыратыў мәселелерин бир ямаса еки текшеге көтериў, 70-100 хызметкер ислейтуғын филаллардың орнына 10-15 штаттан ибарат ықшам банк хызметлери орайларын көбейтиў лазымлығы атап өтилди.

Исбилерменлердиң кредит процент ставкаларына байланыслы пикирлери додаланып, кредитлер бойынша кепиллик бериў ҳәм процентлерди шамалы қаплаў мақсетинде шөлкемлестирилген Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының жумысын күшейтиў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Исбилерменлердиң имарат-объектлерин бузыў ҳәм буның ушын компенсация төлеў бойынша системалы қатнас жоқ екенлиги сынға алынды.

Әлбетте, орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары даўамында айырым имаратлардың бузылыўы тәбийғый жағдай. Бирақ, елатлы пунктлерди келешекте раўажландырыў режелерин есапқа алмай, үлкен аймақларда жайласқан объектлер бузып жиберилип атырғаны ақыбетинде оғада көп муғдарда компенсация төлемлери келип шықпақта. Ҳәкимликлер бузылатуғын имаратлардың орнында жаңа кәрханаларды қурыў бойынша инвесторларды таўып, компенсация төлеми олардың есабынан төлениўин тәмийнлемей атырғанлығы себепли бул қәрежетлер мәмлекетлик бюджеттиң мойнына түспекте.

Барлық ҳәкимлерди қатаң ескертемен-тийкарлы зәрүрлик болмақан жағдайда исбилерменлерге тийисли мүлкти бузыўға улыўма жол қойылмаўы зәрүр ҳәм шәрт, деди мәмлекетимиз басшысы.

Әдиллик ҳәм қаржы министрликлери, Саўда-санаат палатасына Бизнес-омбудсманның қатнасыўында мүлкти бузыў ҳәм компенсация төлеў тәртиплерин және де жетилистириў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте суд системасының киши бизнес субъектлериниң мүрәжатлерине көзқарасы ҳаққында да сөз болды.

Бизге белгили, сырт ел тәжирийбесинде 70 процент келиспеўшиликлер судқа шекем шешиледи. Себеби ислерди судта көрип шығыў үлкен қәрежет ҳәм көп ўақыт талап ететуғын процесс болып есапланады.

Усы көзқарастан исбилерменлер менен тиккелей ислесетуғын мәмлекетлик уйымларда келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў структураларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Әдиллик министрлиги, Жоқарғы суд ҳәм Саўда-санаат палатасына альтернатив төрешилик судларының жумысын ҳәм медиация институтын кеңейтиў мәселелерин нәзерде тутатуғын қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Экономика ҳәм санаат министрлиги системасында Исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў агентлигин шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Жаңа агентлик усы тараўды раўажландырыў бойынша мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын жуўапкер болады. Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының жумысын да муўапықластырып барады.

Тек ғана үлкен кәрханалар қурып, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў, бюджет түсимлерин көбейтиў мәселелерин толық шеше алмаймыз. Турмыс дәрежесин арттырыўдың ең  әҳмийетли жолы исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў болып табылады, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимлер шығып сөйледи.

ӨзА