2016-жылы 5 мың зыяратшы Ҳаж сапарына барған болса, 2017-жылдан берли олардың саны 2 мыңға көбейтилип, улыўмалық көрсеткиш 7 мыңға жетти. Быйылғы жылы да 7 мың мөмин-мусылман жерлеслеримиз Ҳаж сапарына барыўы күтилмекте.

Быйылғы жылдан баслап Сауд Арабиясында барлық түрдеги хызметлерге 5 процентлик қосымша қун салығы ҳәм мийманханаларға және 2,5 процентлик салық енгизилди. Бул, өз гезегинде, хызмет көрсетиў баҳаларының көтерилиўине себеп болады. Бирақ өзбекстанлы ҳәр бир зыяратшы ушын белгиленген хызметлер баҳасының көтерилиўи орнына, сезилерли дәрежеде арзанластырылды.

Президент басламасы менен Ҳаж мәўсими ушын қәрежетлер сметасы бойынша ҳәр бир зыяратшыдан алынатуғын қаржы 33 миллион 300 мың сум етип белгиленди. Яғный баҳа 5 миллион сумға арзанластырылды.

Және бир әҳмийетли жаңалық, быйыл өзбекстанлы зыяратшылар Мадина қаласында биринши мәрте «Масжид ан-Набавий»ден 50 метр қашықлықта жайласқан бес жулдызлы «Пулман замзам» мийманханасына орналасады. Макка қаласында болса Ҳарамнан алыс болмаған төрт жулдызлы «Аброж ал-Ҳидоя» мийманханасында болады. Ҳажылар ушын 24 саат даўамында заманагөй автобуслар бийпул хызмет көрсетеди.

Өзбекстанлы ҳажылар быйылғы жылдың 24-июль – 3-август күнлери Ташкент-Мадина, Бухара-Мадина, Самарқанд-Мадина, Қаршы-Мадина, Үргениш-Мадина, Наманган-Мадина, Нөкис-Мадина жөнелислеринде ҳаж сапарына шығарып салынады. Ҳажылар 17-август – 1-сентябрь күнлери елимизге қайтып келиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.