БУЛ БАҒДАРДА ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ЖАНЫНДАҒЫ АРАЛБОЙЫ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ИННОВАЦИЯЛЫҚ ОРАЙЫ ТӘРЕПИНЕН КЕҢ КӨЛЕМЛИ ИЛАЖЛАР ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛМАҚТА

Арал теңизиниң қурыған ултанындағы шорланған жерлерде илимий-изертлеў ҳәм әмелий жумыслардың көлемин арттырыў, экосистеманы жақсылаў және мүнәсип турмыс хызметин тәмийинлеў, изертлеўлер менен инновациялардың алдыңғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-октябрьдеги қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы шөлкемлестирилди. Ислам раўажландырыў банки ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының (ICBA) илимий-техникалық жәрдеминде шөлкемлестирилген орайдың тийкарғы ўазыйпасы ҳәм әҳмийетли бағдары Арал теңизиниң қурыған түбиндеги шорланған жерлерде экосистема ҳәм турақлы турмыс дәрежесин тәмийинлеў, халықаралық шөлкемлер менен инновациялық және жерлердиң шорланған аймағында экологиялық машқалаларды шешиў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў болып табылады. Сондай-ақ, тәжирийбе ушын экспериментальлық майданларды жаратыў, технологиялық трансфер ҳәм шорланыў шараятында изертлеўлер өткериў, усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик секторлардың бирге ислесиўин раўажландырыў бағдарындағы халықаралық инновациялық қарым-қатнасты шөлкемлестириў болып табылады.

Орай юридикалық субъект сыпатында Нөкис районынан дизимнен өтти ҳәм оның жанында  «Аралбойы аймағында инновацияларды қоллап-қуўатлаў» қоры шөлкемлестирилди. Нөкис районы ҳәкиминиң 2018-жыл 6-декабрьдеги қарары менен «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан орайдың кеңсе имараты, лаборатория, заманагөй мийманхана қурылысы ҳәм илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын 23,34 гектар жер майданы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышта алып барылмақта.

Орайға жас қәнигелерди тартыў мақсетинде, инглис ҳәм рус тиллерин жетик билетуғын отыздан аслам жас пенен ишки таңлаў комиссиясы тәрепинен сәўбетлесиў өткерилип, сынақтан өтти. Соннан жоқары нәтийжеге ерискен алты жас қәниге усы жылдың февраль айында Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласындағы Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайында(ICBA) шәртнама тийкарында әмелият өтеп, өзлериниң билим және көнликпелерин арттырып қайтты. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2018-жыл 21-ноябрьдеги протоколлық шешиминиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орайдың «Мойнақ» участкасы шөлкемлестирилди. Район ҳәкиминиң  қарары менен «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Аралбойының ықлым шараятына бейимлескен, шөлге ҳәм шорға шыдамлы егинлерди егиў және тәжирийбе-сынаў майданшасын шөлкемлестириў ушын 20,3 гектар жер майданы ажыратылды. Бүгинги күни участкада 9 қәниге менен жумысшы мийнет етпекте.

Участкада шөлге ҳәм шорға шыдамлы түрли егинлердиң туқымларын жыйнаў, ажыратып берилген жер майданларын абаданластырыў жумыслары алып барылды. Бул жердеги топырақтың агрохимиялық қурамын анықлаў мақсетинде Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң хызметкерлери менен биргеликте топырақтың үлгилери алынып, лабораториялық тексериўден өткерилди. Оның нәтийжеси бойынша 14,7 гектарға шөлге ҳәм шорға шыдамлы жәми 36 түрдеги өсимликтиң туқымы, нәли ҳәм қәлемшеси егилди.

Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтының усынысы менен шөлге ҳәм шорға шыдамлы түрли аўыл хожалығы және дәрилик өсимликлерди егиў ушын жер майданы ажыратылып берилди. Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң хызметкерлери менен өсимликлердиң түрлерин көбейтиў ҳәм жетистириў, бүгинги күнниң талабына сай келетуғын  интенсив балық өршитиў технологияларын қолланыў бойынша бирге ислесиў жолға қойылды. Шорланған жерлерде экосистеманы ҳәм жергиликли халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, агротоғай мелиорациясы, шөл майданларын тоғайзарлыққа айландырыў, суў асты егинлери, биоэнергетика, егинлердиң диверсификациясы, егислик жерлерди ҳәм жайлаўларды раўажландырыў темаларында жоқары оқыў орынларында дөгерек сәўбетлери өткерилмекте. Олар менен қурғақшылықты басқарыў, оның ақыбетлерин жумсартыў, ықлымның өзгериўин белгилеў, Аралбойы аймағында экологиялық орталықты  жумсартыўға қаратылған  заманагөй технологияларды өз ишине алатуғын инновациялық жойбарларды  ислеп шығыў және оларды әмелге асырыўда бирге ислесиў жолға  қойылмақта.

Соның менен бир қатарда, аўыл халқының турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған шорланған жерлердеги артезиан ҳәм коллектор суўларынан нәтийжели пайдаланыў жойбары үйренилмекте. Бул бағдарда пайдаланылмай атырған ҳәм ҳәрекеттеги артезиан қудықларының жайласыўын анықлаў жумыслары баслап жиберилди. Теңиздиң қурыған түбинде жайласқан артезиан қудықларының суўларын егинлерди суўғарыўда пайдаланыў имканиятларын үйрениў мақсетинде Қарақалпақстан мелиорация экспедициясы, халықаралық Аралды қутқарыў қоры атқарыў комитетиниң Нөкис филиалы менен биргеликте февраль айында Ақбеткей архипелагының әтирапындағы артезиан қудықлар суўының қурамын үйрениў бойынша экспедиция шөлкемлестирилди. «Жалтырбас» көли әтирапындағы Теңиздиң қурыған майданларында ҳайўанатлар дүньясын көбейтиў мақсетинде Бухара ўәлаятындағы арнаўлы «Жейран» питомнигинен сайғақ, қулан, Пржевалск атларын алып келиў ҳәм олдарды көбейтиў бойынша Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң хызметкерлери менен биргеликте дәслепки изертлеў жумыслары  баслап жиберилди. Бүгинги күни бир қатар шөлкемлерден аймағымызда экологиялық жағдайды турақластырыўға қаратылған бир нешше жойбар усыныслары келип түспекте,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының директоры Нурлыбек Мырзамуратов.-Олардың арасынан перспективалы  ҳәм мақсетке муўапық деп табылған 33 жойбар таярланып, соннан тоғызы БМШ жанында жаңадан шөлкемлестирилген Траст фондының қарджылары есабынан әмелге асырыў ушын,  24 жойбар болса Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине тапсырылды. Буннан тысқары, Германияның билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў бойынша Федераллық министрлигниң CLIENT II бағдарламасына «Шөлге ҳәм шорға шыдамлы өсимликлерди үйрениў бойынша компексли биолаборатория шөлкемлестириў» ҳәм «Арал теңизиниң қурыған жерлеринде от-жем,  шарўашылықты раўажландырыў ушын турақлы егинлер ҳәм егислик материалларын ислеп шығарыў ушын технологияны жетилистириў, шығынды суўынан пайдаланған ҳалда биоценозды қайта тиклеў ҳәм агробиоценоз моделин жаратыў» жойбарлары усынылды. Жәҳән банкиниң қаржыларын тартыў мақсетинде «Технология ҳәм билимлер трансфери ушын «Арборетум» шөлкемлестириў» ҳәм «Шөлге ҳәм шорға шыдамлы өсимликлерди үйрениў бойынша компексли биолаборатория шөлкемлестириў» жойбарлары, Канаданың жергиликли басламалар қорына (CFLI) «Қоршаған орталық ҳәм ықлым өзгерислерине бейимлесиў мәселелерин инновациялық жол менен шешиўди ғалаба хабар қураллары жәрдеминде сәўлелендирип барыў» жойбарын қаржыландырыў мәселеси көрип шығылмақта.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жәрияланған өзин-өзи қаплайтуғын стартап таңлаўына орай тәрепинен ислеп шығылған «Арал теңизиндеги мениң бағым» (My garden in the Aral Sea) агро-экотуризм бағдарындағы жойбар усынылды. Бул жойбарды әмелге асырыў ушын  «Мойнақ» участкасынан 1,8 гектар жер майданы ажыратылды.

Орай бүгинги күнде Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайында (ICBA) Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ (ИКБА-ЦАЗ) аймақлық ўәкилханасы, сондай-ақ, Ташкент Ботаника бағының Елликқала филиалы, Мойнақ районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби, «Ekomaktab» экология-ресурс орайы ҳәм басқа да бир қатар өз-ара түсинисиў бойынша 12 меморандум дүзилди.

Арал бойы аймағында экологиялық машқалаларды сапластырыў бойынша сырт еллердиң абырайлы шөлкемлери илимпазлары менен бирге ислесиўге ерисилмекте. Атап айтқанда, Японияның «OYO Corporation» корпорациясының ўәкили Сунао Обояши, Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ (ИКБА-ЦАЗ) аймақлық ўәкилханасының басшысы, профессор Кристина Тодерич, Японияның Киото университетиниң профессоры Кенжи Танака, Тохоку университетиниң профессоры Йошия Тоге менен тәжирийбе алмасылды. Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) ўәкилханасы, Жасыл өсиў Глобал институтының ўәкиллери «Мойнақ» участкасында болып, Аралбойының флора ҳәм фаунасы, биологиялық көп түрлилиги, тоғайзарлықты раўажландырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. Швейцарияның мәмлекетлик емес «LATMA» ассоциациясының ўәкиллери суўды душшыландырыўшы үскене қурып бериў нийетин билдирди. Усы жылдың 25-май күни Японияның «OYO Corporation» коорпорациясы менен Аралбойы аймағын раўажландырыў ҳәм шөл өсимликлерин жабық тамыр системасында өсириў бойынша биргеликте илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ҳаққында меморандум дүзилди. Онда ҳәр қыйлы шөл өсимликлерин жергиликли шийки затлардан таярланатуғын  блок-инкубаторларда өсиретуғын инновациялық технологияларды енгизиў, теңиздиң қурыған ултанында блок-инкубаторларда өсирилген сексеўилдиң нәллери егилетуғын майданлар үйренип шығылды. Бул жумыслар баслап жиберилди ҳәм июнь айына шекем 3 мың дана блок-инкубатор таярланды.

Японияның Қурғақ жерлер илим-изертлеў орайының ўәкили, Тоттори университетиниң профессоры Харуюки Фуджимаки тамшылытып суўғарыўдың жаңа инновациялық технологиясын Қарақалпақстан шараятында биргеликте сынап көриў, оның нәтийжесинде қанша муғдардағы суўды үнемлеп қалыў ҳәм шорланыўды азайтыў мүмкинлигин  анықлаў бойынша «Саманбай» тәжирийбе-өндирислик участкасында сынаў майданшасы ажыратып берилди. Оған тийисли қәнигелер бириктирилди ҳәм  жумыслар баслап жиберилди.Усы жылдың июнь айында Қытайдың Урумчи қаласында Орайлық Азия аймақлық экономикалық бирге ислесиў (CAREC) институтында, Қытай Илимлер академиясы жанындағы Синь-Цзян экология ҳәм география институтында ушырасыўлар өткерилип, бирге ислесиўге келисип алынды. Сондай-ақ, Қытай Халық Республикасының ишки Монғолиясында шөлге қарсы илимий технологияларды раўажландырыўға бағышланған халықаралық симпозиумда, Қазақстан Республикасының Алма-ата қаласында Германияның билимлендириў ҳәм илим-изертлеў бойынша федераллық министрлигине қараслы Орайлық Азияда инновацияларды раўажландырыў(CASIB) бюросының ашылыў салтанатында Аралбойы халықаралық инновациялық орайы директорының орынбасары Муратбай Ғаниев өзиниң баянаты менен қатнасып қайтты. Илажлардың жуўмағында абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен келешекте бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди. Орай тәрепинен бүгинги күни аўыл хожалығы, сондай-ақ, экология ҳәм туризм бағдарына инновациялық усылларды енгизиў бойынша жергиликли, соның менен бирге, сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелери үйренилмекте. Әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар теңиздиң қурыған ултанында илим-изертлеў көлемин кеңейтиў, аймақта экосистеманы турақластырыўға алдыңғы тәжирийбелер менен инновациялардлы енгизиў, шарўашылықты раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.