2019-жыл 22-июль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў мақсетинде көрип шығылған бир қатар нызам жойбарлары сиясий партиялардың парламенттиң төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының мәжилислеринде де дәслепки тәризде қызғын додаланған еди.

Сол себепли, депутатлар жумысты «Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында»ғы нызам жойбарын толық көрип шығыўдан баслады. Атап өтилгениндей, усы жойбардың тийкарғы мақсети мәмлекеттиң илими ҳәм илимий потенциалын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экономиканы раўажландырыўда илим-техниканың үлесин арттырыў, орынланып атырған илимий изертлеўлердиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, илим, билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы өз-ара тығыз байланысты беккемлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Ҳүкимет тәрепинен «Илим ҳаққында» атамасы менен палатаға киргизилген жойбарды екинши оқыўға таярлаў процесинде ол 10 статья менен толықтырылып, жойбар 48 статьядан ибарат болды. Тийкарғы түсиниклерди қамтып алған статьядан ўаз кешилип, илим ҳәм илимий жумыс тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға байланыслы оғада әҳмийетли жағдайлар айрықша статьяларда тиккелей нормативлестирип қойылды. Илим ҳәм илимий жумыс тараўында шешиўши әҳмийетке ийе мәселелер – илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар, мәмлекетлик мақсетли бағдарламалар, мәмлекетлик аймақлық бағдарламалар, илим, билимлендириў, өндиристиң тығыз байланыслылығы бойынша жаңа статьялар киргизилди. Сондай-ақ, биринши рет илим ҳәм илимий жумыс тараўын қаржыландырыў мәселеси нызам дәрежесинде белгилеп қойылмақта.

Депутатлар усы нызамның қабыл етилиўи илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс тараўындағы ҳуқықый, финанслық, социаллық-экономикалық қатнасықлардың тәртипке салыныўында ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғынын атап өтти.

Буннан кейин «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўға өтти. Атап өтилгениндей, усы жойбарда валютаны тәртипке салыў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда экономикалық илажлардың үстинлиги, валюта операцияларына мәмлекетлик уйымлардың нызамсыз араласыўына жол қойылмаслығы, валюта курсын анықлаўда тек ғана базар механизмлериниң қолланылыўын нәзерде тутатуғын қағыйдалар белгиленбекте. Сондай-ақ, әмелдеги нызамдағы айырым нормалар өзиниң әҳмийетлилигин жойытқаны себепли түп-тийкарынан қайта көрип шығылмақта.

Депутатлардың пикиринше, сырт ел валютасын еркин сатып алыў ҳәм сатыў имканияты және валютаны алмастырыў курсы базар механизмлеринен пайдаланған ҳалда белгилениўи елимизде ислеп шығарылған өнимлердиң ишки ҳәм сыртқы базардағы бәсекиге шыдамлылығын ҳәм рентабельлигин арттырыў менен бир қатарда мәмлекетимизде инвестициялық және исбилерменлик орталығын жақсылаў, тиккелей сырт ел инвестицияларын көбейтиў, хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен жаңа технологиялар ҳәм билимлерди тартыў, экспорт имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Мәжилисте пикир-таласларға бай болған мәселелерден және биреўи – екинши оқыўда көрип шығылған «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Айтып өтилгениндей, әмелдеги нызамның айырым нормалары халықаралық стандартларға сәйкес келмеўи, Орайлық банк банклердиң жумысын тәртипке салыў ҳәм қадағалаў бойынша жетерли ўәкилликлерге ийе емес екенлиги нәтийжесинде системада тәртипсизликлерге шек қойыўда қыйыншылық туўдырмақта. Усынылып атырған, тиккелей әмел етиўши нормаларды өз ишине алған, алдынғы сырт ел тәжирийбеси, улыўма тән алынған нормалар ҳәм стандартлар тийкарында ислеп шығылған усы нызам жойбары менен банк шөлкемлестириў ушын дәслепки рухсат бериў, оны мәмлекетлик дизимге алыў ҳәм жумысын лицензиялаў тәртиби, сондай-ақ, инвесторлар Орайлық банктиң рухсатын алмастан банк акцияларын сатып алыў тәртиби жетилистирилмекте. Банкти қайта шөлкемлестириў, лицензияны шақырып алыў тийкарлары, банклердиң жумысын тоқтатыў ҳәм оларды сапластырыў, соның ишинде, еркин ҳәм мәжбүрий сапластырыў ҳәм сапластырыўшының ўәкилликлери және миннетлемелери де белгиленбекте. Банклердиң жумысын тәртипке салыў системасы жетилистирилмекте.

Депутатлардың пикиринше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи республикалық банк системасының турақлылығын арттырыўға, банклер арасында саламат бәсеки орталығының жаратылыўына, аманатшылар ҳәм банк хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқық және мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Буннан кейин көрип шығылған «Пуқаралық ҳалаты актлери ҳаққында»ғы нызам  жойбарын додалаў да қызғын өтти. Ҳәзирги ўақытта елимизде пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўды ҳуқықый тәртипке салыў Өзбекстан Республикасы Конституциясы, кодекслер (Пуқаралық ҳәм Шаңарақ кодекси), нызамлар, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер, уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм халықаралық шәртнамалар және келисимлердиң нормаларына муўапық әмелге асырылады. Усылардан көринип турыпты, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўдың тәртип-қағыйдалары, пуқаралық ҳалаты актлерин жазып алатуғын уйымлардың ҳуқықый статусы ҳәм ўәкилликлери, ПҲАЖ уйымларының өз-ара бирге ислесиўи, жумысын муўапықластырыў тәртиби нызам дәрежесинде анық белгиленбеген.

Мине усындай турмыслық талаплардан келип шығып палатаға киргизилген нызам жойбары пуқаралық ҳалаты актлерин жазатуғын барлық уйымлардың жумысын муўапықластырыў, ПҲАЖ уйымлары хызметкерлериниң пуқаралық ҳалаты актлерин жазып алыў бойынша хызмет көрсетиў процесиндеги жуўапкершилигин белгилеўге имканият жаратады, сондай-ақ, барлық пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тәртибин анықластырады.

Узақ даўам еткен пикир-талас, тартысыўлардан кеийн бул жойбар депутатлар тәрепинен концептуаллық жақтан қоллап-қуўатланып, биринши оқыўда қабыл етилди.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў  пикир-таласларға бай болды.

Суд тек ғана жаза тайынлайтуғын уйым деген ески түсиниклер, нызам нормалары болса, усындай жазаларды қолланыў ушын ҳуқықый тийкар деген надурыс анализлер депутатлардың кейинги жыллардағы бир қатар ис-ҳәрекетлери себепли өзгерип атырғаны, жәмийетшилик тәрепинен депутатлардың бир қатар усыныслары, басламалары қоллап-қуўатланып атырғаны сыр емес. Усы нызам жойбары үстинде алып барылған жумысларда депутатларымыз суд та, нызамлар да әдиллик орнатыўға хызмет етиўи керек, деген идеяға сүйенип, оны жетилистирди. Жойбарды додалаў даўамында оның тийкарғы мәнисин сақлап қалыўға ҳәрекет етти. Соның ушын мәжлисте көрип шығылған нызам жойбарлары ишинде ең көп даўыс жыйнап қабыл етилген ҳүжжетлерден бири усы жойбар болды.

Жойбар суд тәрепинен жәрийма салыў ҳаққындағы қарары тапсырылған сәнеден баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының жетпис проценти ҳуқықбузар тәрепинен ықтыярий түрде төленген жағдайда ол қалған сумманы төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик жәрийма салыў ҳаққындағы қарарларды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизиўди нәзерде тутады. Ҳәкимшилик жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде ямаса протест келтирилгенде, ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында тап усындай ҳуқықбузарлық қайтадан исленгенинде қолланылмаўы атап өтилген.

Депутатлардың атап өтиўинше, усыныс етилип атырған өзгерислердиң әмелиятта қолланылыўы пуқараларды тайынланған жәриймаларды өз ўақтында төлеўге бағдарлайды, олар ушын қосымша қолайлықлар жаратады, сондай-ақ, қаржылардың өз ўақтында Мәмлекетлик бюджетке келип түсиўин тәмийинлейди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА