Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 15-июльда үзликсиз профессионал билимлендириў системасын еле де жетилистириў мәселесине арнап өткерилген мәжилисте берген тапсырмасына муўапық, Өзбекстан бойынша 1469 кәсип-өнер колледжиниң 383 имараты мектеплерге бериледи.

Нәтийжеде 2019-2020-оқыў жылында мектеп оқыўшылары ушын қосымша 224 мыңнан аслам оқыўшы орынлары жаратылады.

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында 19 кәсип-өнер колледжиниң имаратлары улыўма билим бериў мектеплери сыпатында пайдаланыў мақсетинде тийисли аймағы, техникалық қураллары, мебель ҳәм әсбап-үскенелери менен халық билимлендириў системасы ийелигине өткерилиўи жобаластырылған.

 

Хош, Қарақалпақстанда мектеплерге берилетуғын колледжлер қайсылар?

 

Хожели районы бойынша:

Хожели жеңил санаат кәсип-өнер колледжи

 

Әмиўдәрья районы бойынша:

Дүрмен аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи

Әмиўдәрья турмыслық хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи

Әмиўдәрья мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжи

Маңғыт экономикалық колледжи

Әмиўдәрья транспорт ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи

 

Беруний районы бойынша:

Беруний агросанаат ҳәм экономикалық кәсип-өнер колледжи

Беруний агросервис ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи

Беруний жеңил санаат кәсип-өнер колледжи

 

Қараөзек районы бойынша:

Қараөзек агросанаат кәсип-өнер колледжи

 

Қоңырат районы бойынша:

Қоңырат нефть ҳәм газ санааты кәсип-өнер колледжи

 

Қанлыкөл районы бойынша:

Қанлыкөл аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи

 

Шымбай районы бойынша:

Кеңес аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи

Шымбай экономикалық колледжи

 

Төрткүл районы бойынша:

Төрткүл экономикалық ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи

2-Төрткүл аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи

 

Елликқала районы бойынша:

Елликқала турмыслық хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи

 

Нөкис районы бойынша:

Шортанбай аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи

 

Шоманай районы бойынша:

Шоманай аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи.

 

10-августқа шекем халық билимлендириў системасына өткерилген кәсип-өнер колледжлериниң имаратларынан нәтийжели пайдаланыў, нәўбетшилик коэффициенти 2 ҳәм оннан да жоқары болған мектеплерге қосымша имарат сыпатында бериў және мүтәжлиги болған аймақларда жаңа мектеплер сыпатында қайта шөлкемлестириў илажлары көриледи.

Халық билимлендириў системасы ийелигине өткерилген билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў ўазыйпалары жүклетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.