Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетинде Германияның Фридрих Эберт қорының Өзбекстандағы ўәкилханасының жуўапкер адамлары менен ушырасыў өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситхонова мәмлекетимизде ҳаяллар, қызлар, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдың өзине тән системасы жаратылғанын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 2-февральда қабыл етилген «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыўда көплеген ўазыйпаларды белгилеп бермекте.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзи елимизде гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларға болған итибарды буннан былай да күшейтиўге байланыслы жумысларды заман талаплары тийкарында жолға қойыўда жаңа перспективаларды белгилейди.

Ушырасыўда тәреплер өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алды.

Фридрих Эберт қорының Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Кристоф Мор шөлкемниң бүгинги күндеги жумысы, әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларын кеңнен жолға қойыўда Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети менен бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин билдирди.

Элмира Боситхонова Өзбекстан ҳаял-қызларының ҳуқықлары ҳәм мәплериниң тәмийинлениўинде, әсиресе, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўда Фридрих Эберт қорын бирге ислесиўши сыпатында көргенинен қанаатланғанлығын билдирди.

Н.Усмонова,

ӨзАның хабаршысы