Арқа-батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысын әмелге асырыўшы хызметкерлердиң билим алыўы ушын шөлкемлестирилген қәнигелестирилген оқыў курсларының гезектеги питкериўшилерине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Арқа-батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы полковник Дилшод Чориев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетиниң баслығы Сағындық Турманов ҳәм ишки ислер министриниң орынбасары Ислам Аҳмедов және нуранийлер қатнасты.

Еки ҳәптелик курсларды тамамлаған ИИМ хызметкерлериниң питкериў мәресиминде шығып сөйлеген округ әскерлери сәркардасы Д.Чориев 2019-жылдың 15-январь сәнесинен шөлкемлестирилген оқыў курсларын бүгинги күнге шекем 700 ишки ислер хызметкери табыслы жуўмақлағанын атап өтти.

Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл ноябрь айында Қарақалпақстанға сапары даўамында Қорғаныў министрлиги системасында жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, әскерий хызметкерлердиң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў, дүньяға көзқарасын кеңейтиў бойынша әмелге асырылған жумысларды ҳәм топланған тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў бойынша ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң руўхый-ўатансүйўшилик тәрбиясының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша ўазыйпаларды шешиў бойынша көрсетпелер берилгенин атап өтиў керек.

photo_2019-07-22_11-13-22.jpg

Усы бағдар бойынша Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлериниң билим алыўы ушын тәжирийбе тәризинде жаратылған 15 күнлик қәнигелестирилген оқыў курслары өз нәтийжесин бермекте.

Илаж даўамында курстың гезектеги питкериўшилерине тийисли сертификат ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Бул илаж қуўанышлы мәўритлерге бай болды. Себеби қорғаныў министриниң буйрығы менен бир топар Арқа-батыс әскерий округиниң офицерлерине гезектеги әскерий атақлар берилди.

Салтанатлы илаж даўамында округ әскерлери сәркардасы гезектеги әскерий атақ алған офицерлердиң келешектеги хызмет ўазыйпаларын атқарыўда табыслар тилеп, атақларды тапсырды.

photo_2019-07-22_11-13-23.jpg

ӨзА