Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.
Онда партияның Орайлық Кеңесинен ўәкиллер, Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң баслықлары, халық депутатлары жергиликли кеңеслериндеги партия топарлары, басланғыш партия шөлкемлериниң жетекшилери, партия белсендилери қатнасты.
Пленумда барлық дәрежедеги партия шөлкемлериниң ҳәм депутатлық бирлеспелердиң өткен алты ай даўамында әмелге асырған жумысларының нәтийжеси ҳәм екинши ярым жыллықта әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, усы жылдың декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў бойынша мәселелери додаланды. Бул бағдарда ислеп шығылған «Жол картасы» ҳәм илажлар бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш партия шөлкемлериниң саны 631 ге жетти. Өткен 6 ай даўамында партия қатарына 2 мың 132 ағза жаңадан қабыл етилип, партия ағзаларының саны болса, 18 мың 567 ни қурады. Пленумда шығып сөйлегенлер ең алды менен партияның сайлаўалды Платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына, оның бағдарламасындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўға, электораттың мәплерин қорғаў бағдарында әҳмийетли қарарлар қабыл етиў сыяқлы мәселелерге итибар қаратыў кереклигин атап өтти.
Жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, майыплығы болған, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызларды қосымша бийпул кәсип-өнерге үйретиў ушын «Хызмет-бийминнет» жойбары шеңберинде өткен алты ай даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 73 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилди. Оқыў курсларында 400 ге шамалас жәмлеспеген жаслар ҳәм ҳаял-қызларға қосымша өнер үйретилди.
«Үйме-үй» жойбары шеңберинде өткен дәўир ишинде жәми 860 тан аслам шаңараққа кирип шығылды ҳәм 100 ге шамалас жаслар менен ҳаял-қызлар жумысқа жайластырылды. Сондай-ақ, бир қанша жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың жеңилликли кредит алыўына жәрдем көрсетилди. Өткен дәўир ишинде пуқаралар тәрепинен партияның Қарақалпақстан Республикалық кеңесине, қала ҳәм районлық кеңеслерине жәми 319 мүрәжат келип түскен. Мүрәжатлар тийкарынан денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, банк кредитлери, коммуналлық төлемлер ҳәм басқа бағдарларды қамтып алған. Соннан 204 мүрәжат өз шешимин тапқан, 40 мүрәжат бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, 75и үйренип шығыў ушын тийисли уйымларға жиберилген.
Сондай-ақ, өткен дәўир ишинде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңес ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслерине усы партиядан сайланған депутатлар 180 депутатлық сораўын әмелге асырған. Партияның депутатлық топарлары тәрепинен 24 жуўапкер шахстың есабы тыңланды. Жергиликли кеңеслер сессияларына 10 мәселе киргизилди.
Пленумда партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынлаўда, жойбарларды әмелге асырыўда өзи боладылыққа жол қойған районлық ҳәм қалалық кеңеслердиң баслықлары, өз жумысына жуўапкершиликсиз пенен қарап атырған айырым депутатлар кескин сынға алынып, оларға жумысын жеделлестириў зәрүрлиги ҳаққында тапсырмалар берилди.
Илаж соңында додаланған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.