2019-жылы 9-июль күни саат 20:30ларда 26 жасар Ш.М атлы ҳаял  өз-ара жәнжел ақыбетинде мәс ҳалында болған әкесин, 50 жасар Ш.Ю.ны пышақ пенен жарақатлаған.

Нәтийжеде Ш.Ю. емлеўханаға жатқарылып, Ш.М. усланған. Сурхандәрья ўәлаятының Ангор районында жүз берген бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Еслетип өтемиз, бул – перзенттиң өз әкесин пышақлап қойыўына байланыслы биринши жағдай емес.

Өзбекстан Республикасы ИИМ

Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы

ӨзА