Қытай кәрханаларының жумысын сырт елде раўажландырыў ассоциациясы (CODA)ның бас хаткери Хэ Чжэньвэй басшылығындағы делегация 12-19-июль күнлери Өзбекстанда сапарда болды.
Сапар етиў шеңберинде мийманлар Ташкент қаласы, Самарқанд, Бухара, Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларына сапар етип, аймақлардың экономикалық раўажланыўы, өндирис имканиятлары менен танысты. Жергиликли ҳәкимият ҳәм кәрханалардың басшылары менен сөйлесиўлер өткерип, бирге ислесиўге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысты.
Кейинги жылларда Өзбекстан менен Қытай арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Онда еки мәмлекет басшыларының турақлылыққа ийе болған сөйлесиўлери ҳәм ушырасыўлары ўақтында ерисилген келисимлер әҳмийетли орын ийелемекте.
Өзбекстан Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан. Әсирлер даўамында усы жол арқалы елимиздиң саўдагерлери ҳәм туристлери Шын (Қытай) үлкеси менен саўда байланысларын жолға қойып келген. Усы мәнисте, Өзбекстан Уллы жипек жолының қайта тиклениўи сыпатында баҳаланған «Бир мәкан, бир жол» жойбарын бириншилерден болып қоллап-қуўатлады. Бүгинги күнде усы жойбар шеңберинде бирге ислесиўде бир қатар нәтийжелерге ерисилмекте.
Қытай кәрханаларының жумысын сырт елде раўажландырыў ассоциациясы делегациясының елимизге сапары ҳәм тарийхый қәлиплескен экономикалық, саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылғаны итибарға ылайық болып есапланады.
Әндижан ўәлаятындағы «SPZ-BEARINGS» заводында шөлкемлестирилген ушырасыўда кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлерди модернизациялаў бойынша келисимге ерисилди. Келисим «Made in Uzbekistan» бренди астында ислеп шығарылатуғын өнимлер АҚШ базарына кирип барыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Сондай-ақ, ўәлаятта туризм тараўында заманагөй мийманханалар қурыў, минерал төгинлер ислеп шығарыў, мийўелерди қайта ислеў, технопарклер қурыў, мәлимлеме технологиялары тараўындағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў бойынша да бир қатар пайдалы келисимлерге ерисилди.
– Бир ҳәпте даўамында аймақларда бир қатар нәтийжели ушырасыўлар өткерилди, – дейди инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Алишер Абдуалиев. – Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм экспорт потенциалы сәўлеленген презентациялар көрсетилди, қоспа жойбарларды әмелге асырыў усынылды. Буның нәтийжесинде баҳасы дерлик 100 миллион АҚШ долларына тең келисимлерге ерисилди. Сондай-ақ, қытайлы бирге ислесиўшилер менен қоспа инвестиция қорын шөлкемлестириў бойынша мәсләҳәтлесип алдық. Быйыл ноябрь айында Қытайда болып өтетуғын ири халықаралық көргизбеде мәмлекетимиз делегациясының қатнасыў мәселеси де көрип шығылды.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде Қытай кәрханаларының жумысын сырт елде раўажландырыў ассоциациясының ўәкиллери менен бирге ислесиўге байланыслы келисимлерге қол қойылды.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы