Ҳәзирги ўақытта елимизде алып барылып атырған салық реформаларын кең түрде түсиндириў, исбилерменлик субъектлери менен ашық түрде байланыс орнатыў, машқалаларды өз орнында шешиў мақсетинде ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Усындай ушырасыў Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының басшылары, қәнигелери, пайтахтымызда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң басшылары, аўыл хожалығы ҳәм қаржы тараўы бойынша қәнигелер қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң басқарма баслығы А.Аъзамхонов, мәмлекетлик салық бас инспекторы Б.Ботиралиев, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Ў.Дурдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилиўин буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиник берди.
Атап өтилгениндей, 2019-жыл 1-августтан баслап бирден-бир жер салығын төлеўши есапланған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар ықтыярлы түрде қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин. Календарь жылы даўамында хызметлерди реализациялаўдан алған түсими 100 миллион сумнан асқан, бирақ бир миллиард сумнан көп болмаған телекоммуникациялардың операторлары ҳәм (ямаса) провайдерлерине дәлдалшылық хызметлерин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилерменлик хызмет ҳақы суммасынан 25 процент ставкада бирден-бир салық төлемин төлеўге өтеди.
2019-жыл 1-октябрьден баслап, бензин, дизель жанар майы ҳәм газди жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы ақырғы тутыныўшыларға сататуғын юридикалық шахслар, бул товарларды сатыўдан түскен түсимниң муғдарына қарамастан, қосымша қун салығын төлеўшилер есапланады.
Ушырасыўда товарларды импорт етиўши исбилерменлик субъектлери, товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатыўдан келетуғын түсим муғдарына қарамастан, қосымша қун салығын төлеўшилер болып есапланатуғынлығы атап өтилип, бунда товарларды биринши мәрте импорт етиўши исбилерменлик субъектлери импорт шәртнамасы дүзилген айдан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап қосымша қун салығын төлеўши сыпатында есапқа турыўы шәрт екенлиги түсиндирилди ҳәм пәрмандағы басқа да ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда қатнасыўшылар тараўда ушырасып атырған айырым мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемйратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.