Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен алынған мағлыўматларға бола, Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят–процессуаллық кодекслери ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске шахсқа тийисли мағлыўматлардан нызамсыз басқарыўға қарсы гүресиўге қаратылған өзгерислер киргизилди.
Шахсқа тийисли мағлыўматлар – белгили бир ямаса анық бир шахс (жеке мағлыўматлар субъекти)қа тиккелей ямаса тиккелей емес тийисли болған ҳәм басқа да бир физикалық ямаса юридикалық шахс яки шахсларға усынылатуғын ҳәр қандай мағлыўматлар болып есапланады.
Шахсқа тийисли мағлыўматлар концепциясы гөнерген болса да, мағлыўматларды автоматласқан таллаў ҳәм байланыс тармақларының раўажланыўы белгили бир адам ҳаққындағы мағлыўматларды урлаў, орайласқан тәризде жыйнаў ҳәм ғалабалық сатыў имканиятын берди. Усы мағлыўматлар инсанның ҳәрекетин бақлаўға, оған қарсы жынаятқа қол урыўды режелестириўге ямаса танымайтуғын бир шахсқа өзин басқа деп таныстырыўға жәрдем береди. Шахсқа тийисли мағлыўматлардан ең тыныш жол менен пайдаланыўдың усылы бул реклама болып есапланады. Мағлыўматларды таллаў бойынша заманагөй технологиялар бир инсанды басқа бир инсаннан айырып көрсетиў имканиятын берсе де, бул мағлыўматлар – техникалық емес, юридикалық түсиник есапланады.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен алынған мағлыўматларға муўапық, мәмлекетимиздиң нызамшылығына киргизилген өзгерислерге бола, енди шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамсыз түрде жыйнаў, тәртипке салыў, сақлаў, оларға қосымша киргизиў, олардан пайдаланыў, мағлыўматларды усыныў, тарқатыў, жибериў, ийесиз қалдырыў ҳәм сапластырыў ушын жәрийма салынады. Соның менен бирге бундай ҳуқықбузарлықларға қол урған пуқаралар ең кем айлық мийнет ҳақының үш есесинен бес есесине шекем жәрийма төлеўлери керек болады. Шахсқа тийисли мағлыўматлардан нызамсыз пайдаланған лаўазымлы шахслар ең кем айлық мийнет ҳақының он есесине шекем жәрийма төлейди.
Ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин, мине, усындай ис-ҳәрекетлерди әмелге асырыў ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есесине шекем ямаса үш жыл мүддетке шекем белгили бир ҳуқықтан айырылыў ямаса еки жылға шекем жазаны өтеў жумысларына тартылыў менен жазаланады.
Бундай жуўапкерлик илажлары 2019-жылдың 1-октябринен баслап күшке киреди.
Роман БОНДАРЧУК, ӨзА