Усы жыл 8-июль күни болып өткен Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Адолат» СДП фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

Соның ишинде «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда додаланды.

Жойбарда бир қатар әҳмийетли өзгерислер ҳәм қосымшалар нәзерде тутылған.

Бириншиден, жоқары мағлыўматқа ийе шахслар ҳәм мүддетли әскерий хызметти шақырыў бойынша офицерлер қурамы лаўазымларында өтеп атырған офицерлер бурынғысынан басқаша тәризде мүддетли әскерий хызметти тоғыз ай өтеген болса, киргизилип атырған өзгериске бола бул мүддет бир жыл етип белгиленбекте.

Усы өзгериске себеп сыпатында нызам интакерлери төмендегилерди келтирип өтти. «Қураллы Күшлер қурамына мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын шақырылып атырған пуқаралардың 9-10 процентин жоқары мағлыўматлылар қурайды. Бул пуқаралар тоғыз ай мүддетли әскерий хызметти өтегенинен соң Қураллы Кушлер резервине босатылыўы нәтийжесинде қалған үш ай даўамында олар ийелеп турған лаўазымлар бос (вакант) қалып атыр. Буның нәтийжесинде армияларда, әсиресе, ДХХ Шегара әскерлери ҳәм ИИМ Қараўыл әскерлери бөлимлеринде күнделикли жумыста белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда қыйыншылық ҳәм қолайсызлықлар келип шықпақта. Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған пуқаралардың бир ўақыттың өзинде Қураллы Кушлер резервине босатылыўы нәтийжесинде әпиўайы әскерлер лаўазымларының үш ай бос (вакант) болып қалыў жағдайларына шек қойылады, нәтийжеде жаўынгерлик таярлықты тәмийинлеўдеги қолайсызлықлар сапластырылады.»

Екиншиден, шақырылыўшылардың әскерий-техника қәнигеликлери бойынша таярлықлары Өзбекстан Республикасының қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң оқыў мәкемелеринде әмелге асырылған еди. Киргизилип атырған өзгериске бола бул ўазыйпа Қорғаныў ислери басқармалары жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техника қәнигеликлери бойынша таярлаў орайларына жүкленбекте.

Бул өзгерис Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-декабрьдеги «Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында ҳәм физикалық жақтан тәрбиялаў және шақырылыўшыларды әскерий-техника қәнигеликлери бойынша таярлаў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4061-санлы қарарының 1-4 ҳәм 19-бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде киргизилмекте.

Үшиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелеринде күндизги оқыўда билим алып атырған студентлер өзиниң келисими менен июль-августь айларында мобилизациялық шақырыў резерви (бир айлық) хызметине алыныўы белгиленбекте.

Өйткени, шақырыў илажлары процесинде  жоқары билимлендириў мәкемелеринде күндизги оқыўда билим алып атырған шақырыў жасындағы пуқаралар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен шақырыў комиссияларына Мобилизациялық шақырыў резерви  хызметине қабыл етиў бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Өзбекстан «Адолат» СДП Баспасөз хызметиниң ӨзАға мәлим етиўинше, Бул жағдай әмелдеги нызамшылыққа тийкарланып МШР хызметине 27 жасқа шекемги пуқаралардың алыныўы, көрсетилген категориядағы пуқаралар болса жоқары билимлендириў мәкемесин питкергенге шекем 27 жасқа толып қалыўы менен байланыслы. Бул усыныстың қабыл етилиўи пуқаралар ушын әскерий хызметти өтеўде қосымша имканият, Ўатан алдындағы азаматлық парызын өтеўине шараят жаратады.

Нызамшылық жойбары «Адолат» СДП фракциясы мәжилисинде биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилди.

ӨзА