Пайтахт ҳәкимлигинде Нөкис қалалық Жынаят ислери бойынша судының судьясы лаўазымына талабан Дәўлетияр Сражатдиновты кең жәмийетшиликке таныстырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Өзбекистан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң судьясы И.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Н.Хатамов шығып сөйлеп, елимизде суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы, сондай-ақ, усы жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларына муўапық, судьялық лаўазымына биринши мәрте бес жыл мүддетке ҳәм кейин он жыл мүддетке, буннан соң мүддетсиз тайынлаў (сайлаў)ды нәзерде тутатуғын тәртип енгизилген еди. Соның менен бирге, судьялардың жоқарғы кеңесине судьялық лаўазымларына маман қәнигелер арасынан ашық-айдын ҳәм анық таңлаў тийкарында судьялар корпусын қәлиплестириў, талабанлардың ҳәм судьялардың кәсипке таярлығын шөлкемлестириў, халық пенен пикирлесиўди жолға қойыў ўазыйпалары жүкленген.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәжилисте кең жәмийетшиликке Нөкис қалалық Жынаят ислери бойынша судының судьясы лаўазымына талабан Дәўлетияр Сражатдиновтың өмир баяны, ислеген хызметлери жақыннан таныстырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы