Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы ўақытлары халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин арзан дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлеўди жақсылаўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Соның менен бирге, фармацевтика тармағындағы жумыслардың анық жағдайын үйрениў медицина мәкемелериниң ҳәм халықтың дәри қураллары, медициналық буйымлар менен тәмийинлениўи үстинен системалы мониторинг ҳәм қадағалаў, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде медициналық техника жағдайының зәрүр дәрежедеги есап-санағы ҳәм талқыланыўы жоқ екенин көрсетти.

Фармацевтика тармағын турақлы раўажландырыўдың бирден-бир стратегиясы ислеп шығылмаған және жергиликли фармацевтика кәрханаларының жумысын, соның ишинде, тийисли өнимлерди халықтың ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң оларға болған талабын есапқа ала отырып, өндирис бойынша жумысын зәрүр дәрежеде муўапықластырыў тәмийинленбей атыр.

Дерлик таяр өним болған импорт шийки затынан пайдаланған ҳалда дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды ислеп шығарыўдың кең тарқалған әмелиятының ҳәм технологиялық процесслердиң төмен дәрежеде екени жоқары сапалы және бәсекиге шыдамлы фармацевтика өнимлерин жергиликли ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге тосқынлық етпекте.

Фармацевтика жумысын раўажландырыў ушын шараятларды жақсылаў, халықтың ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң арзан, сапалы дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлениў дәрежесин бунан былай да арттырыў, олардың ислеп шығарылыўын, алып келиниўин ҳәм сатылыўын муўапықластырыўдың бирден-бир системасын енгизиў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша агентлиги (кейинги орынларда Агентлик деп аталады)шөлкемлестирилсин.
  2. 2. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар экспертизасы ҳәм стандартизациясы мәмлекетлик орайын;

Өзбек химия-фармацевтика илимий-изертлеў институтын;

Ташкент вакцина ҳәм сыворотка илимий-изертлеў институтын;

«Шығыс медицинасы» илимий-изертлеў институтын Агентликке бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. 3. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

фармацевтика тармағын турақлы раўажландырыў стратегиясын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў арқалы ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, фармацевтика кәрханалары менен шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыў, халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлеў бағдарламаларын әмелге асырыў;

фармацевтика базары конъюнктурасын үйрениўди шөлкемлестириў, ишки ҳәм сыртқы базарларда жоқары сапалы, бәсекиге шыдамлы дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымлар менен техникалардың жаңа түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириўге және оларды дүнья базарына алып шығыўға көмеклесиў;

халықтың ҳәм мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар, соның ишинде, олардың жергиликли ислеп шығарылған түрлери менен тәмийинлениў жағдайын системалы шешиў, сол тийкарда ишки базарды және де толықтырыў ҳәм өндиристи жергиликлилестириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

фармацевтика тармағы кәрханаларының әсбап-үскенелерин модернизациялаўға ҳәм технологиялық қайта үскенелеўге көмеклесиў, шет ел инвестицияларын, соның ишинде, шет ел ҳәм халықаралық қаржы институтларының қаржыларын кеңнен тартыў;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар менен техникаларды ислеп шығарыў процесине инновациялық технологияларды буннан былай да енгизиў ушын илимий-изертлеў жумыслары өткерилиўин шөлкемлестириў;

Социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларының ҳәм медициналық буйымлардың дизимин жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыўда, сондай-ақ, оларға қатаң баҳаларды орнатыў бойынша усыныслар таярлаўда ҳәм киргизиўде тиккелей қатнасыў;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар ҳәм техникаларды жергиликли ислеп шығарыўшыларға жетекши шет ел фармацевтика компаниялары менен бирге ислесиўди шөлкемлестириўге көмеклесиў;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар ҳәм техникаларды жергиликли ислеп шығарылған өним деп табыў ушын нормаларды ислеп шығыўға көмеклесиў;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар ҳәм техникаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў;

мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде пайдаланылып атырған медициналық техникалардың есабы ҳәм реестири жүргизилиўин тәмийинлеў ҳәм олардың жағдайын талқылаў;

мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелери ушын дәри қуралларының, медициналық буйымлардың, медициналық техникалардың ҳәм арнаўлы медицина автотранспортының орайластырылған сатып  алыныўын шөлкемлестириў;

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң социаллық дәриханалары (кейинги орынларда социаллық дәриханалар деп аталады) тармағын шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс алып барыўын тәмийинлеў;

фармацевтика тармағына халықаралық стандартлардың енгизилиўин муўапықластырыў.

  1. 4. Төмендегилер:

Агентлик еркин юридикалық шахс болып табылатуғыны, өз балансына, банк мәкемелеринде есап бетлерине, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң көриниси түсирилген мөрге ийе болатуғыны;

Агентлик Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор тәрепинен басқарылатуғыны;

Агентлик директорының Өзбекистан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын орынбасарлары болатуғыны;

Агентлик директорының статусы, турмыслық, медициналық ҳәм транспорт хызметлерин көрсетиў бойынша Өзбекистан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Агентликтиң жумысы Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 5. Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң елимиздиң фармацевтика тармағын раўажландырыўды нәзерде тутатуғын комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мәселелери бойынша жумысын муўапықластырыў;

Агентликтиң ўәкиллигине тийисли болған мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымлардан ҳәм басқа да шөлкемлерден ҳүжжетлер, статистикалық мағлыўматлар, есап-санақлар, талқыланған материаллар, шешимлер менен басқа да мәлимлемелерди сораў ҳәм алыў;

дәри қуралларын, медициналық буйымларды ҳәм техникаларды, соның ишинде, шет елден импорт болып келип атырғанларын орнатылған тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм сертификатлаў;

Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер, мәмлекетлик емес шөлкемлер, жетекши жойбарлаў институтлары, илимий-билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, шет ел компанияларының жоқары маманлықтағы хызметкерлери менен қәнигелерин тартыў;

фармацевтика тармағын раўажландырыў мәселелери бойынша шет мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары менен тиккелей мағлыўмат алмасыў;

фармацевтика тармағының еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳәм жумысын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, оларды басқарыў мәселелерин келисиў;

белгиленген тәртипте баспа жумысын әмелге асырыў, мәлимлеме материалларын, күнделикли басылымларды ҳәм басқа да баспа өнимлерин шығарыў ҳәм тарқатыў;

фармацевтика кәрханаларын GMP қағыйдаларына муўапықлығы бойынша сертификациядан өткериў;

фармацевтика тармағы қәнигелериниң маманлығын арттырыў.

  1. 6. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети он күн мүддетте:

Агентликтиң шөлкемлестириўшилик структурасын, Агентлик орайлық аппаратының ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң шөлкемлестириўшилик-штат структурасын;

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша агентлиги ҳаққындағы режени;

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша агентлиги жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормалары ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. 7. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги агентликтиң жумысын қаржыландырыўға қаржыларды 2017-жылы тийкарланған есап-санақлар бойынша ажыратсын ҳәм ҳәр жылы Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қәрежетлеринде нәзерде тутсын.
  2. 8. Өзбекистан Республикасы Меншиклестириген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги еки ҳәпте мүддетте агентликти оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр имарат пенен тәмийинлесин.
  3. 9. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти белгиленген тәртипте зәрүр байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс пенен тәмийинлесин.
  4. 1 Төмендегилер:

а) «Өзфармсанаат» МАК ағзаларының концерн мүлкин ҳәм басқа да товар-материаллық байлықларын агентликке өткериў менен оны сапластырыў ҳаққындағы;

б) Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң:

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «O’zmedimpeks» республикалық сыртқы экономикалық мәмлекетлик кәрханасын Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша агентлигиниң «9’zm3d8mp3k!» мәмлекетлик унитар кәрханасы (кейинги орынларда «O’zmedimpeks» МУК деп аталады) етип қайта атаў;

«Өзмедлизинг» АЖның устав капиталындағы мәмлекетлик үлесин «O’zmedimpeks» МУКқа мәмлекетлик үлеси бойынша акционерлик функциясын берген ҳалда оператив басқарыўға бериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. 11. «O’zmedimpeks» МУК:

қаржыландырыў дәрегине қарамастан, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын дизим бойынша социаллық әҳмийетке ийе дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелери ушын медициналық техникалардың ҳәм арнаўлы медициналық автотранспорттың бирден-бир жеткерип бериўшиси, сондай-ақ, оларды сақлаў, қайта ислеў ҳәм жеткерип бериў бойынша агент екенлиги;

халықаралық қаржы институтларының кредитлери, грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар шеңберинде дәри қураллары, медициналық буйымлар, медициналық техникалар ҳәм арнаўлы медициналық автотанспорттың сатып алыныўы бойынша тендер комиссиясының жумысшы уйымы есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 12. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, . «O’zmedimpeks» МУК, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери 2018-жыл 1-январьға шекемги мүддетте социаллық дәриханаларды мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелери (районлық (қалалық) медициналық бирлеспелери, аўыллық шаңарақлық поликлиникалар, аўыллық шыпакерлик пунктлери), мәмлекетлик мүлкте болған бос турған имаратлар менен объектлер тийкарында 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте зәрүрлик туўылғанда капитал-оңлаў жумысларын өткерип, соңынан олардың барлық жерде жумыс алып барыўын тәмийинлеген ҳалда орналасыўын тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги 2017-2018-жылларда социаллық дәриханаларды тастыйықланған нормативлерге муўапық түрде үскенелеў ушын Бюджеттен тысқары билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорынан зәрүр қаржыларды ажыратсын.

  1. 13. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бесекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте «O’zmedimpeks» МУК буйыртпалары бойынша мәмлекетлик мүлк болған объектлерден ҳәм басқа да мүлклерден еркин пайдаланыўға, соның ишинде, социаллық дәриханалар шөлкемлестириў ушын усыныўды тәмийинлеп барсын;

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери есабынан социаллық дәриханаларды капитал оңлаў, сондай-ақ, инженерлик инфраструктураларын орналастырыў, аймақларын абаданластырыў ҳәм олардың жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўға қаржы ажыратсын.

  1. 14. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2018-жылға мөлшерленген Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламасында социаллық дәриханалардың қурылысы ҳәм реконструкцияланыўы ушын тастыйықланған ҳәм экспертизадан өткерилген жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық орайластырылған капитал қаржылардың лимитлерин ажыратыўды нәзерде тутсын.
  2. 15. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрьдеги ПҚ-2647-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Емлеў мәкемелерин ҳәм халықты дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеўди қадағалаў бойынша республикалық комиссиясы оның функцияларын Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жүклей отырып, сапластырылсын.

Социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларының ҳәм буйымларының дизимине киргизилген дәри қураллары менен буйымлары ушын қатаң баҳалар Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен «O’zmedimpeks» МУКтың Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен келисилген усынысларына бола белгиленеди.

  1. 16. «O’zmedimpeks» МУК 2023-жылдың 1-январына шекем барлық түрдеги салық ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий төлемлер төлеўден, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйыртпалары бойынша дәри қуралларын, медициналық буйымларды, медициналық техникалар менен арнаўлы медициналық автотранспортты жеткерип бериў шәртнамалары бойынша бажыхана төлемлери (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) төлеўден азат етилсин.
  2. 17. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги үш ай мүддетте:

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте дәри қураллары менен буйымларын дизимге алыўды, баҳасын белгилиў тәртибин жетилистириўди, нызамшылыққа «in bulk» өнимниң анық белгиленген түсинигин киргизиўди нәзерде тутатуғын комлексли илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын;

Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бесекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, басқа да мәпдар мәкемелер менен биргеликте усы Пәрман талапларын есапқа ала отырып, социаллық әҳмийетке ийе дәри қураллары менен буйымларының қатаң баҳасын, сондай-ақ, дәри қураллары менен буйымларының тәртипке салынатуғын баҳаларын белгилеў тәртибин тастыйықласын;

мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте дәри қуралларын, медицина буйымлары менен техникаларын олардың халықаралық ҳәм миллий стандартларға муўапықлығын есапқа ала отырып, жергиликли ислеп шығарылған өнимлер деп табыў нормаларын тастыйықлаў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар менен техникаларды жергиликли ислеп шығарылған өним деп табыў нормаларын тастыйықланған күннен баслап дәри қуралларын, медициналық буйымлар менен техникаларды жергиликли ислеп шығарылған өнимлер деп табыў көз-қарасынан олардың ислеп шығарылыўын технологиялық аудиттен өткерсин;

дәри қуралларын, медициналық буйымлар менен техникаларды алып келиў бойынша бирден-бир логистика орайын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин;

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң системасында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар шеңберинде жаратылған жойбарларды орынлаў топарларының жумыс нәтийжелилигин үйренсин.

  1. 18. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-сентябрьдеги ПП-5185-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жумысы ҳәм структурасы сын көз-қарастан қайтадан көрип шығылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Усы жумыслар процесинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бюджетин жетилистириў, бөлистириў ҳәм бюджет қаржыларын жумсаўдағы еркинлигин арттырыўды инабатқа алған ҳалда денсаўлықты сақлаў ведомстволары менен мәкемелериниң қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. 19. «O’zmedimpeks» МУКқа алып келинип атырған дәри қураллары, медициналық буйымлар, арнаўлы медициналық автотранспортларды «O’zmedimpeks» МУК басқармасы тәрепинен оларды сақлап турыўдың зәрүр шараятларын тәмийинлеў бойынша миннетлемелерди қабыл еткен ҳалда «ўақтынша сақлаў» ҳәм «бажыхана қоймаханасы» бажыхана режими астында жеке ҳәм ижараға алынған қоймаханаларға жайластырыўға бурынғысынан басқаша түрде руқсат берилсин.
  2. 2 Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети бир ай мүддетте «O’zmedimpeks» МУКқа Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Э.Мараимов көшеси, 50-жайда жайласқан бажыхана қоймаханасының имараты менен объектин еркин пайдаланыўға өткерсин.
  3. 21. Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бесекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте «O’zmedimpeks» МУКты оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын ҳәрүр болған имаратлар ҳәм бөлмелер менен тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизсин.
  4. 22. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар мәкемелер менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  5. 23. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевке ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

        Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 7-ноябрь

*  *  *

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК

Соңғы ўақытлары халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин арзан дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлеў системасының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлер усы салада жергиликли фармацевтика тармағының раўажланыўына унамсыз тәсир етип атырған айырым системалы кемшиликлердиң сақланып қалғанын көрсетпекте.

Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем фармацевтика тармағын турақлы раўажландырыўдың бирден-бир стратегиясы ислеп шығылмаған және жергиликли фармацевтика кәрханаларының жумысын, соның ишинде, тийисли өнимлерди халықтың ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң оларға болған талабын есапқа ала отырып, өндирис бойынша зәрүр дәрежеде муўапықластырыў тәмийинленбеген.

Ақыбетинде бүгинги күнде тармақтағы жергиликли кәрханалар жоқары сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы фармацевтика өнимлерине болған талапты қанаатландырыў имканиятына ийе емес.

Мысалы, «Өзфармсанаат» мәмлекетлик акционерлик концерни қурамына киретуғын кәрханалар улыўма санының 19 проценти жумыс ислемей атыр, 30 процентиниң өндирислик жумысы таяр өнимди қадақлаў, ораў ҳәм этикетка жабыстырыў менен шегараланған.

Ҳәзирги ўақытта дәри ислеп шығарыў ушын импорт етилип атырған шийки заттың улыўма санының 23,4 проценти таяр өним болып табылады.

Жергиликли фармацевтика кәрханаларының илимий-изертлеў жумысларын өткериўге болған мәпдарлығы болмағанлығы ақыбетинде «Өзфармсанаат» концерни кәрханалары тәрепинен дизимге алынған негизги дәри қуралларының үлеси тек ғана 1,3 процентти қурайды.

Тармақтағы бар кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң арзан, сапалы дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлениў системасын жаңа басқышқа көретиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен усы өнимлердиң баҳасын белгилеў механизмлерин жетилистириўге, фармацевтика санааты кәрханаларының жумысын тәртипке салыўға бағдарланған комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылды.

Атап айтқанда, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў бойынша агентлиги шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, «Өзфармсанаат» концерни сапластырылмақта.

Агентликке фармацевтика тармағын турақлы раўажландырыў стратегиясын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў жолы арқалы ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, фармацевтика кәрханалары менен шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыў, халықты ҳәм мәмлекетлик денсаўлықты мақлаў мәкемелерин дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар менен тәмийинлеў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

Соның менен бирге, агентлик дәри қуралларын, медициналық буйымлар менен техникаларды, соның ишинде, шет елден импорт етилип атырғанларын мәмлекетлик дизимнен өткериўди ҳәм сертификатлаўды, фармацевтика кәрханаларын тийисли өндирислик әмелиятының халықаралық қағыйдаларға муўапықлығын сертификатластырыўды әмелге асырады.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техникалар экспертизасы ҳәм стандартизация мәмлекетлик орайы, Өзбек химия-фармацевтика илимий-изертлеў институты, Ташкент вакцина ҳәм сыворотка илимий-изертлеў институты, «Шығыс медицинасы» илимий-изертлеў институты Агентликтиң қарамағына өткерилди.

Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «O’zmedimpeks»  мәмлекетлик унитар кәрханасы етип қайта аталып, Агентликтиң қарамағына өткерилди. Онда«O’zmedimpeks»  Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленетуғын дизим бойынша социаллық әҳмийетке ийе дәри қураллары менен медициналық буйымлардың бирден-бир жеткерип бериўшиси етип белгиленеди, сондай-ақ, оларды сақлаў, қайта ислеў ҳәм жеткерип бойынша агенти болып табылады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрьдеги ПҚ-2647-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Емлеў мәкемелерин ҳәм халықты дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеўди қадағалаў бойынша республикалық комиссиясы оның функцияларын Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жүклей отырып, сапластырылды.

Енди социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларының ҳәм медициналық буйымлардың дизимге алынған дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар ушын қатаң баҳалар Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди.

Пәрманда дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымларды дизимге алыў, баҳасын белгилеў тәртибин жетилистириў, нызамшылыққа «in bulk» өнимниң анық белгиленген түсинигин киргизиў, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе дәри қуралларын ҳәм медициналық буйымлардың қатаң баҳасын белгилеў тәртибине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, дәри қуралларын медициналық буйымлар менен техникаларды, олардың халықаралық ҳәм миллий стендартларға муўапықлығын есапқа ала отырып, жергиликли ислеп шығарылған өнимлер деп табыў нормалары, сондай-ақ, мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде ҳәм мәмлекетлик мүлкте болған бос турған басқа да имаратлар менен объектлер тийкарында социаллық дәриханалардың орналасыўы тастыйықланады.

Улыўма алғанда, усы Пәрман фармацевтика тармағын буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, жергиликли дәри қуралларының халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығарылыўын избе-из жолға қойыў, тийкарғы фармацевтика исленбелерин көбейтиў, сондай-ақ, халықтың ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң арзан ҳәм сапалы дәри қуралларына, медициналық буйымларға болған талабының толық қанаатланыўын тәмийинлейди.