Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

 Екинши оқыўда көрип шығылған «Өзбекстан Республикасы Есап палатасы ҳаққында»ғы нызам жойбары бул палатаның жумысы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға, соның ишинде, реформалардың жаңа басқышында, бүгинги түпкиликли өзгерислер шараятында нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Парламенттиң төменги палатасының алдынғы мәжилисиндеги қызғын додалаўларда сиясий партиялардың фракциялары, Экоҳәрекет депутатлық топары, комитетлер ҳәм жеке депутатлар тәрепинен нызам жойбарының қағыйда және нормаларын жетилистириў бойынша билдирилген усыныслар, пикир-таласлар ҳәм берилген сораўлар кең түрде көрип шығылып, инабатқа алынды. Атап айтқанда, жойбарда Есап палатасының ҳуқықый статусы, ўазыйпалары, принциплери ҳәм лаўазымлы шахслардың ўәкилликлерине белгили дәрежеде анықлықлар киргизилди. Мәлимлеме ҳәм мағлыўмат алмасыў тараўында палатаның мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер менен өз-ара қатнасықлары, оның нызамлы талапларын орынлаўдың мәжбүрий екенлиги ҳаққындағы нормалары жетилистирилди. Сондай-ақ, палата жумысының шөлкемлестирилиўине байланыслы қағыйдалар ақырына жеткерилди. Жойбарға нормативлик-ҳуқықый атамалардың бирдей формада, дурыс қолланылыўы, нормалардың әпийўайы-анық сәўлендирилиўи, әдебий тил қағыйдаларының талапларына ҳәм юридикалық техника және басқа да арнаўлы қағыйдаларға анық әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша тийисли анықлық киргизилди.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи Есап палатасының жумысын буннан былай да жетилистириўге, бюджет системасы қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеўге ҳәм мәмлекетлик активлерди басқарыўдың ақылға уғрас шөлкемлестирилиўине хызмет етеди.

Мәжилисте пикир-таласларға бай болған мәселелерден және бири – «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Бул ҳүжжеттен гөзленген тийкарғы мақсет аманатшылардың ҳәм банк хызметлеринен пайдаланыўшылардың ҳуқық және мәплерин есапқа алған ҳалда, банклердиң турақлылығы, олар арасында саламат бәсекини тәмийинлеўден ибарат болып, ең аҳмийетлиси, аманатшылардың түрли күтилмеген тәўекелшиликлерден қорғаў арқалы банклерге болған исеним дәрежесин арттырыўды нәзерде тутады. Сондай-ақ, банк системасының турақлылығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли илажы сыпатында нызам жойбары менен банклерди дизимге алыў тәртиби ҳәм шәртлери, соның ишинде, резидент емеслердиң банк капиталындағы қатнасыўы тәртипке салынбақта.

Және бир әҳмйиетли тәрепи, халықаралық тәжирийбени есапқа алып, нызам жойбары менен бир банк басқа қаржы институтын қадағалаўшы, юридикалық шахс болмаған қаржы институтларының бирлеспеси – банк топары түсиниги киргизилмекте. Бул арқалы банклердиң өз-ара жуўапкершилигин арттырыў, системалы қәўип-қәтерлерди азайтыў, сондай-ақ, банклерди консолидацияласқан тийкарда қадағалаў арқалы Орайлық банктиң қадағалаў функцияларын жетилистириў нәзерде тутылмақта.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары Президентимиздиң 2019-жыл 12-марттағы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары 11-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған болып, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процесине медиация институты енгизилиўин нәзерде тутады.

Соннан келип шығып, нызам жойбары менен «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы және «Медиация ҳаққында»ғы нызамларына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи орынлаў жумысын жүргизиў процесинде медиация институтынан пайдаланыў тәртиби ҳәм шәртлерин, сондай-ақ, оны қолланыў ақыбетлерин нызам дәрежесинде белгилеўге жәрдем береди.

Мәжилисте көрип шығылған және бир мәселе – «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўдың жаңа механизмлери енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болып, ол «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў» Мәмлекетлик бағдарламасының 7-бәнтинде белгиленген парламент палаталары бюджетлериниң жаңа механизмлерин қәлиплестириў ҳәм орынланыўына қаратылған ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасының ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған.

Бул нызам жойбары менен Өзбекстанда нызамшылық ҳәкимиятының финанслық бийғәрезлигин  тәмийинлейтуғын, сондай-ақ, қалыс парламент қадағалаўын тәмийинлеўде тийкар болатуғын нормалар усыныс етилмекте. Атап айтқанда, кейинги жылдан баслап Олий Мажлис палаталарының қәрежетлер сметасына мәмлекетлик бюджетте айрықша қатар менен қаржы ажыратылыўын белгилеў, смета қәрежетлерин парламент палаталары Кенгашлары тәрепинен тастыйықланыўы, сондай-ақ, өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў кепилликлерин жаратыў усыныс етилмекте.

Қызғын пикир-талас, тартысыў ҳәм сораў-жуўаплардан кейин нызам жойбарлары қабыл етилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА