Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Россия Федерациясы Федераллық Мәжлиси Федерация Кеңеси баслығының орынбасары Ильяс Умаханов басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Сөйлесиўде парламентлераралық бирге ислесиўди және де беккемлеў, соның ишинде, халықаралық парламент структуралары шеңберинде байланысларды жеделлестириў мәселелери додаланды.
Тәреплер парламентлер арасындағы қантасықлар жаңа басқышқа көтерилгени, атап айтқанда, еки мәмлекеттиң сиясий, социаллық-экономикалық турмысындағы реформаларды әмелге асырыўда парламентлердиң роли барған сайын артып баратырғанын атап өтти.
Россия парламентиниң ағзалары Президент Шавкат Мирзиёевтиң Россия менен Өзбекстан арасындағы еки тәреплеме, соның ишинде, парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыўға үлкен үлес қосып атырғанын айрықша атап өтти.
– Өзбекстан Президентиниң басламасы менен көп тәреплеме бирге ислесиў байланысларында жаңа дәўир басланды, – деди И.Умаханов. – Парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў бойынша ҳәрекетлерде бақланып атырған унамлы өзгерислер усылардың қатарына киреди. Өзбекстан халықаралық көлемде, ҒМДА ҳәм Орайлық Азия регионы шеңберинде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириўге байланыслы бир қатар басламаларды алға қоймақта. Сапарымыз, мине усындай усынысларды әмелге асырыўда бирге ислесиўдеги ўазыйпаларды белгилеп алыў имканиятын береди.
Россия делегациясы Ташкентте Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты питкериўшилериниң V халықаралық форумында да қатнасты.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы