Усы жыл 18-май күни Мойнақ районында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен «Бес баслама-бес имканият!» сүрени астында акция болып өтти.
Илаждың ашылыў салтанатында район ҳәкими С.Данияров, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Икрам Абдикаликов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жас әўладты руўхый жақтан жетик инсан етип тәрбиялаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сол арқалы олардың көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги күнниң баслы ўазыйпаларынан бири болып табылады. Бул басламалардың барлық қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен ҳәр ҳәптениң жума ҳәм шемби күнлери үгит-нәсият жумысларын алып барыў системасы жолға қойылды.
Республикамыздың ең шетки аймағында жайласқан Мойнақ районынан басланған илажды өткериў алдынан 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслардың бес баслама бойынша қызығыўшылығын анықлаў мақсетинде сораўнама өткерилди. Оның нәтийжесинде 227 жастың мәденият ҳәм көркем өнерге, 313 жастың компьютер технологиясына, 692 жастың физикалық тәрбия ҳәм спортқа, 403 жастың китапқумарлыққа қызығатуғынлығы анықланды ҳәм олардың қызығыўшылығын еле де арттырыў бойынша түрли темаларда жойбарлар ислеп шығылды.
Биринши баслама бойынша, мәденият, әдебият, көркем өнерге қызығыўшы жаслар қатнасында түрли илажлар өткерилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы З.Пирлепесова тәрепинен «Аяқ ойын сыйқыры» темасында өткерилген шеберлик сабағы жас аяқ ойыншыларда айрықша тәсир қалдырды. Буннан кейин жас сүўретшилер арасында «Мойнақ мениң нәзеримде» темасында сүўрет салыў таңлаўы өткерилип, оның жуўмағында биринши орын Саламат Исмаиловқа, екинши орын Әзийза Жолдасбаева, үшинши орын Муратбек Уразбековға берилди. Райондағы 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының атқарыўынла концерт бағдарламасы қойып берилди. Мектеп Сәрдарлар Кеңеси ағзаларының қатнасында «Аўқам билимданлары» таңлаўы өткерилди. Онда районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы мектеп командасы биринши, 3-санлы мектеп командасы екинши, 4-санлы мектеп командасы үшинши орынды қолға киргизди. Усы жерде мектеп, аўқам ҳәм «Камалак» сәрдарлары ушын «Сәрдарлар шеберлиги» темасында семинар-тренинг болып өтти.
Екинши баслама бойынша дәслеп «Финиш бизики!» сүрени астында марафон жуўырыў жарысы болып өтти. Оған мектеп, колледж оқыўшылары, жәмлеспеген жаслар, әскерлер қатнасты. Жарыста қызлар арасында райондағы 7-санлы мектеп оқыўшысы Сановар Қошқарбаева, ер балалар арасында 12-санлы мектептиң оқыўшысы Әзизбек Жамиев финишке биринши болып жетип келди. «Жаслар шахмат тахтасы» жарысы өткерилип, онда биринши орынды Жазира Жумагамбетова, екинши орынды Артур Досимов, үшинши орынды Зарипбай Баймуратов ийеледи. Район орайында жақында пайдаланыўға тапсырылған стадионда футбол бойынша район бириншилигиниң финал ойыны болып өтти. Онда 7-санлы мектеп командасы жеңимпаз болған болса, екинши орынды 6-санлы мектеп командасы үшинши орынды 3-санлы мектеп командасы қолға киргизди.
Үшинши баслама бойынша жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде Жаслар орайында «Компьютер билимданлығы ҳәм МКТ программистлери» дөгереги шөлкемлестирилген болып, оған бүгинги күни 350 жас ағза. Илаж шеңберинде райондағы санаат-транспорт колледжинде «Келажак бунёдкори» медалының ийеси Д.Қонарбаевтың қатнасында «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў» темасында шеберлик сабағы өткерилди.
Төртинши баслама бойынша, республикамызда биринши болып Мойнақ районы орайындағы Қазақбаев көшесинде жасаўшы, 4-санлы мектептиң 7-класс оқыўшысы Азамат Жаңабаевтың үйинде «Үй китапханасы» ашылды. «Жас китапқумар» таңлаўының районлық басқышының жеңимпазы болған Азамат китап оқыўға оғада қызығады. 2017-жылы анасы Ферида Қарабекова менен биргеликте «Мен, әкем-анам, атам ҳәм кемпир апам-китапқумарлар шаңарағы» таңлаўына қатнасып, республикамызда биринши, Өзбекстан көлеминде үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, 2017-жылы «Камалак билимданлары» таңлаўында республикамызда үшинши, өткен жылы усы таңлаўда «Ең билимдан камалак сәрдары» номинациясы жеңимпазы болып, компьютер менен сыйлықланды. Жақында болып өткен «Жас китап оқыўшы» таңлаўында республикамызда екинши орынды ийелеп қайтты. Соның менен бирге, шахмат бойынша жарысларға да белсене қатнасып келмекте. Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен оның үй китапханасына 200 дана, районлық Мәденият бөлимине 800 дана түрли атамадағы китап саўға етилди.
Райондағы санаат-транспорт колледжинде «Жас китапқумар» таңлаўының Өзбекстан көлеминдеги жеңимпазы, Президент саўғасы ийеси Нурсулыў Қоқанова менен ушырасыў болып өтти. Онда елимизде жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған илажлар, китап оқыўшыларына жаратылған шараятлар сөз болды. Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Бесинши баслама бойынша, ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, олардың билим және көнликпелерин арттырыў мақсетинде Өзбекстан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Гәўҳар Реджепова басшылығында «Исбилермен ҳаял», «Өзбекстан белгиси» көкирек белгиси ийеси Баҳадыр Сапартаев тәрепинен «Исбилерменлик сырлары» темасында фермер хожалықларын раўажландырыў бойынша семинар-тренинг өткерилди. Қатнасыўшыларға «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен», «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламалары бойынша кең түрде түсиник берилди.
Акция шеңберинде «Халықаралық музейлер күни» мүнәсибети менен «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң Мойнақ экология музейи филиалына, ашық аспан астындағы «Кемелер қойымшылығына», жақында ғана «Muynak innovaciya» шаңарақлық кәрханасы тәрепинен ашылған «Балықшының үйи» үй музейинесаяхат шөлкемлестирилди. «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы Мойнақ районлық бөлими жанында усы жыл март айында «Жас келин-күйеўлер» инновациялық орайы өз жумысын баслады. Бул орайда «Шаңарақ қурыў алдындағы жаслардың психологиялық, педагогикалық, ҳуқуқый ҳәм әдеп-икрамлылық-диний билимлерин арттырыў» темасында оқыў курсында район бойынша 11 жас келин-күйеў өз билимин жетилистирди. Илажда питкериўшилерге сертификатлар тапсырылды. Сондай-ақ, Өзбекстан жаслар аўқамының Қоңырат, Шоманай ҳәм Хожели районлық Кеңеслериниң басламасы менен абаданластырыў акциясы өткерилди.
Улыўма «Бес баслама-бес имканият!» сүрени астында өткерилген акция барысында 22 жойбар бойынша илаж өткерилип, оған еки мыңнан аслам район жаслары қатнасты. Район орайындағы Амфитеатрда усы күни өткерилген спорт жарыслары менен таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң ҳәм «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» ансамбли ағзаларының «Жаслар-келешек қурыўшылары!» сүрени астындағы гала-концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.