Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм бурын берилген тапсырмалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде 16-17-май күнлери Әндижан ўәлаятында болды.

Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигинде Президент басшылығында белсендилер мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Әндижан ўәлаятында да үлкен өзгерислер жүз бермекте. Атап айтқанда, өткен жылы жалпы аймақлық өним 12 процент, тартылған инвестициялардың көлеми 19 процентке өскен. Усы жылдың биринши шерегинде де жоқары пәт бақланды.

Соған қарамастан, еле ўәлаятта иске қосылмаған имканиятлардың көп екени, экономика заман талаплары тийкарында диверсификация етилмегени атап өтилди. Соның ишинде, санаат өниминиң 80 проценти Асака районы ҳәм Әндижан қаласына туўра келеди. Басқа районларда санаат дерлик раўажланбаған.

Соны есапқа алған ҳалда, Әндижан ўәлаятында 2019-2020-жылларда әмелге асырылатуғын нырқы 25 триллион 181 миллиард сумға тең 908 жойбардан ибарат инвестициялық бағдарлама ислеп шығылды. Бул жойбарлар шеңберинде 1,7 миллиард долларлық тиккелей сырт ел инвестициясын өзлестириў, 35 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, исбилерменлик жумысын баслаў нийети болған шаңарақларды анықлап, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде 420 миллиард сумлық жеңилликли кредит ажыратыў белгиленди.

Мәжилисте социаллық тараўды раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Быйылғы жылы Әндижан қаласында 14 көп қабатлы арзан жай ҳәм көплеген коммерциялық тийкардағы жайлар, аўыллық жерлерде 224 үлги жойбардағы турақ жай ҳәм 56 көп қабатлы арзан турақ жай қурылатуғыны мәлим етилди.

Президентимиз ўәлаят халқы өсип атырғанын және көплеген жайлар қурыў ҳәм қосымша жумыс орынларын ашыў, социаллық ҳәм коммуналлық хызметлер шөлкемлестириўди талап ететуғынын, демек, тийисли министрликлер ҳәм ўәлаят басшылары узақты гөзлеп ис тутыўы зәрүрлигин атап өтти.

Қаншелли аўыр болмасын реформаларды барлық жерлерде бирдей алып барыў қыйын. Алыс жерлерди қоя турың, ҳәттеки ўәлаят орайларында да елеге шекем аўқам дәўириниң көринисин беретуғын мәҳәллелер, көшелер ушырасады.

Әндижан қаласының Мустақиллик мәҳәллесин де өзиниң атына ылайық деўге болмайды. Бул жерде ашынарлы жағдайда жасап атырған шаңарақлар ушын Хожабад районы Хидирша массивинен 54 гектар жер ажыратылып, «Мустақилликнинг 27 жыллығы» мәҳәллеси қурылып атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Мәмлекетимиз басшысы 16-май күни жаңа мәҳәлледе болып, бул жерге көшип келип атырған шаңарақлар ушын жаратылған шараят пенен танысып, дөретиўшилик жумыслардың көлемин кеңейтиў бойынша тапсырмалар берген еди.

Шавкат Мирзиёев 17-май күни Әндижан қаласының Мустақиллик мәҳәллесине барып, бул жердеги ҳақыйқый жағдай менен танысты.

5 мың 600 ден зыят халық жасайтуғын бул мәҳәлле хеш қандай шараят болмағаны себепли, қаланың машқалалы орынларынан бирине айланып қалған еди. Көшелерге машина сыймайды, қай жерге қарамаң таршылық, пәс жайлар, ызғар, сасық ийиске шыдап болмайды. Қашандур көшип кетиў кейпиятындағы адамлар ҳәттеки дийўалын, дәрўазасын, айна-қапыларын бояўға қолы бармайды, шөп өсип кеткен ҳәўлисине қарамайды.

Президентимиз гөне барак түриндеги ҳәўлилерде жасап атырған адамлар менен сәўбетлести.

Бундай шараятта күн кешириўдиң өзи болмайды. Әсиресе, балалар усындай шараятта жасап киятырғаны аянышлы. Әндижанда жер мәселеси жүдә аўыр. Бул жерге келиўимизден мақсет адамлардың турмысы менен танысыў, барлық шаңарақлар ушын жақсы шараят жасаратып бериў, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәҳәлле ўәкиллери бос жатырған жерлерден орын ажарытылып, барлық шараятлары менен турақ жайлар қурылып атырғаны ҳәм шаңарақлар көширилип атырғанынан жүдә кеўли толғанын айрықша атап өтти.

Бурын мәлим етилгениндей, Мустақиллик мәҳәллесиниң орнында, Бабуршох, Әмир Темур ҳәм Наўайы гүзарларының кесилиспесинде «Andijon сity» исбилерменлик орайы қурылады.

Президентимиз бул қурылыста ҳәр бир қарыс жерден ақылға уғрас пайдаланыў, көклемзарластырыўға айрықша итибар бериў зәрүрлигин атап өтти.

Әйне «Tashkent city» дегидей бул жерде де жайлар ҳәм офислер саўдасы менен шуғылланатуғын көргизбе шөлкемлестириў керек. Адамлар келип көрсин, сонда қызығыўшылығы артады. Бул посёлка және еки жылдан соң Әндижанның мақтанышлы орны болады, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимизде таунхаус усылындағы массивлердиң қурылыс жойбарлары ислеп шығылған. Президентимиздиң усынысы менен Әндижан ўәлаятында халықтың жасаў шараятын жақсылаў ең әҳмийетли мәселелерден болғаны себепли, биринши болып усы аймақта бундай жайларды қурыўды баслаў режелестирилмекте.

«Qorako’l stroy engineering» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ислеп шыққан жойбар бойынша, 7,5 гектар жерде 108 таунхаус усылындағы жай, 9  бес ханалы және сонша 3 ханалы коттежлер, балалар бақшасы, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары қурылады.

Ең әҳмийетлиси бул массив өзиниң суўды тазалаў, канализация қурылмалары, суў ысытыў станциясы, киши электр станциясы, қуяш электр станцияларына ийе болады.

Яғный таунхаус жайлар өзин-өзи таза ишимлик суў, электр, ыссылық пенен тәмийинлейди. Оларды қурыўда энергияны үнемлейтуғын материаллардан пайдаланылады.

Таныстырыў ўақтында таунхаус жайлар халықты социаллық қорғаў ҳәм ресурсларды үнемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Бул жайлар – келешек жайлары. Аўылл үйлери қай жерде қурылыўына қарамастан, енди аз шығынлы болады, және адамларға қаладағыдай шараят жаратылады. Соның есабынан бул жайлардың баҳасы ҳәзиргилери менен тең, бирақ комплексли шараятқа ийе болады, деди Президентимиз.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф қыябаны ҳәм дөретиўшилик мектебинде болды.

Муҳаммад Юсуф халықтың дәрти, қәлбиндеги қуўаныш-шадлықлары, ана журтқа сүйиспеншилик, садықлық ҳәм пидайылық сезимлерин әпиўайы ҳәм сулыў қатарлар арқалы жырлаған өзине тән дөретиўши еди. Оның шығармалары мыңлаған кеўиллерге бахыт ҳәм қуўаныш сезими, ҳақ кеўлилик ҳәм пәклик, руўхый гөззаллық бағышламақта. Шайырдың дөретиўшилигин үйрениўге, кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 2-3-июнь күнлери Әндижан ўәлаятына сапары ўақтында Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф атындағы мектеп шөлкемлестириў, жасларға оның дөретиўшилигин, өзбек әдебиятының жаңа қырларын терең үйретиў,  қәбилетли дөретиўшилерди тәрбиялаўды усыныс еткен еди. Сол тийкарда 2017-жыл 25-июльде Министрлер Кабинетиниң «Әндижан қаласында Муҳаммад Юсуф атындағы ана тили ҳәм әдебияты пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп ҳәм Муҳаммад Юсуфтиң бюсти орнатылған қыябанды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Әндижан қаласының Әмир Темур көшесинде шайыр атындағы ана тили ҳәм әдетияты пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп-интернат ҳәм шайырдың бюсти орнатылған қыябан жаратылды. Бүгин усы мектепте 150 қәбилетли жигит-қыз тәлим алмақта.

Өзбекстан Көркем өнер академиясының ағзасы, мүсинши Шохрухбек Ўрозов тәрепинен жаратылған бюст ҳәм еки фонтан, сән беретуғын гүл ҳәм терек нәллери отырғызылған қыябан Әндижан қаласының шырайына-шырай бағышлап, жас дөретиўшилер топланатуғын әдебий-көркем орынлардан бирине айланған.

Президент мектеп-интернат оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары менен пикирлести. Муҳаммад Юсуфтың дөретиўшилик жумысы, мектепте оқыған гезлерде пайдаланған оқыў қураллары, сүўретлер орын алған музейде болды. Оқыўшылар шайырдың қосықларынан ҳәм өзлериниң дөретиўшилик үлгилеринен оқып берди.

Муҳаммад Юсуф халықшыл шайыр еди. Ол қысқа өмири даўамында үлкен руўхый мийрас қалдырып кетти. Ўатан ҳаққында әпиўайы тил менен жазған жақсы қосықлары бәрқулла қәлбимизде сақланып қалады. Ең үлкен байлық – бул руўхый байлық болып табылады. Сонлықтан жасларымыз бәрқулла оқыўы, излениўи керек. Барлық нәрсе өткинши, бирақ билим ҳеш қашан жоғалмайды. Билимли адам ҳеш қашан хор болмайды. Соның ушын сизлер оқыўдан, излениўден тоқтамаўыңыз керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге мектеп-интернат оқыўшылары ушын автобус ажыратыў, басқа ўәлаятлардағы дөретиўшилик мектеплерге барып, қатарлары менен сәўбетлесиўге жәрдемлесиў, ўәлаят телевидениесинде оқыўшылардың қатнасыўында көрсетиўлер таярлаў бойынша тапсырмалар берди.

Соның менен Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА