Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар, Халық билимлендириў министрликлери ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен өткерилген беллесиўде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының улыўма орта билим бериў мектеплеринен жәми 14 команда қатнасты.
Дәслеп пайтахтымыздағы «Амфитеатр»да «Жас қутқарыўшылар» беллесиўиниң республикалық басқышының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министриниң биринши орынбасары, штаб баслығы, генерал-майор А.Қўлдошев, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы орынбасары Э.Ахмадалиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов ҳәм басқалар қатнасты.
Беллесиў жас әўладты әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың пуқараларды қорғаўға байланыслы билимлерин арттырыў, жасларда айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў ҳәм басқаларға жәрдем бериў бойынша көнликпесин қәлиплестириўде өзине тән орын ийелеп келмекте.
Қатнасыўшы командалар 5 шәрт тийкарында өз имканиятларын сынақтан өткерди. Дәслеп жаслар пуқараларды қорғаў бойынша сораў-жуўап шәртинде билимин көрсетип берди. Биринши медициналық жәрдем көрсетиў, дәрьядан арқан жәрдеминде өтиў, палатка қурыў, 6 метр бәлентликке көтерилип, түсиў, эстафеталы жуўырыў шәртлеринде жаслардың физикалық таярлығы ҳәм шеберлиги сынақтан өткерилди.
– Быйыл Қарақалпақстан Республикасында өткерилип атырған «Жас қурқарыўшылар» беллесиўине күшли таярлық көрдик. Буның нәтийжеси бүгин беллесиўде айқын билинип турды. Шынығыўларды тәкирарлаў қанша көп болса, нәтийжеси соншелли жоқары болады екен. Бирақ, албыраўшылық себепли кемшиликлер жиберип алдық, – дейди Әндижан ўәлаяты «Балиқчи» районының 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Музробжон Юсупов. – Кейинги жылы «Жас қутқарыўшылар» беллесиўи Әндижанда болыўы режелестирилген. Таярлықларымызды және де күшейтип, келеси жылы сыйлы биринши орынды алыўға ҳәрекет етемиз. Халықаралық беллесиўге шығыў нийетимиз де жоқ емес. Быйыл халықаралық беллесиўлер Қазақстанның Нур-султан (Астана), Белоруссия Республикасында өткерилиўи күтилмекте. Қарақалпақстанда шөлкемлестириўшилер бизди жүдә жоқары дәрежеде күтип алды ҳәм барлық шараятларды жаратып берди. Буның ушын үлкен миннетдаршылық билдиремиз.
– Еки жылдан берли жас қутқарыўшылар беллесиўине қатнасып келемен, -дейди Әндижан ўәлаяты «Балиқчи» районының 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Гулноза Нормурзаева. – Быйыл командамыз бенен күшли таярлық көргенимиз себепли беллесиў шәртлери қыйыншылық туўдырмады. Базыбир қәте-кемшиликлерди жибердик, бирақ оларды басқа қайталамаўға ҳәрекет еттик.
Беллесиўдиң жуўмағы бойынша, Қарақалпақстан Республикасының командасы биринши орынды қолға киргизди. Екинши орынды Ферғана ўәлаяты ҳәм үшинши орынды Наўайы, Наманган ўәлаятларының командалары ийеледи. Сондай-ақ, 10 нан аслам номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды
Жеңимпаз командаларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.