Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Жәмийетлик хызметлерди көрсетиўде пуқаралық жәмийетиниң белсендилигин арттырыў» темасында семинар болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы консультациялық Кеңес ағзалары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басшылары, билимлендириў, ирригация, суў тәмийнаты тараўының ўәкиллери қатнасты.
Семинардың мақсети – Жәҳән банки ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, Қарақалпақстан Республикасындағы экспертлердиң жумысшы топары тәрепинен, ирригация, суў тәмийнаты, билимлендириў тараўындағы қәнигелер менен биргеликте орынлардағы суўдан пайдаланыў мәселелерин үйрениў болып есапланады.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Консультациялық кеңестиң ағзалары, Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша институттың директоры, юридика илимлериниң кандидаты С.Ходжаева, Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы директоры Д.Қабулова, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң қәнигелигин арттырыў орайының Халықаралық ҳуқық кафедрасы баслығы, юридика илимлериниң докторы Л.Саидова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Жәҳән банки тәрепинен билимлендириў, ирригация ҳәм суў тәмийнаты бойынша жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратылып атырғаны туўралы мағлыўмат берди.
Соң қатнасыўшылар үш топарға бөлинип таярланған сораўнама бойынша өз тараўларындағы машқалалар туўралы мағлыўматлар берип, суў тәмийнатының жағдайы ҳәм оны жақсылаў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Үйренилген мәселелер улыўмаластырылып, келешекте мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилиўи және бул бойынша таярланған жойбарларға Жәҳән банки тәрепинен қаржы ажыратылыўы күтилмекте.
Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.