Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети ҳәм Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен районның бас майданында «15-май – Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Оған республикамыздағы барлық район (қала)лық Ҳаял-қызлар комитетлериниң баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Байрам илажы районда жасайтуғын өнермент ҳаял-қызлар тәрепинен исленген өнерментшилик буйымлары менен кийим-кеншеклердиң көргизбеси, қазақ, түркмен, орыс, корейс, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларынан ибарат шаңарақ ўәкиллериниң миллий тағамларын ҳәм олардың кийимлер көргизбесин тамашалаў менен басланды.

Көргизбе даўамында әскерлер, спортшылар, китапқумар шаңарақлары менен жақыннан танысыў шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм елимизде усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Илажда районда көп жыллардан берли жасап атырған, ең үлгили 26 шаңарақтың ийелерин олардың 50 жыллық алтын тойы менен шын кеўилден қутлықлап, оларға байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Сондай-ақ, түрли миллет ўәкиллеринен ибарат шаңарақларға да байрам саўғалары тапсырылды.

Кеше ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери тәрепинен таярланған сахналық көринислер ҳәм эстрада жулдызларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.