2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң, әсиресе, ҳаял-қызлар менен жумыс алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша жаңа стратегиялық қатнас жасаўды баслап берди.

Ҳәзирги ўақытта республикамызда 600 ден аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумыс ислеп тур. Соның 19 ы ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен жумыс ислемекте.

Хожели районында «Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң тәжирийбеси» темасында Форум өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, оның район (қала)лық комитетлериниң баслықлары, республикамыздағы ҳаяллар ҳәм балалар мәселелери бойынша жумыс алып баратуғын барлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери  қатнасты.

Форумды өткериўден мақсет – Ҳаял-қызлар менен жумыс алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң бирге ислесиўине, жумысларын муўапықластырыўға шараят жаратыў, унамлы тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, сондай-ақ, социаллық хызметлерди муўапықластырыў, ҳаяллар ҳәм балалар мәселелеринде жүзеге келип атырған машқалаларды шешиўде усы шөлкемлердиң ролин арттырыў болып есапланады.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Балалар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ассоциациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Ш.Асанова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул туўралы пикир-усынысларын билдирди ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Атап айтқанда, усы бағдарда жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс бағдарларын белгилеп бериў ҳәм сол тийкарда бирлестириў, үлгили шөлкемлердиң жумыс усыллары интеграциясын жолға қойыў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўда, сондай-ақ, олардың турмысында жүзеге келиўи мүмкин болған социаллық машқалаларды шешиўде, олар арасындағы жынаятшылықтың алдын алыў жумысларын ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын шөлкемлестириўде усы шөлкемлердиң үлесин арттырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Форум арқалы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында бирге ислесиў механизмлериниң жетилисиўи, көп жыллық тәжирийбеге, өзиниң үлгили усылына ийе болған ҳәм жумыс тәжирийбесин үйрете алатуғын жәмийетлик шөлкемлердиң басқалар менен аўызбиршиликли түрде жумыс алып барыўына ерисиў күтилмекте.

  Ә.Жиемуратов,  

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.