Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаятына сапарын  Ғиждувон районындағы Абдуҳолиқ Ғиждувоний естелик комплексинде әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысыўдан баслады.

 Абдуҳолиқ Ғиждувоний 1103-жылы Ғиждувон қаласында туўылған. Ағартыўшы ислам дүньясында белгили суфизм ғайраткери Юсуф Хамадонийдан билим алған. Бухара үлкесинен жетисип шыққан «Жети пир»диң бириншиси болып есапланған. Абдуҳолиқ Ғиждувонийдиң қәбири бүгинги күнде теберик зыярат етиў орнына айландырылған.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа алдынғы сапар етиўи ўақтында Баҳаўаддин Нақшбанд, Абдухолиқ Ғиждувоний, Ориф Ревгарий, Али Ромитаний, Муҳаммад Бобойи Самосий, Маҳмуд Фағнавий, Саййид Амир Кулол естелик комплекслерин өз ишине алған «Жети пир» зыярат етиў орнын заман талаплары дәрежесинде реконструкциялаў ҳәм бул теберик зыярат етиў орынларын байланыстырыўшы жаңа туристлик бағдарды шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди.

Усыған муўапық «Жети пир» зыярат етиў орынларында кең көлемли  қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Абдухолиқ Ғиждувоний комплексинде 1 мың 600 адамлық жаңа мешит ҳәм жазғы әйўан, хазира естелиги және зыярат етиў орны жанында мийманхана қурылмақта, комплекстиң әтирапы абаданластырылмақта.

Абдухолиқ Ғиждувоний мақбарасына зыярат етилип, Қуран оқылды.

25bce75f-622a-f219-0e62-47f85ad68d23.jpg

Президентимиз мақбарада әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумысларын көзден өткерди. Бул жерге имам-хатиблерди тартып, оларға ағартыўшыларымыздың руўхый мийрасын дурыс ҳәм терең үйретиў, халқымызға жеткериў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде «Жети пир» зыярат етиў орынларында алып барылып атырған ҳәм даўам етип атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул зыярат етиў орынларындағы қурылыс жумыслары уллы ағартыўшыларымыздың мийрасын дүньяға үгит-нәсиятлаў ҳәм бул жерге келетуғынлар ушын барлық қолайлықларды жаратыў мақсетинде бирден-бир концепция тийкарында алып барылмақта. Барлық зыярат етиў орынларының әтирапы қоршалып, таҳаратхана, мешит, музей, мийманхана, шайхана, автомобильлердиң тоқтаў орынлары, естелик буйымлары ҳәм китап саўдасы дүканлары қурылмақта, аймақ толық абаданластырылмақта.

Ең әҳмийетлиси, Президентимиздиң идеясы тийкарында «Жети пир» комплекслерин зыярат етиў бир жөнелистен басланады. Яғный ўәлаятқа ҳаўа, темир жол ҳәм автомобиль транспортында келген туристлер зыяратты Хожа Абдухолиқ Ғиждувоний естелик комплексинен баслайды.

Мәмлекетимиз басшысы бул орынларды абат етиў менен бирге «Жети пир» ҳаққында китап жаратыў, олардың илимий мийрасын үгит-нәсиятлаў зәрүрлигин атап өтти.

– Бундай руўхый ғәзийне басқа ҳеш жерде жоқ. Бул ғәзийнени терең үйрениў, адамларға, жасларға аңсат тилде жеткериў керек. Мақсетимиз – жасларымыз өзимиздиң ағартыўшыларымызға ерсин, мийрасын билсин, оларды мақтаныш етсин.

4fdeb099-c8ac-5de9-a29f-b9af19452175.jpg

Елимизде ағартыўшылық исламды раўажландырыў, уллы ағартыўшылардың мақбараларын абат етиўге қаратылып атырған итибар халықаралық көлемде тән алынбақта. Атап айтқанда, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – ISESCO тәрепинен Бухара қаласы 2020-жылда Ислам мәденияты орайы деп жәрияланды.

Президентимиз бул сәнеге жоқары дәрежеде таярлық көриў, оның шеңбериндеги илажларды Абдухолиқ Ғиждувоний туўылған күниниң 915 жыллығы ҳәм Баҳаўаддин Нақшбанд туўылған күниниң 700 жыллығы менен бирге белгилеў, халықаралық илимий конференция өткериў бойынша көрсетпелер берди.

48a2c3df-b8be-5dab-0021-6abc574b3fdd.jpg

a13f9ec2-c00a-6e53-40af-de023530c94c.jpg

Матназар Элмуродов, ӨзА