Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Сыртқы экономикалық хызметти буннан былай да либералластырыў, экспорт етилетуғын жаңа мийўе-овощ өнимлериниң, жүзим, палыз, собықлы егинлердиң, сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелердиң (буннан кейин мийўе-овощ өнимлери деп қолланылады) көлемин көбейтиў ҳәм түрлерин кеңейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, жергиликли мийўе-овощ өнимлериниң жәҳән базарларында бәсекилигин арттырыў мақсетинде:
- “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК, Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендеги усыныслары қабыл етилсин:
а) хожалық жүргизиўши субъектлерге экспорт контрактын (шәртнамасын) дүзбестен төмендеги шәртлерге әмел еткен ҳалда инвойс тийкарында мийўе-овощ өнимлериниң экспортын әмелге асырыў ҳуқықын бериў:
жеткерип бериў суммасы экспорт бажыхана декларациясын рәсмийлестириў күнинде 20 мың АҚШ доллары эквивалентинен аспаўы;
Өзбекистан Республикасының ўәкилликли коммерциялық банклериндеги есапбетлерге Өзбекистан Республикасы резидент емеслеринен шет ел валютасында, соннан банк өткермелери, халықаралық банк карталары арқалы төлемлер, сондай-ақ, коммерциялық банклердиң аўмастырыў шақапшаларында сатып алынған миллий валютадағы нақ пул қәрежетлерин киргизиў түринде 100 процентлик алдыннан төлем алыў;
Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына экспортқа жеткерип бериў ҳаққындағы мағлыўматларын киргизиў;
б) экспорт етилген мийўе-овощ өнимлериниң фактура нырқына оларды сақлаўда, тасыўда ҳәм сатыўда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәбийғый жоғалтыў нормативлери шеңберинде дүзетиўлер киргизиў.
Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм “Өзстандарт” агентлиги менен биргеликте он күн мүддетте экспорт етилген мийўе-овощ өнимлериниң тәбийғый жоғалтыў нормативлери ҳәм олардың фактура нырқына дүзетиўлер киргизиў тәртибин белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2017-жыл 15-ноябрьден баслап:
юридикалық шахслар тәрепинен мийўе-овощ өнимлери кейин ала экспорт етиў ушын физикалық шахслардан сатып алынғанда, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша жеңилликлер физикалық шахслар тәрепинен сатылған өнимлер оларға яки олардың шаңарақ ағзаларына ажыратылған жер участкаларында жетистирилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти усынбастан қолланылыўы;
экспорт етиўшиде алдынғы экспортқа жеткерип бериў бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық бар болған жағдайда, товарларды шығарыў тек мүддети өткен дебитор қарыздарлығы бар болған шет ел қарыйдарына рухсат етилмеўи;
мийўе-овощ өнимлери экспортына жүк бажыхана декларациясын рәсмийлестириў көрик ҳүжжети дүзилгеннен кейин 3 сааттан көп болмаған мүддетте әмелге асырылыўы белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Орайлық банк, Мәмлекетлик салық комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәмде “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК менен биргеликте 2017-жыл 15-ноябрьге шекемги мүддетте усы қарардың 1-бәнти талапларын есапқа алған ҳалда Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасын жетилистирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, Экономика министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Саўда-санаат палатасы, басқа мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте:
Өзбекистан Республикасының мийўе-овощ өнимлери саўдасы ҳәм экспорты тараўындағы халықаралық шартномаларын инвентаризациядан өткериўди;
әмелдеги импорт бажыхана бажыларын, акциз салығын ҳәм жыйымлар ставкаларын, сондай-ақ, мийўе-овощ өнимлерин сақлаў, тасыў ҳәм мийўе-овощ өнимлериниң потенциал импорт етиўши сырт еллерде сатыўда санитариялық норма ҳәм қағыйдаларын сын көзқарастан үйрениўди тәмийинлесин.
- Сыртқы саўда министрлиги инвентаризация ҳәм сын көзқарастан үйрениў жуўмақлары бойынша 2017-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте:
Өзбекистан Республикасының мийўе-овощ өнимлериниң саўдасы ҳәм экспорты тараўында жана халықаралық шәртнамалар дүзиў ҳәмде әмелдегилерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды;
әмелдеги нормативлик ҳүжжетлер, санитариялық норма ҳәм қағыйдаларын, фитосанитария талапларын халықаралық стандартлар, сондай-ақ, жергиликли мийўе-овощ өнимлериниң потенциал импорт етиўши сырт еллердиң талапларын есапқа алған ҳалда қайта көрип шығыў бойынша илажлар бағдарламасы жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- “Өзстандарт” агентлиги:
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, басқа да мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте жигирма күн мүддетте республикада халықаралық стандартларды, соннан “ISO 22000”, “Ҳалол” стандартларын енгизиў ҳәм кейин ала қолланыў бойынша илажлар бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекистан Республикасында берилген сәйкеслик сертификатларын жергиликли мийўе-овощ өнимлерин тийкарғы тутыныўшы мәмлекетлерде, соның ишинде еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме келисимлерди дүзиў, сондай-ақ, лабораторияларды модернизациялаў арқалы тән алыныўын тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте экспорт етиўши тәрепинен зәрүр ҳүжжетлер усынылған ўақыттан көби менен бир жумыс күни даўамында мийўе-овощ ҳәмде тез бузылатуғын өнимлердиң экспорты ушын сертификатлар бериўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК:
мийўе-овощ өнимлерин экспортқа жеткерип бериўдиң тийкарғы номенклатурасы бойынша сыртқы базарлардың ағымдағы ҳәм перспективалы конъюнктураларын турақлы тийкарда терең үйрениўди;
мийўе-овощ өнимлери экспортының жаңа перспективалы бағдарларын анықлаў және түри ҳәм сортына байланыслы жағдайда жергиликли мийўе-овощ өнимлерине болған талапты анықлаў есабынан олардың номенклатурасын кеңейтиўди тәмийинлесин.
- “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте ҳақыйқый талап ҳәм мийўе-овощ өнимлерин тасыў бағдарларын терең үйрениў тийкарында Мийўе-овощ өнимлерин ислеў, сақлаў және тасыў бойынша логистика орайларын шөлкемлестириў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
Бунда, жойбарлардың анық дизими белгиленсин, орайларды оптимал ҳәм рационал жайластырыў, оларды шөлкемлестириў мүддетлери, халықаралық ҳәм сырт ел қаржы институтларының қәрежетлери менен бирге шет ел инвестицияларын тартыўға айрықша итибар қаратылсын.
- Бажыхананың тәртип-қағыйдаларын ҳәм экспорт-импорт операцияларын жетилистириў бойынша жумысшы топар (буннан кейин жумысшы топар деп қолланылады) қосымшаға муўапық шөлкемлестирилсин.
Жумысшы топар 2018-жыл 1-февральға шекем мүддетте бажыхананың тәртип-қағыйдалары ҳәм экспорт-импорт операцияларын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерин халықаралық әмелиятты есапқа алған ҳалда жетилистириў бойынша усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Коммерциялық банклерге мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм таярлаў шөлкемлериниң депозит есапбетлеринен олардың буйыртпалары бойынша мийўе-овощ өнимлерин сатып алыў ушын нақ пул қәрежетлерин бериўди тәмийинлеў усыныс етилсин.
- “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК импорт ҳәм экспорт етиўшилер ушын, соннан жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлер, олардың сорты ҳәм баҳалары, сондай-ақ, шет ел қарыйдарлары тәрепинен мийўе-овощ өнимлерин сатып алыўға болған талаплар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир мәлимлеме порталын жүргизиўди тәмийинлесин.
- “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте он күн мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.С.Отажонов еки күн мүддетте усы қарар талапларының орынланыўы барысы үстинен тәсиршең қадағалаў, мийўе-овощ өнимлери экспортының тастыйықланған параметрлерине ерисиўди системалы мониторинг етиў және анықланған машқалалы мәселелерди жеделлик пенен шешиўди тәмийинлеў бойынша тийисли министрлик ҳәм ведомстволардың басшылары менен қәнигелеринен ибарат арнаўлы топар дүзсин, зәрүр жағдайларда Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен қарар қабыл етиў ушын тийкарлы усынысларды киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қучқоров, Н.С.Отажонов ҳәм З.Т.Мирзаев, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки баслығы М.Б.Нурмуратов, “Өзбеказықаўқатхолдинг” ХК баслығы Т.А.Жалиловларға жүкленсин.
Өзбекистан Республикаси Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 6-ноябрь
* * *
Өзбекистан Республикасы Президентиниң
“Мийўе-овощ өнимлерин, жүзим, палыз, собықлы егинлерди,
сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелерди жергиликли экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына
ТҮСИНИК
Мәмлекеттиң экспорт потенциалын кеңейтиў, жаңа базарларды өзлестириў ҳәм бюджетке қаржылай түсимлерди асырыў көбинесе мийўе-овощ өнимлерин, жүзим, палыз, собықлы егинлерди, сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелерди (кейинги орынларда мийўе-овощ өнимлери деп қолланылады) жергиликли экспорт етиўшилер ушын қолай шараятлар жаратылғанлығына байланыслы болады.
Заманагөй базар механизмлерин енгизиў ҳәм бир қатар товарларды экспорт етиў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанлығына қарамастан, мийўе-овощ өнимлериниң экспорты көлемин көбейтиў ҳәм түрлерин кеңейтиўге тосқынлық етиўши кемшиликлер сақланып қалмақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң “Мийўе-овощ өнимлерин, жүзим, палыз, собықлы егинлерди, сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелерди жергиликли экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен хожалық жүргизиўши субъектлердиң мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў тәртип-қағыйдаларын еле де әпиўайыластырыў, физикалық шахслар тәрепинен олардың ислеп шығарылыўын қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылды.
Атап айтқанда, бүгинги күнде экспортқа бағдарланып атырған мийўе-овощ өнимлериниң 90 проценттен асламы киши ислеп шығарыўшылар тәрепинен жәрдемши хожалықларда, соннан үй қапталы жер участкаларында жетистирилмекте. Бул ислеп шығарыўшылар шет ел қарыйдарлары менен шәртнамалар дүзиў ҳәм рухсат бериўши тәртип-қағыйдалардан өтиўи кереклиги себепли өнимлерин еркин түрде экспорт етиў имканиятына ийе емес.
Соны инабатқа алған ҳалда, Мәмлекет басшысының қарары менен исбилерменлик субъектлерине экспорт контрактын дүзбей-ақ олардың төлеми ҳәм жеткерип берилиўи бойынша шәртлерге әмел еткен ҳалда инвойс тийкарында мийўе-овощ өнимлериниң экспортын әмелге асырыў ҳуқықы берилди, бул халықаралық әмелиятқа сәйкес есапланады.
Қарар менен бажыхана органлары тәрепинен экспорт етилип атырған мийўе-овощ өнимлериниң тәбийғый жоғалтыў нормативин есапқа алыў тәртиби болмаўы менен байланыслы басқа да машқалалы мәселе өз шешимин тапты. Есапқа алынбаған тәбийғый жоғалтыў тийкарсыз дебитор қарыздарлықтың жүзеге келиўине, тийислисинше, келип түспеген валюта қәрежетлериниң 70 процентине шекем муғдарда жәрийма қолланылыўына алып келген.
Буннан келип шыға отырып, қысқа мүддетте экспорт етилген мийўе-овощ өнимлерин сақлаў, тасыў ҳәм сатыўда тәбийғый жоғалтыў нормативлери, сондай-ақ, олардың фактура нырқына дүзетиўлер киргизиў тәртибин белгилеў тапсырылды.
Кейин ала экспорт етиў ушын пуқаралардан мийўе-овощ өнимлерин сатып алыў менен шуғылланатуғын юридикалық шахслардың искерлигин әмелге асырыў ушын қосымша қолай шараятлар нәзерде тутылды.
Атап айтқанда, физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша жеңилликлер келешекте физикалық шахслар тәрепинен өнимлердиң жетистирилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетти усынбастан қолланылыўы белгиленбекте. Егер экспорт етиўшиде алдын әмелге асырылған экспортқа жеткерип бериў бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық бар болса, тек мүддети өткен дебитор қарыздарлыққа жол қойған шет ел қарыйдарына товарларды шығарыў рухсат етилмейди.
Соның менен бир қатарда, қарар менен мийўе-овощ өнимлери экспортына бажыхана жүк декларациясын рәсмийлестириў көрик ҳүжжети дүзилгеннен кейин 3 сааттан көп болмаған мүддетте әмелге асырылатуғын тәртип енгизилди.
Мийўе-овощ ҳәм тез бузылатуғын өнимлердиң экспорты ушын зәрүр болған сертификат бериў мүддети экспорт етиўши тәрепинен ҳүжжетлер усынылған ўақыттан баслап бир жумыс күнине шекем қысқартылды.
Әмелдеги импорт бажыхана бажыларын, акциз салығын ҳәм жыйымлар ставкаларын, сондай-ақ, шет еллердеги санитариялық нормаларды сын көзқарастан үйрениў мақсетинде Өзбекистан Республикасы мийўе-овощ өнимлериниң саўдасы ҳәм экспорты тараўындағы халықаралық шәртнамалары инвентаризациядан өткерилди. Оның жуўмақлары бойынша жана халықаралық шәртнамалар дүзиў ҳәм әмелдегилерин қайта көрип шығыў бойынша усыныслар таярланады.
Сондай-ақ, Мәмлекет басшысы тәрепинен Өзбекистан Республикасында берилген сәйкеслик сертификатларының жергиликли мийўе-овощ өнимлерин тийкарғы тутыныўшы мәмлекетлерде тән алыныўы, сондай-ақ, лабораториялардың модернизацияланыўын тәмийинлеў илажларын көриў тапсырылған. Бул тапсырманың әмелге асырылыўы жергиликли жеткерип бериўшилер сырт ел базарларында олардың өнимлери мийўе-овощ өнимлерин потенциал импорт етиўши көплеген еллердиң стандартлары, санитария ҳәм фитосанитария талапларына сәйкес келмеўи менен байланыслы кемшиликлерди сапластырыў мүмкиншилигин береди.
Қарарда мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў тараўында инфраструктураларды жаратыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Усы мақсетте ҳақыйқый талап ҳәм халықаралық және шет ел қаржы институтларының сырт ел инвестициялары есабына мийўе-овощ өнимлерин тасыў бағдарларын үйрениў тийкарында мийўе-овощ өнимлерин ислеў, сақлаў ҳәм тасыў бойынша логистика орайлары шөлкемлестириледи.
Ҳәзирги ўақытта жергиликли ислеп шығарыўшылар жетистирген өнимлери, олардың сорты ҳәм баҳалары, сондай-ақ, шет ел қарыйдарлары тәрепинен оларды сатып алыў ушын буйыртпалары ҳаққындағы пайдаланылып атырған пытыраңқы мәлимлеме базалары импорт ҳәм экспорт етиўшилер ушын бирден-бир порталға бирлестириледи.
Мийўе-овощ өнимлериниң экспортын раўажландырыў бойынша атап өтилген илажлар менен бирге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында жумысшы топар дүзилди ҳәм оған 2018-жыл 1-февральға шекем миллий бажыхана тәртип-қағыйдалары ҳәм экспорт-импорт операцияларын халықаралық әмелиятты есапқа ала отырып жетилистириў бойынша қосымша усыныслар таярлаў ҳәм Ҳүкиметке киргизиў ўазыйпасы жүкленди.
Усы қарар сыртқы экономикалық хызметти буннан да либералластырыў ҳәм мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўши жергиликли ислеп шығарыўшылардың жумыс шараятларын жақсылаў мүмкиншилигин береди.