Өзбекстан Миллий университети студентлери Арал бойы аймағындабағ жаратыўды мақсет етти. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Жаслар аўқамы белсендилери, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып атырған қыз-жигитлер менен биргеликте басланған жойбар «Арал ҳәм жаслар» ураны астында өткерилип, жойбар шеңберинде «Белсенди студент-жаслардың оқыў-илимий экспедициясы» шөлкемлестирилди.

Усы экспедиция ағзалары Ташкенттеги Қубла темир жол вокзалынан республикамызға келмекте. Бул экспедициядан гөзленген тийкарғы мақсет болажақ эколог, топырақтаныўшы ҳәм биологлар қатнасыўында Мойнақ районындағы «Бозатаў» АПЖ Шағырлы аўылы аймағындағы 2 гектарлық жерде Өзбекстан Миллий университетиниң оқыў-илимий майданшасын шөлкемлестириўден ибарат.

Бул болса усы аймақта илимий изертлеў жумысларын алып барыў, Арал бойы топырағы, өсимликлери, суўы, оның қурамы, өзгешеликлерин пуқта үйрениўге тийкар жаратады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги