Ҳуқықтаныўшы ҳәм блогер Хушнудбек Худайбердиев өз каналында «Өзбекстан» телеканалының «Муносабат» ток-шоусында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги бөлим баслығы Улуғбек Маҳмудов қабыллаў процесине байланыслы төмендеги мағлыўматларды билдирип өткени ҳаққында жазды:

 

– қабыллаў процеси ўақтында мәмлекетлик хызметлер орайлары 3 сменада, дем алысларсыз, күни-түни 24 саат жумыс ислейди ҳәм абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етеди;

 

– мәмлекетлик хызметлер орайларында төмендегилер ушын ҳүжжетлер қабыл етилмейди: магистратура, сыртқы бөлим, жеке меншик жоқары оқыў орынлары және әскерий билимлендириў мәкемелери. Басқа жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер қабыл етиледи;

 

– ҳүжжет тапсырыў ушын тек ғана паспорт және диплом (аттестат) болыўы керек. Быйылғы жылдан баслап медициналық мағлыўматнама (086-форма) және 3х4 см өлшемдеги фотосүўретти тапсырыў шәрт емес;

 

– быйылғы жылдан баслап абитуриентлер паспорты ҳәм дипломының түп нусқасын көрсетеди, дизимге алып болғаннан соң, ҳүжжетлерин өзи менен бирге алып кетеди. Алдынғы жылларға уқсап ҳүжжетлериниң түп нусқасын қалдырып, оқыўға кире алмағаннан соң, архивлерден ҳүжжетин қайтып алыў ушын әўере болмайды;

 

– ҳүжжетлерди қабыллаў 2 басқышта әмелге асырылады:

1-басқыш: алдынғы жылларда «оқыўдан жығылған» абитуриентлердиң ҳүжжетлери 1-майдан 20-июньға шекем қабыл етиледи;

2-басқыш: тест жылында оқыўды питкерген питкериўшилерден болса 21-июньнан 10-июльға шекем ҳүжжетлер қабыл етиледи;

 

– нәўбетте турыўды қәлемеген абитуриентлер ҳүжжетлерин онлайн тәризде Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы да ҳүжжет тапсырыўы мүмкин болады. Тек ғана төмендеги категорияға киретуғын абитуриентлер онлайн тәризде ҳүжжет тапсыра алмайды:

–  айырықша жеңилликке ийе болған абитуриентлер (яғный ҳәр қыйлы сыйлық ийелери, олимпиада жеңимпазлары ҳәм т.б.);

– пуқаралық паспорты болмаған адамлар (мәселен, 16 жасқа толмағанлар);

– пуқаралығы болмаған адамлар.

 

– мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы ҳүжжет қабыллаў қәрежетлерин қаплаў ушын абитуриентлерден ең кем мийнет ҳақының 10% и муғдарында төлем өндириледи (ҳәзирги ўақытта бул 20 мың 273 сумды қурайды). Бул төлем ҳәммеден алынады ҳәм бул төлемди алдынғы оқыў жылында питкергенлерден алыў усыныс етилип атырған ең кем мийнет ҳақының 1 есеси муғдарындағы төлем менен алжастырып алмаў керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.